Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.46K subscribers
40.5K photos
4.97K videos
32 files
17.7K links
Download Telegram
#Зүрәәт_байрамы_2023

Бүгин, Нөкис қаласы аймағындағы Ат шабар майданында Аўыл хожалығы хызметкерлери күни мүнәсибети менен болып өткен «Зүрәәт байрамы»нда шөлкемлестирилген аўыл хожалығы өнимлери көргизбе-ярмаркасы, руўхый-ағартыўшылық илажлары ҳәм миллий спорт түрлери бойынша өткерилген жарысларда Тахтакөпир районы атынан жерлеслеримиз мүнәсип қатнасты.

Сондай ақ, байрам илажы даўамында спорттың миллий гүрес түри бойынша өткерилген жарыста районлық Спорт мектеби тренери Айбек Аманшаев 81 килограмм салмақта 3-орынды, арқан тартыс спорт түри бойынша болса, Тахтакөпир районы спортшылары барлық қарсыласларынан үстин келип 1-орынды жеңип алыўға мияссар болды.

Усы мүнәсибет пенен жерлеслеримизди Тахтакөпир районы ҳәкимлиги ҳәм халқы атынан шын қәлбимизден кутлықлаймыз!

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
👍1