Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
5.85K subscribers
37K photos
4.49K videos
29 files
16.5K links
Download Telegram
Берекет - аўызбиршиликте

Ҳәпте даўамында "Жаңа Өзбекстан - жаңаша дүньяқарас" идеясы менен алып барылған илажлардың мазмунлы өтиўинде районымыздағы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, районлық мәденият бөлими, мәлимлеме ресурс орайы хызметкерлери, "Бәркамал әўлад" балалар мектеби ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплериниң айтарлықтай үлеслери бар. Китапханашы қызлар өзлериниң китап қорындағы бәрбәрең мазмундағы жазыўшы, шайырлардың дөретпелери менен, мектеп оқыўшылары қол өнерлери, көркем дөретпелери менен қатнасты. Олардың мийнетлери келген мийманларда жақсы тәсирлер қалдырды деп ойлаймыз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Атакөл"де илажлар

Интервью: Нурсулыў Қәллибекова - аўыл нураныйы

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Нөкис аэропорты тарийхынан

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2538

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Байрағым - мақтанышым

"Бәркамал әўлад" балалар мектебинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенине 29 жыл толыў күни менен "Байрағым - мақтанышым!" атамасында байрам илажы өткерилди. Мектеп қатнасыўшылары байрағымызды сыпатлаў менен бирге оны ҳәр қашан да мақтаныш тутатуғынын қосық қатарлары менен жеткерди. Ҳәўескер жас өспиримлер өзлериниң концерт бағдарламасын қойып берди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Мәмлекетлик бюджеттиң 2020-жыл тоғыз айы жуўмақлары нелерди көрсетпекте?

📍 https://uza.uz/posts/188034

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
__Россия алтын қазып алыў бойынша жаңа рекордқа ериспекте

📍https://uza.uz/posts/187417

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Тахтакөпирде байрам баннери таяр болды

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Кишкенелерден хабар алды

Қылышын сүйреп қыс келип үлгерместен бурын үлкемизде ҳаўа райы суўытып кетти. Орта мектеплер менен мектепке шекемги билимлендириў мекемелеринде билим ҳәм тәрбия бериў жумыслары даўам етип атыр. Тахтакөпир районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Жамбул Адилов аўыллық жерлерде жайласқан орта билим бериў мектеплери менен балалар бақшаларының жылытыў мәселелери бойынша танысыў мақсетинде Мүлик аўылында болды. Ауыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 13-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң кишкенелериниң жағдайынан хабар алды. Шөлкемниң тәрбияшылары менен сәўбетте болып, жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Өзбекстанда қар жаўды

Сәршемби күни кешке дейин Өзбекстанның орайлық ҳәм шығыс аймақларындағы қар қапламының бәлентлиги 6−14 см ди қурайды. Сондай-ақ, жолларды көре алыў имканияты кемейди, жоллар музлады. Күн даўамында ҳаўа температурасы 5−3 дәрежеден аспады. Ноябрь айында бундай суўық күнлер кемнен-кем ушырайды, деп түсиник берди синоптиклер.

https://www.gazeta.uz/uz/2020/11/19/meteo/?utm_source=push&utm_medium=telegram

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Ташкенттен Нөкис ҳәм Маңғытқа қатнайтуғын автобус рейслери бийкар етилди

Ҳаўа райының кескин өзгериўине байланыслы 19-ноябрь сәнесинен Ташкенттен қатнайтуғын барлық қалалар аралық, соның ишинде, Ташкент-Нөкис ҳәм Ташкент-Маңғыт автобус рейслери бийкар етилди.

Бул ҳаққында «Ташкент автовокзалы» баспасөз хызмети хабар берген.

Қосымша мағлыўматларды +99871 207-87-00 телефон номери арқалы алыўыңыз мүмкин.


Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Ҳүрметли пуқаралар!

Райондағы "Қараой" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бүгин 20-ноябрь күни саат 10:30 дан 18:00 ге шекемги аралықта 90-санлы трансформатордан шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа линиясында киши оңлаў жумыслары жүргизилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылады.
Бул насазлықлар ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз.


Районлық электр тәмийинлеў кәрханасы

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati