Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.43K subscribers
36.7K photos
4.45K videos
29 files
16.4K links
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
ХОШ ХАБАР: БҮГИН КОРОНАВИРУС ИНФЕКЦИЯСЫНАН ЖӘНЕ 17 АДАМ САЎАЛЫП ШЫҚТЫ!

Қарақалпақстан Республикасы жуқпалы кеселликлер емлеўханасынан 4-май күни коронавирусқа шалынған 17 наўқас саўалып шықты. Олар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери қатнасында реабилитацияға жиберилди.
Нәтийжели емлеў процедуралары себепли бүгинги күнде лабораториялық тексериўлер олардың кеселликтен толық емленгенин көрсетти. Саўалып шыққан пуқаралар коронавирусқа шалынған наўқасларға көрсетип атырған итибар ҳәм ғамқорлығы, емлеўханада жаратылған шараятлар ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.
Бүгинге дейин елимизде 70 наўқас емлеген болса, бүгин олардың қатарына және 17 адам қосылды ҳәм олардың саны жәми 87 адамға жетти.
Коронавирус инфекциясына шалынған пуқаралардан және бир топары жақын күнлерде пүткиллей саўалып шығыўы күтилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети
🏠#Yйде_қалың

⚡️⚡️ ​Усы саатларда бир жола төрт аймақта: Қарақалпақстанда 17, Сурхандәрьяда 9, Харезмда 8 ҳәм де Сырдәрьяда 1, жәми 35 коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслар пүткиллей саўалып, реабилитацияға шығарып салынды.

Енди толық саўалғанлар:

✔️ Қарақалпақстанда 87;

✔️ Сурхандәрьяда 29;

✔️Харезмде 153;

✔️ Сырдәрьяда 5 ке жетти;

❗️Солай етип, бүгинниң өзинде 86 наўқас саўалып, мәмлекетимиз бойлап коронавирус инфекциясынан пүткиллей саўалғанлар 1405 адамға жетпекте.

Денсаўлықты Сақлаў министрлиги
Жәмәатшилик пенен байланыслар бөлими.


@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🏠#Yйде_қалың

«#Тил_миллеттиң_жүреги» таңлаўы қатнасыўшысы 3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектептиң 10-класс оқыўшысы Гүлназ Жаңабаева

каналымызға қосылың!👇
https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🏠#Yйде_қалың

«#Тил_миллеттиң_жүреги» таңлаўының #Көркем_оқыў бөлими қатнасыўшысы 5-санлы мектептиң 2-б класс оқыўшысы Нуртас Арепбаев

каналымызға қосылың!👇
https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🏠#Yйде_қалың

«#Тил_миллеттиң_жүреги» таңлаўының #көркем_оқыў бөлими қатнасыўшысы 7-санлы мектептиң 6-қазақ класс оқыўшысы Қанат Султанбаев

каналымызға қосылың!👇
https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
🏠#Yйде_қалың

QR: 2020-жыл 4-май саат
15:00 ўақты бойынша Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алынғанлар саны 2189 ды қурамақта.
бүгин (+40)

@ssvuz

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
🏠#Yйде_қалың

❗️ 2020-жыл 4-май саат 23:00ден бүгин, 5-май саат 10:00 жағдайына, яғный өткен 11 саат ишинде Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алынбады.

Еслетип өтемиз, ҳәзирге дейин коронавирус анықланғанлар саны 2189 болып, саўалғанлар болса 1405 адамға жетти.

Ҳәзир 774 наўқас емленип атыр.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Соңғы бир айда Аралбойында 634 тонна картошка импорт етилди 👇
Forwarded from Karakalpakstan.uz
СОЦИАЛЛЫҚ ЖӘРДЕМГЕ МҮТӘЖ ШАҢАРАҚЛАР
ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАНБАҚТА


Бәршеңизге белгили, Республикалық арнаўлы комиссияның қарары менен Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳəм оның барлық районлық бөлимлери жанында жәмийетлик тийкарда жумыс алып барыўшы Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў Орайы шөлкемлестирилип, пуқаралардыӊ мүрәжатларын қабыллаў ушын 1197 қысқа номерли телефон тармағы (call-center) орнатылған еди.

Усы Орайды шөлкемлестириўден мақсет – Өзбекстан Республикасына коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳәм оның тарқалыўының алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлардың нәтийжелилигин жәнеде арттырыўдан ибарат болды.

Орай өз жумысын баслаған ўақыттан берли исеним телефоны арқалы 16 524 мүрәжатлар келип түсти. Усы тийкарда кеўиллилер тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы бойынша келип түскен мүрәжатлар ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықларының усыныслары тийкарында 20 мыңнан аслам жәрдемге мүтәж шаңарақларға, соның ишинде 10 994 кем тәмийинленген, 1489 бағыўшысынан айрылған, 414 карантиндеги ҳәм 3718 карантин дәўиринде дәраматсыз қалған шаңарақларға, 2463 майыплығы болған шахсларға, 930 жалғыз баслы кекселерге азық-аўқатлық ҳәм басқа зәрүрли өнимлер ҳәмде медициналық нықаплар жеткерип берилди.

Атап айтқанда, өсимлик майы, ун, қумшекер, макарон, мал гөши, картошка, гүриш, гешир, мәйек, мәш, лобия ҳәм басқа да азық-аўқатлық өнимлери тарқатылды.

Өнимлер арнаўлы автомашиналарда кеўиллилер тәрепинен гигиена ҳәм санитария талапларына әмел еткен ҳалда мәҳәлле басшылары менен биргеликте мәнзиллерине жеткерилмекте.

Ең баслысы ҳәр күни әмелге асырылған жумысларды анализлеў ҳәм анықланған машқалаларды үйренип оператив түрде унамлы шешиў илажлары системалы түрде жолға қойылған.

Усы бағдардағы әмелий илажлар еледе даўам етпекте. Бул бойынша қосымша мағлыўматлар берип барамыз.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң Мəлимлеме хызмети

👉 Каналға ағза болыў - @QResMinistrlerKenesi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🏠#Yйде_қалың

БҮГИН, 5-май сәнеси Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсуповтың туўылғанына 91 жыл толды
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🏠#Yйде_қалың

«#Тил_миллеттиң_жүреги» таңлаўының #көркем_оқыў бөлими қатнасыўшысы 5-санлы мектептиң 7-б класс оқыўшысы Малика Қаллибекова

каналымызға қосылың!👇

https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
🏠#Yйде_қалың

Дыққат, таңлаў!

📌 Тахтакөпир районы ҳәкимлиги "Тил-миллеттиң жүреги" атамасында таңлаў жәриялайды.

⚡️ Таңлаўдан тийкарғы мақсет- мәмлекетлик тилде таза сөйлеў ҳәм дурыс жазыў қағыйдаларына әмел етиўди үгит-нәсиятлаў.

❗️Таңлаўға 1-11- класс оқыўшылары қатнасады;

Таңлаўға төрт бағдар
бойынша қатнасыўға болады:

🖍️ Поэзия бағдары
🖋️ Проза бағдары
🖋️ Публицистика бағдары
🗣️Көркем оқыў (шайыр яки жазыўшылар дөретпелеринен үзиндилер)

материалларыңызды
👉 +998941404142 телеграм номерине жолласаңыз болады.

📅 Таңлаў ушын материаллар 30-апрель сәнесинен 10-май сәнеси аралығында қабыл етиледи.

✒️Сизиң дөретпелериңиз Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң рәсмий сайты менен телеграм каналында жәрияланады ҳәм лайк жыйнаў арқалы баҳаланады.Буннан тийкарғы мақсет-таңлаўға келип түскен ҳәр бир материал менен аудиторияны таныстырып барыў ҳәм қалыс баҳалаў.

🥇🥈🥉Таңлаў жеңимпазлары төрешилер тәрепинен анықланып, қәўендерлер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланады. 🎁🎁🎁

🏆Таңлаўға қатнасың ҳәм жеңимпаз болыўға асығың!
🕰️ Ўақыт күтип турмайды.

(Таңлаўдың шөлкемлестирилиўин Тахтакөпир районы ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша кеңесгөйи С.Узақбаев басшылыққа алған.)

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
🏠#Yйде_қалың

Сораў бериң, жуўап қайтарамыз" рубрикасы

🔹Сораў: Транспорт басқарыў (айдаўшылық) гуўалығы жоғалса не ислеў керек?

👉 Жуўап: Транспорт басқарыў (айдаўшылық) гуўалығын тиклеў ушын МРИБға төмендеги ҳүжжетлер тапсырылады:
-транспорт басқарыўшысының арзасы;
-имтихан қағазы;
-саламатлығы ҳаққында медициналық жуўмақ (083/х мағлыўматнама);
-мәмлекетлик бажы төленгенлиги ҳаққында квитанция;
-имтихан қағазы жойтылғанында автомектептен мағлыўматнама яки МЖҲҚХ МРИБдан имтихан тапсырылғанлығы ҳаққында мағлыўматнама.

🔹Сораў: Имтихан тапсырыўым шәртпе?

👉 Жуўап: Жоғалған гуўалық дубликаты теориялық ҳәм практикалық имтиханлар тапсырылғаннан, сондай-ақ транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айрылған транспорт басқарыўшылары гуўалықлары картотекасы тексерилгеннен кейин бериледи.
Егер гуўалық урланған яки өртте, тәбийий апат ақыбетинде ямаса басқа, жеңип болмайтуғын жағдайлар ақыбетинде жоғалған болса, имтиҳанлар тапсырыў шәрт болмайды. Бундай жағдайда ўәкилликли мәмлекет уйымларынан жуўмақ, мағлыўматнама усыныў керек болады.

🔹Сораў: Транспорт басқарыў (айдаўшылық) гуўалығын тиклеўим қаншаға түседи?

👉 Жуўап: Урланған яки өрт, тәбийий апатта жоғалған айдаўшылық гүўалығының дубликатын алыў ушын БЕТ бойынша 0,7 есеси муғдарында төлем төленеди.
Жойтылған транспорт басқарыў (айдаўшылық) гүўалығының дубликаты БЕТниң 1 есеси – 223 000 сўмға түседи.
Гүўалықты тиклеў ушын ўақыт кетеди. Бул ўақыт даўамында транспорт басқарыўшысына бир айлық мүддетке ўақытша рухсатнама бериледи.
Егер гүўалықты тиклеў процесси созылып кетсе ўақытша рухсатнама және 30 күнге узайттырылады.

Тахтакөпир районлық әдиллик бөлими

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
🏠#Yйде_қалың

ҚАЛДЫ

Кеўлиме дәрт салып, көзге жас әйлеп,
Аспаннан бар жулдыз ақты да түсти.
Халық шуўлап қалды шайырын излеп,
Шайыр өлди, сөзи жүректе қалды.

Ибрайым халқымның зибаны еди,
Алладан берилген инамы еди,
Елимниң саўлатлы минары еди,
Бәрше жасын төгип азалы қалды.

Қаратал бәҳәрде бөртигин ашар,
Әлемге сән берер, кеўилиң тасар,
Гүз келип жапырақлар сарғайып атар,
Оның сөзи, лекин, мәңгиге қалды.

Үлги алса ылайық қосықларынан,
Өтерсең жалғанның тосықларынан,
Алжассаң өмирдиң сынақларынан,
Жолыңды жарытар шырасы қалды.

Қарақалпақ-ол саҳраның бүлбүли,
Маңызын шақ, қайда жатар төркини?!
Сол бүлбилдиң қанат қаққан бул бири,
Бүлбил ушты, жерде мазары қалды.

Зыяратлап сениң қәбриңе бардым,
Пинҳамы саўалдың жуўабын таўдым,
Дийқан шаўып таслар мийўасыз нәлин,
Ал, оның бил, аты тарийхта қалды.

Султан Узақбаев
🏠#Yйде_қалың

QR: 2020-жыл 5-май саат
17:00 ўақты бойынша Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алынғанлар саны 2204 ти қурамақта.
бүгин (+15)

@ssvuz

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🏠#Yйде_қалың

«#Тил_миллеттиң_жүреги» таңлаўының #көркем_оқыў бөлими қатнасыўшысы 5-санлы мектептиң 2-б класс оқыўшысы Жансая Бисенбаева

каналымызға қосылың!👇
https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Мактабда ҳамшира бўлиб ишлайман. Ҳозирда ҳомиладорлик ва туғиш таътилига чиқдим. Декрет пули карантиндан сўнг берилади, дейишди. Бу қанчалик тўғри?

‼️ АОКА штабига келиб тушаётган саволларга Бандлик ва меҳнат муносабатлари вазирининг матбуот котиби Шаҳноза Равшанова жавоби:

❗️ Меҳнат ва аҳолини ижтимоий муҳофаза қилиш вазирлигининг 2002 йил 1 апрелдаги 21-сон буйруғи билан тасдиқланган “Давлат ижтимоий суғуртаси бўйича нафақалар тайинлаш ва тўлаш тартиби тўғрисида”ги низомнинг 7-бандига асосан нафақа ойига бир марта — ойнинг иккинчи ярми учун бериладиган иш ҳақи билан бирга тўланади.

Шунингдек, мазкур ҳужжатнинг 42-бандига асосан ҳомиладорлик ва туғиш бўйича нафақа (шу жумладан, ҳомила тушган ҳолларда) вақтинча меҳнатга лаёқатсизлик варақасида кўрсатилган барча давр учун тўланади.

Каналга уланиш: 👇
@axborot_xizmatlariAOKA
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🏠#Yйде_қалың

«#Тил_миллеттиң_жүреги» таңлаўының #көркем_оқыў жөнелиси қатнасыўшысы 3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик орта мектебиниң 2-класс оқыўшысы Тумарис Қутымова