🏠#Yйде_қалың
QR: 2020-жыл 19-май саат 23:00 ўақытына Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алынғанлар саны 2855 ти қурамақта, бүгин (+64).
@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#каратинбезпаники
каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Сардар Рахимхан зәкат берди, бир жайға жетеди, 40 000 доллар шамасы
Аллаҳ дәргайында қабыл етсин!🤲
толық оқыў👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAFLFhcM5cmyy

Бүгин кеселлиги тастыйықланған 64 адамнан 57 пуқара шет елден келген, 6 пуқара Самарқанд ўәлаятында ҳәм 1 адам болса пайтахтымызда алдын карантинге алынған пуқаралар арасынан анықланды. Ҳәзир даўаланып атырған наўқаслар саны көплиги бойынша Самарқанд ўәлаяты (105 наўқас пенен) жетекши орынларда турыпты. Әйне пайытта мәмлекетимизде улыўма даўаланыў көрсеткиши 82 процентти қурамақта
@ssvmatbuotkotibi
каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
@ssvmatbuotkotibi
каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Халық билимлендириў министри Шерзод Шерматов усы жылда мектеплерде жуўмақлаўшы имтиханлар өткерилмейтуғынын мәлим етти. Мектеплерге оқыў жылы даўамындағы өзлестириўге қарап жуўмақлаўшы баҳаларды қойыў усыныс етилди.
https://www.gazeta.uz/uz/2020/05/19/schools/?utm_source=push&utm_medium=telegram
каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
https://www.gazeta.uz/uz/2020/05/19/schools/?utm_source=push&utm_medium=telegram
каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
🏠#Yйде_қалың
Ҳүрметли пуқаралар!
"Абат орай" бағдарламасы тийкарында райондағы «Тахтакөпир» посёлкалық ҳәм «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларында бүгин 20-май күни саат 9:00 ден 18:00 ге шекем «Дәнхана» фидеринде оңлаў жумыслары жүргизилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылады.
Бул насазлықлар ушын пуқаралардан кеширим сораймыз.
Районлық электр тәмийинлеў кәрханасы

Тахтакөпир районында «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 2020-жыл 20-май күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекем 102-санлы трансформатор пунктинде ири оңлаў жумыслары жургизилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Ҳүрметли район турғынлары!
“Абат орай” бағдарламасы тийкарында район орайындағы газ тармақларында оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы район аймағындағы барлық пуқаралар жыйынларында бүгин 20-май күни саат 10:00 ден түски саат 12:00 ге шекемги аралықта газ жеткерип бериўде үзилис болатуғынын билдиремиз.
Бул ўақытша үзилис ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз.
Тахтакөпир газ тәмийнаты филиалы
каналымызға қосылың!👇
https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati

🗓 20-май — Дүньяжүзилик пал ҳәррешилик күни.
🐝 Бул сәне 2017-жыл декабрьде
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының қарары менен шөлкемлестирилген.

⚡️⚡️ 2020-жыл 20-май саат 10:00 ўақтына, Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алыныўы 2880 болды, бүгин (+25) .
Соңғы есаптағылардан 20 наўқас шет елден келген пуқаралар арасынан анықланды. Олардың 5 адамы чартер рейс пенен Санкт-Петербургтан келген, 10 адам Қазақстаннан келген ҳәм карантинге жайластырылған, 3 адам халықаралық жүк тасыўшы автомашина айдаўшысы, 2 адам қазақстанлы халықаралық жүк тасыўшы автомашина айдаўшысы болып есапланады. Қалған 5 адам алдыннан карантинге алынған пуқаралардан.
Әйне пайытта мәмлекетимиз аймағындағы арнаўлы медицина мекемелеринде 529 наўқас даўаланбақда, олардан 6 наўқастың аўҳалы аўыр.
@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

Сыртқы ислер министрлиги Оператив штабы хабары
Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына тийкарланып Россия ҳәм Қазақстанның жуўапкершиликли шөлкемлери менен Россия-Қазақстан мәмлекетлераралық шегарасында топланған Өзбекстан пуқараларын Ўатанға алып келиў мәселеси ислеп шығылды.
Мәмлекетимиздиң Москва ҳәм Нур-Султан қалаларындағы Елшиханалары, Қазан ҳәм Ақтаў қалаларындағы Бас консулханалары тәрепинен «Маштаково» қадағалаў-өткериў пунктине жақын жерде болып атырған ўатанласла- рымыздың дизими дүзилди және шөлкемлестириў ҳәм транспорт мәселелери шешилди.
Ўатанымызға усы дизимге киргизилген жәми 1100 жерлесимиз алып келинеди. 2020-жыл 18-май ҳәм 19-май күнлери 550 ўатанласымыз автобусларда Өзбекистанға қарап жолға шығыўы режелестирилген. Олар жетип келиўи менен 14 күнлик карантинге жайластырылады.
Ўатанласларымызды Россия-Қазақстан шегарасы арқалы Өзбекстанға алып келиў бурынғыдан басқаша ҳәм дипломатик ўәкилханаларымыз тәрепинен әўелден алынған дизимлер тийкарында әмелге асырылмақта. Қосымша дизим дүзиў көзде тутылмаған.
Пуқараларымызды Қазақстан аймағы арқалы Өзбекстанға алып келиўдиң қайта басланыўы бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.
@axborot_xizmatlariAOKA

КОРОНАВИРУСҚА ШАЛЫНFАН 12 НАЎҚАС ЕМЛЕНБЕКТЕ
Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 20-май күнги мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстан Республикасында бүгинги күнге келип коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 124 ке жетти. Соннан 112 наўқас кеселликтен толық емленип реабилитацияға шығарылды, ҳәзир 12 наўқас емленбекте.
Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.
Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында 14 мың 814 пуқара
14 күнлик медициналық бақлаўға алынған еди. Олардан 14 мың 559 пуқара кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келмегенлиги, кеселлик анықланбағанлығы себепли 14 күнлик медициналық бақлаў астынан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 255 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте, соннан 29 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 226 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.
Карантин дәўиринде республикамызда усы күнге шекем 5629 пуқараға карантин талапларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик шара көрилип, 2 пуқараға жынайый ис қозғалған.
Усы күнге шекем 12 мың 864 пуқара коронавирусқа тексерилип, соннан 124 пуқарада коронавирус инфекциясы тастыйықланды. Кеселликке гуманлы наўқас анықланған жағдайда қыстаўлы үйрениў, шеклеў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары даўам етпекте.
Егер Сиз ден саўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда болған болса ўақытты өткерместен, тезлик пенен тез жәрдем 103 телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.

"Бәле бақырып келмейди" деген сөз бар. Пүткил дүньяны жаўлап алған вируста көринис те, даўыс та жоқ. Оны жеңиўдиң бирден-бир жолы өзиңди-өзиң изоляциялаў, гигиеналық тазалыққа итибарды күшейтиў, адамлар менен социаллық ара қашықлықты сақлаў. Буларға әмел етпедиңбе, жеңис вирустики, жеңилис инсандики. Солай екен, бизге де жетип келген көринбес жаўды қағыйдаларға бойсынған ҳалда жеңип шығайық!
Халқымыздың саламатлығы жолында жан күйдирип мийнет етип атырған районлық санитария-эпиде- миологиялық тынышлық орайы менен районлық айрықша жағдайлар басқармасы қанигелерине рахметлер айтамыз.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Нәўбеттеги хош хабар!!! Коронавирусқа шалынған 6 наўқас саўалды
Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслардан нәўбеттеги 6 пуқара пүткиллей саўалды. Соңғы тексериўлер усы наўқасларда инфекция жоқ екенлигин көрсетти. Олар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери қатнасында реабилитация орайына шығарып салынды. Бул ҳаққында ҚР ДСМ хабар берди.
Усының менен, республикамызда бүгинги тәўир болған 6 наўқас пенен улыўма саўалғанлар саны 118 адамды қурамақта.
Саўалған наўқаслар жуқпалы кеселликлер емлеўханасында шыпакерлер тәрепинен Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң, сондай-ақ коронавирусқа қарсы гүресте нәтийжели табысларға ерискен мәмлекетлер қәнигелериниң усыныслары тийкарында алып барылған емлеў усыллары себепли кеселликтен толық емленди.
Бундай нәтийжелер тийкарында елимизде коронавирус инфекциясына қарсы гүресте пидайылық пенен мийнет етип атырған медицина қәнигелериниң хызмети үлкен.

Товардағы кемшиликлерди бийпул сапластырыў тәртиплери ҳаққында
«Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы нызамының
15-статьясында товардағы кемшиликлерди бийпул сапластырыў тәртиплери бойынша нормалар белгилеп берилген. Оған көре:
Товарда кепиллик мүддетинде табылған кемшиликлерди сатыўшы тутыныўшы тийисли талап қойған пайтдан баслап жигирма күн ишинде, ислеп шығарыўшы болса, он күн ишинде бийпул сапластырыўы лазым.
Тутыныўшы кепиллик мүддети жуўмақланғаннан кейин товардың кемшиликлерин бийпул сапластырыў туўрысында ислеп шығарыўшыға талап қойыўға ҳақлы. Бундай талап, егер товарда ислеп шығарыўшының айыбы менен жол қойылған айтарлықтай кемшиликлер анықланған болса, белгиленген хызмет мүддети даўамында, егер хызмет мүддети белгиленбеген болса, он жыл даўамында қойылыўы мүмкин.
Узақ мүддет даўамында пайдаланылатуғын товарды оңлаўға кететуғын ўақытта пайдаланып турыў ушын тутыныўшының талабына көре кемшиликли товар қайтарып берилгенинен кейин үш күн ишинде оған әне сондай маркалы (моделли, артикулли) товар берип турылады (сатыўшының есабынан оның өзи яки ўәкили жеткерип береди). Буның ушын ислеп шығарыўшы сатыўшы менен биргеликте шәртнама тийкарында товарлардың алмасыў фондын нәзерде тутыўлары шәрт. Усы талаплар енгизилмейтуғын узақ мүддет даўамында пайдаланылатуғын товарлар дизимин Өзбекстан Республикасының Ҳүкимети белгилейди.
Товардағы кемшиликлерди сапластырыў характерине талап қойылған тәғдирде, одан пайдаланыўдың кепиллик мүддети тутыныўшының товардан пайдалана алмаған дәўирге тең мүддетке создырылады. Усы мүддет тутыныўшы кемшиликлерди сапластырыў талабы менен мүрәжат еткен күннен баслап есаплана баслайды.
Сатыўшы (ислеп шығарыўшы) тутыныўшының оңлаўға кететуғын ўақытта пайдаланыў ушын сондай товарды берип турыў ҳаққындағы талабын орынлаўы кешиктирилген ҳәр бир күн ушын, сондай-ақ, кемшиликлерди сапластырыўдың шәртнамадан келип шығатуғын мүддетлеринен артық кешиктирилген ҳәр бир күн ушын товар бахасының бир пайызы муғдарында тутыныўшыға неустойка (пеня) төлейди.
Р.Курбанов
Тахтакөпир районы әдиллик бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси

TAXTAKӨPIR_HA'KIMIYATI_BOT: #Сораўға_жуўап_береди
Пуқараның сораўы:👇
Мен Қалижанов Азамат Рахымжанович Тахтакөпір АПЖ турғыныман. тел: +998933682520 Мен өткен жылы Қазақстан Республикасының Нөкистеги филиалына оқыўға тапсырып едим. Соннан я оқыў жоқ, я ҳүжжетлерим жоқ. Бул жылы оқыўға тапсырыўым керек. Нөкистеги автомобиль колледжинде оқыдым. Енди колледжден алған дипломым жоқ. Колледжден қайта алайын десем колледжлер жабық, Нөкиске бара алмайман. Не ислеўим керек?
Сораўға жуўап👇
Тахтакөпир районы. Тахтакөпир АПЖ турғыны Қалижанов Азамат Рахымжановичке
Сиз Тахтакөпир районы ҳәкимлиги "Бот"ына жоллаған мүрәжатиңизде Нөкис автомобиль жол ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжин питкерип алған дипломыңыздың жоқлығын айтып, оның орнына дубликат диплом алыў тәртибин сораған екенсиз.
Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў басқармасы Сизиң мүрәжетиңизди үйренип шығып төмендегилерди мәлим етеди:
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў орайының 2008-жыл 7-июльдағы 87-санлы буйрығының 1-қосымшасы менен тастыйықланған «Академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлерин питкергенлик ҳаққындағы диплом үлгилерин таярлаў, есапқа алыў, сақлаў, тапсырыў бойынша көрсетпе»синиң 5.2-бәнтинде «Дубликат бериўде төмендеги тәртипке әмел етиледи;
Егер диплом жойтылса,
дипломды жойтқан шахс оған диплом берген академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлери директорына жойтылыў ҳалаты толық баян етилген жазба арза береди, арзаға дипломның жойтылғанлығы ҳаққында бир ай алдын газетада басылып шыққан дағаза (дағазада жойтылған дипломның берилген жылы, сериясы ҳәм тәртип саны көрсетилиўи шәрт), табылмалар столынан мағлыўматнама ҳәм де шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет нусқасы қосымша етиледи. Арзада жойтылған дипломның берилген жылы, сериясы ҳәм саны көрсетилиўи шәрт» деп көрсетилген.
Сизге, дубликат диплом алыўыңыз ушын жоқарыда көрсетпеде белгиленген тәртиптеги ҳүжжетлер нусқасын қосымша еткен ҳалда Нөкис автомобиль жол ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжиниң директорының атына жазба турде арза бериўиңиз кереклигин билдиремиз.
Ҳәзирги күнде Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына кери тәсирин жумсартыў бойынша биринши нәўбеттеги ис-иләжлар ҳаққында”ғы 2020-жыл 19-мартдағы ПФ-5969-санлы Пәрманы, Министрлер Кабинетиниң “Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы 2020-жыл 23-мартдағы 176-санлы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша ис-иләжлар дәстүрин таярлаў бойынша республика арнаўлы комиссиясы жыйналысының 2020-жыл 27-мартдағы 11-санлы баяннамасында белгиленген тапсырмаларды басшылыққа алған ҳалда аралықтан жумыс ислеў жолға қойылғанлығы себепли Сизге Нөкис автомобиль жол ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи ҳәкимшилигине муражет етиўиңиз ушын колледждиң диплом бойынша жуўапкер хызметкериниң ҳәм телеграмм жалғанған телефон номерин усынамыз.
Нөкис автомобиль жол ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжиниң диплом бойынша жуўапкер хызметкери Оспанов Каримбай, телеграмм жалғанған телефон номери 90.651-18-01
Басқарма баслығы: Қ.Канглыбеков

Жаңа редакциядағы «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамдағы ең әҳмийетли өзгерислер қандай?
https://kknews.uz/kk/58384.html
https://kknews.uz/kk/58384.html
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🏠#Yйде_қалың
3-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияшысы Набат Ахымбетова карантин дәўиринде онлайн сабақ өтиў менен бирге балалары менен үйде ўақытын мазмунлы өткерип атыр.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
каналымызға қосылың!👇
https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
3-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияшысы Набат Ахымбетова карантин дәўиринде онлайн сабақ өтиў менен бирге балалары менен үйде ўақытын мазмунлы өткерип атыр.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
каналымызға қосылың!👇
https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
⚡️⚡️ 2020-жыл 20-май саат 16:30 ўақтына, Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алыныўы 2927 болды (+47) .
Соңғы есаптағылардан 28 наўқас алдыннан карантинге алынған пуқаралар, 19 адам шет елден (15 Қазаннан, 4 Санкт-Петербургтен чартер рейслер арқалы) келген ҳәм карантинге алынған пуқаралардан анықланды.
✅ Бүгинге шекем 2366 пуқара коронавирус инфекциясынан пүткиллей саўалды