Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.5K subscribers
36.3K photos
4.41K videos
29 files
16.2K links
Download Telegram
🏠#Yйде_қалың

Ҳүрметли пуқаралар!

"Тахтакөпир" поселкалық, "Айдын жол", "Дәўир" мәкан пуқаралар жыйыны аймақларында бүгин 24-июнь күни саат 13:00 ден 14:00 ге шекем "Тахта" фидеринде киши оңлаў жумыслары жүргизилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылады.
Бул насазлықлар ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз.

Районлық электр тәмийинлеў кәрханасы

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
❗️Неге коронавирус жуқтырған 350 адам өзиниң наўқас екенин сезбеген?

АҚШлы белгили доктор Меҳмет Ўз коронавирусты жүдә түсиникли етип тәрийпледи:

"Бул вирустан қутылыў жоқ, жолдаслар. Оған ҳәр биримиз ҳәр қыйлы шалынамыз. Ҳәттеки көпшилик шалынып та үлгерген, бирақ өзи билмейди. Саўалып та болған. Организми вирус пенен жасаўға әллеқашан көниккен яки вирус ол денеде жасай алмай, басқа денеге өтип кеткен. Бул темада ең жақсы мысал "Даймонд Принцесс" кемеси. Ондағы 3700 жолаўшыдан 700 инде вирус анықланған. Бирақ, солардан 350 адамы кеселлигин сезбеген де. Жасы кекселигине қарамай жатаққа жатпай жасамақта.

❗️Неге бундай? Себеби усы 350 адамның иммунитети жүдә күшли. Яғный, бул кеселликте ең әҳмийетли тәреп — бул иммунитет. Арамызда иммун системасы күшли болғанлар, спорт пенен шуғылланғанлар, дурыс аўқатланғанлар, шекпейтуғынлар бул кеселликти улыўма сезбейди. Бәлким жеңил шамаллаў сыяқлы өткерип жасайбереди.

❗️Вируслар жүдә тез мутацияға кириседи. Ўақыт өткен сайын вирус мутация нәтийжесинде жуққан адамды набыт етпейтуғын ҳалға келеди. Демек, бул вирусқа қаншама кеш дус келсек, оның зыяны сонша кем болады.

Соның ушын, имканы болғанша үйден шықпай, гигиенаға әмел етип, дурыс аўқатланыў, шынығыўлар ислеў ҳәм карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиў керек! Соны орынлағанлар, исене бериң, ҳәммеден көп жасайды!

〰️〰️〰️〰️

📌 ЖУЎМАҚ:

▪️Карантинге талапларын орынлаң. Вирусты қанша кеш ушыратсаңыз, сонша әўметлисиз.
▪️Гигиена. Тазалыққа қатаң әмел етиң.
▪️Мийўе ҳәм палыз өнимлеринен жең.
▪️Иммунитетти көтериўши сарымсақ, қатық, йогурт сыяқлы өнимлерди көбирек жең.
▪️Иммунитетти беккемлеўши витамин ҳәм қосымша затлар қабыл етиң.
▪️Ҳәрекетшең болың ҳәм үйде спорт пенен шуғылланың.
▪️Шекпең!
▪️Суўды көбирек ишиң.

Дерек:👇
@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Жеңис парадында қатнасқан Өзбекстан әскерлери

@newsxabarlar
Елимизде майыплығы болған инсанлар ушын ғамхорлықлар жолға қойылған. Өзбекстан аўыл пуқаралар жыйыны турғыны 1967-жылы туўылған Ҳәмирегүл Беканова балалығынан майып болып, оның арбашасы бираз тозған еди. Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен районлық "Халық" жәмәәтлик мешитине жеткерилген майыплар арбашасын мешиттиң имам катиби Б.Надиров, районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары А.Аллияровалар Ҳәмирегүлдиң шаңарағына алып барды. Шаңарақ ағзалары өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
🏠#Yйде_қалың

⚡️ (+92) ~ 2020-жыл 24-июнь саат 17:00 ўақтына Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алынғанлар саны 6847ни (бүгин +185) қурамақта

@Rasmiy_xabarlar_Official

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Бүгин "Дәўир" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебинде " От жара кеселлигиниң тәбийий ошақларының келип шығыўы ҳәм тарқалыўының алдын алыўда айрықша жағдайларда ҳәрекет ететуғын мәмлекетлик дизимлер хызметлериниң биргеликтеги ҳәрекетлери" атамасында көргизбели арнаўлы тактикалық оқыў -шынығыўы өткерилди.
Оқыў - шынығыў жумысына Айрықша жағдайлар басқармасы, район ҳәкимлиги, районлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы, ишки ислер бөлими, ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлиминиң қәнигелери қатнасты

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети