Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
5.71K subscribers
37K photos
4.49K videos
29 files
16.5K links
Download Telegram
"Белтаў"да байрам

Бүгин алыс аўылларымыздың бири "Белтаў" аўыл пуқаралар жыйынында "Жаңа Өзбекстан - жаңаша дүньяқарас" сүрени менен илажлар изи даўам етти. Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси менен әҳмийетин кең жәмәәтшиликке мәҳәллелер бойлап жеткериў, халқымыздың кеўил кейпиятын көтериў мақсетинде өткерилип атырған бул илаж аўыл жасы үлкенлери менен жаслардың өмиринде жақсы тәсирлери менен қалады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Илажлар жуўмағына жетти

Районымыздың аймағындағы мәҳәллелерде, аўыл пуқаралар жыйынларында 10-ноябрьден бери "Жаңа Өзбекстан - жаңаша дүньяқарас" идеясы тийкарында өткерилип киятырған кеўилашар илажлар бүгин өз жуўмағына жетти. Илаж қатнасыўшылары болған мийманларымыз бенен район ҳәкими Жамбул Адилов ушырасыў өткерди. Ҳәпте даўамында халқымыз бенен бирге болып, оларға руўхый ҳәм мәдений хызметлер көрсеткени ушын халқымыз атынан алғысын билдирди ҳәм "Миннетдаршылық хаты"н тапсырды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati