This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🏠#Yйде_қалың
«#Тил_миллеттиң_жүреги» таңлаўының #көркем_оқыў жөнелиси қатнасыўшысы 20-санлы мектептиң 11-класс окыўшысы Актан
Елемесов

«#Тил_миллеттиң_жүреги» таңлаўының #көркем_оқыў жөнелиси қатнасыўшысы 5-санлы орта мектептиң 3-б класс оқыўшысы Сабрина Жуманиязова

«#Тил_миллеттиң_жүреги» таңлаўының #көркем_оқыў жөнелиси қатнасыўшысы 9-санлы орта мектептиң 6- класс оқыўшысы Жумагүл Арепбаева

«#Тил_миллеттиң_жүреги» таңлаўының #поэзия жөнелиси қатнасыўшысы 1-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы Рамбергенова Наргизаның өз дөретиўшилигинен
«#Тил_миллеттиң_жүреги» таңлаўының #поэзия жөнелиси қатнасыўшысы 1-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы Рамбергенова Наргизаның өз дөретиўшилигинен
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🏠#Yйде_қалың
«#Тил_миллеттиң_жүреги» таңлаўының #көркем_оқыў жөнелиси соңғы қатнасыўшысы 2-санлы орта мектептиң 2-қазақ класс оқыўшысы Қарлығаш Шахмарданова

Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Урыс ветеранлары ҳәмийше халқымыздың ҳүрмет-итибарында- https://joqargikenes.uz/3388.html
Уруш фаҳрийлари ҳамиша халқимиз эъзозида - https://joqargikenes.uz/oz/3410.html

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Урыс ветеранлары ҳәмийше халқымыздың ҳүрмет-итибарында – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығы карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда белгиленди. Ушырасыў қатнасыўшылары онлайн видеобайланыс арқалы Ташкент қаласында өткерилген Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде…
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🏠#Yйде_қалың
Халқымыз урыс ҳәм мийнет ветеранларының уллылығы ҳәм мәртлигинен, батырлығынан бәрҳама күш ҳәм ибрат алады!
—
Непревзойденное мужество и отвага, решимость ветеранов войны и труда – неиссякаемый источник силы и энергии для нашего народа!
#Mirziyoyev #9may #Galababogi #shonsharaf
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter

Республикалық арнаўлы комиссиясының мәлимлемесине муўапық, коронавирус инфекциясы тарқалыў жағдайының аймақлар кесиминдеги анализи, кеселлик анықланған наўқаслардың емлениў (саўалыў) динамикасы жағдайынан келип шыққан ҳалда республика аймақлары 11-майдан баслап район ҳәм қалалар дәрежесинде түрлерге ажыратылады.
@gazetauz_uzb
каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
@gazetauz_uzb
каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Forwarded from Times.uz
⚡️Қарақалпақстанның қала ҳәм районлары "қызыл" ҳәм "жасыл" категорияларға ажыратылды.
Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 11-майдан баслап Өзбекстандағы район ҳәм қалалар "жасыл", "сары" ҳәм "қызыл" категорияларға ажыратылады.
Қарарға муўапық,
жасыл" категорияға - Тахтакөпир, Мойнақ, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў, Кегейли, Нөкис районы, Хожели, Тақыятас, Шоманай, Беруний, Әмиўдәрья, Елликқала, Төрткүл районлары киргизилди.
"қызыл" категорияға - Нөкис қаласы ҳәм Қоңырат районы киргизилди.
каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 11-майдан баслап Өзбекстандағы район ҳәм қалалар "жасыл", "сары" ҳәм "қызыл" категорияларға ажыратылады.
Қарарға муўапық,
жасыл" категорияға - Тахтакөпир, Мойнақ, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў, Кегейли, Нөкис районы, Хожели, Тақыятас, Шоманай, Беруний, Әмиўдәрья, Елликқала, Төрткүл районлары киргизилди.
"қызыл" категорияға - Нөкис қаласы ҳәм Қоңырат районы киргизилди.
каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🏠#Yйде_қалың
Дүнья жүзинде бир шаңарақтан бес адам урысқа кетип, биреўи де қайтып келмеген шаңарақлар үшеў болған. Бири АҚШта, екиншиси Беларуссияда, үшиншиси Өзбекстанда.
Ташкент ўәлаяты Зәңгиата районындағы Ханабад аўылында жасаған Зулфия апа Зокирова 5 улын Екинши жәҳән урысында жоғалтты. Бүгин телеэкранларды ийелеген ҳәм көз жасларға себеп болған "Илҳақ" фильми бас қаҳарманының өмирдеги протатипи де әйне усы Зулфия Закирова болады.
каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Дүнья жүзинде бир шаңарақтан бес адам урысқа кетип, биреўи де қайтып келмеген шаңарақлар үшеў болған. Бири АҚШта, екиншиси Беларуссияда, үшиншиси Өзбекстанда.
Ташкент ўәлаяты Зәңгиата районындағы Ханабад аўылында жасаған Зулфия апа Зокирова 5 улын Екинши жәҳән урысында жоғалтты. Бүгин телеэкранларды ийелеген ҳәм көз жасларға себеп болған "Илҳақ" фильми бас қаҳарманының өмирдеги протатипи де әйне усы Зулфия Закирова болады.
каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
🏠#Yйде_қалың
ӘСИРДЕН АСҚАН ӨМИР
Өзбекстан аўылында 100 ден асқан кемпир бар екен деген гәплерди еситип жүрсем де, гейбиреўлердиң оның ҳүжжетлери қәте алыныпты, дегенин де еситип, Бийбихан апаға барыўға екиленип жүр едим. Ишки ислер бөлиминиң хызметкери Камал Жамаловтың, "апа, сол кисиге барып қайтсақ қайтеди, бизге мақала керек болып атыр", дегени қамшы болды. Бардық. Мен бараман дегенше, төсекте жатырған, берген сораўларыма мән бермейтуғын кемпир апаны көз алдыма келтирдим.
Бизлер кирип барыўдан дәстурхан басында шүйиркелесип отырғанлар кейин серпилди. Төрде кемпир ғана калды. Шамалағанымдай Бийбихан апа сол болып шықты.
"Сорай бер билгенимди айтайын" деди мақсетимизди билгеннен кейин. Биз ойлағандай жүдә қартайып та отырған жоқ, қаттырақ сөйлесең еситеди, ҳәзиллесең баладай күлип отыратуғын ақжарқын кемпир екен.
Урыс жыллары...
Урыс жылларының несин айтасаң, қарағым?! Турысы менен мийнет болды ғой... Бизлер ҳаял адамбыз деп отырыў жоқ.

Өгиз, ат жегип бийдай қырманын айдаймыз. Таң ала геўгимде жоңышқа орақ, таң сәл саз бере баслағанда жоңышқа сабаў, туқымын айырып ҳүкиметке тапсырыўымыз керек. Оннан кейин ғаўаша отаққа, намазлыгерде бийдай ораққа барамыз. Арасында өгиз, ат жегилген бийдай қырманындағы қосты айдаймыз. Шаршаў дегенди билмеймиз ғой. Тек әрманымыз –урысқа кеткенлер аман келсе, соларға азығымыз жетип барса екен. Алдымда үш әжағам, изимде бир иним болды.
Әжағаларымның үшеўиде урысқа кетти. Бир ажағамнан "қара хат" келгеннен кейин анамның мазасы болмады. Солардың уўайымы жықты ма, анам 1944-жылы 56 жасында қайтыс болды.
Урыстан кейин...
Урыстан кейин де жағдайымыз бирден жақсыланып кете қоймады. Сол мийнет, қайта тиклеў. 1957-жылға келип ҳүкимет қызыл ун алып келе баслады. Мийнетимиз жеңилленгенине қатты қуўандық. Yлкен қапшықларда келетуғын еди. Бир жылдан кейин ақ ун келе баслады. Бийдай орақ, дигирман тартыў, өгиз айдаўдан қутыла басладық.
Шымбайдың жигитине турмысқа шыққан едим. Перзентим болмады. Ғаррым менен шүйиркелесип-ақ жасап атыр едик. Пенсияға шыққаннан кейин мал- ҳал бағып, үйдиң тиришилиги менен жүрген өмирлик жолдасым қәпелимде наўқасланып қалды. Емлеўханаларда алған еми де шыпа бермеди. Еки жылдан кейин айландырған аўырыў ғаррымды алып тынды. Бул 1968-жылы еди. Кейин маган жақын адам қалмаған соң, еңкейип келин болып түскен жерим Шымбайдың Кеңес совхозындағы Киров пункт деп аталып кеткен аўылынан, төркиним Тахтакөпирдеги қыпшақ аўылыма қайттым. Бир әжағам Арзыхан деген қызын маған ес болсын, деп атаған еди. Сол қызымнан өрбиген перзентлердиң ардағында отырған күним бар, қарағым.
Ҳүжжеттеги шалалық
Бизиң дәўиримизде ҳүжжет, метрика, паспорт дегенлер болмады ғой. Кеңесте жасап атырғанымда маған ҳүжжет керек болған. Соннан қайним аўылсоветке барып, маған ҳүжжет алған. Паспорт шығар деймен. Нешинши жылы туўылған, деп қайнимнен сораса, ол да "шамалап туўылған жылыңды айттым, жеңге" деп келип еди. Бәри бир өзим барғанымда да туўылған жылымды билмеймен ғой. Сол сол екен 1900-жыл менен қалып қойдым Ғаррымның жасы менен алған шығар қайним. Ғаррым меннен көп жас үлкен емес еди.
Бийбихан Акимниязованың айтыўларына шамалап, оның туўылған жылы он жылға арқаға кетип қалған
жағдайда да 110 жасларға туўры келетуғынын есаплап көрдик. 100 жасқа жетиўдиң өзи бир жаңалық болып турған дәўирде, апамыздың пәтиясын алайын, деп қалтамды қармандым. Қолыма тыққышлап жүрген бир 100 мың сумлық пул илинди. "Апа, мына пулға келиниңиз кампит-сампит әперер, биреў болған менен үлкен пул", дедим ҳәзиллесип. Бийбихан апа "солайма?" деп күлди. Соның арасында аңгимеге қунығып отырған Камал да қалтасынан 4-5 бес мыңлықты шығарып, "апа, мыналар көп болған менен азғантай пул. Маған да пәтияңызды бериң" деди пулларын берип атырып. Үшеўимиз күлисип алдық.
"Сизлер менен ашылысып сөйлесип отыр, өзиниң кеўли келип айта қоймаса, бизлер сораў берсек онша айта бермейди апам", дейди келини күлип. Расында да Бийбихан апа менен бираз ҳәзил гәплер айтысып, кеўилли отырдық. Оның балалардай бийғубар күлкиси, садалығы кемпир апамды ядыма түсирип жиберди. Апаны қушақлап ғана турып суўретке де түстим. Ғаррысы бар үйдиң периси бар болғанындай, бул үйде бир жыллылықты кеўлимиз сезип турды. Жарқырап турған ашық минезли келини бар Бийбихан апа жүдә бахытлы инсан. Усындай қыяллар менен шығып баратырғанымызда, бизиң изимизден бир қап ун менен азық-аўқатлық саўғаларын көтерген райондағы Жаслар аўқамының бир топар жетекшилери анамыздың дуўасын алыўға кирип қалды.
Гүлнара Дәўлетмуратова
Журналист

QR: 2020-жыл 10-май саат
15:00 ўақты бойынша Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алынғанлар саны 2411 ди қурамақта.
@uza_uz
каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
QR: 2020-жыл 10-май саат
15:00 ўақты бойынша Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алынғанлар саны 2411 ди қурамақта.
@uza_uz
каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
🏠#Yйде_қалың
Минск қаласынан 150 пуқарамыз чартер рейс пенен Ташкентке алып келинди.
Бул ҳаққында Өзбекстан жаслары дүньяжүзилик ассоциациясы мәлимлеме хаткери мәлим етти.
Бүгин — 10-май күни «Uzbekistan Airways» АЖ авиакомпаниясы тәрепинен Ташкент – Дели – Ташкент ҳаўа жөнелиси арқалы арнаўлы (чартер) рейс шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, бүгин және Ташкент-Сеул-Ташкент жөнелисинде чартер рейс қойылыўы күтилмекте. 8-май күни БААнен ўатанласларды алып келиў ушын да чартер рейс шөлкемлестирилген эди.
Еслетип өтемиз, Президент Шавкат Мирзиёев 7-май күнги видеоселектор жыйналысында Өзбекстанға қайта алмаған 11 мыңға жақын шет елдеги ўатанласлардың Россия, Туркия, Дубай ҳәм басқа мәмлекетлерден алып келиниўин айтқан еди.
Каналга уланиш: 👇
@axborot_xizmatlariAOKA

⚡️Хош хабар! Қарақалпақстанда 8 наўқас коронавирустан толық саўалды
Бүгин, Қарақалпақстан Республикасында 8 наўқас коронавирус инфекциясынан толық саўалып, реабилитацияға жиберилди. Бул ҳаққында ӨзР ДСМ хабар берди.
Саўалғанлардың барлығы Қарақалпақстаннан болып, 6 адам Нөкис қаласынан, 2 адам Қоңырат районы турғыны болып есапланады.
Олардың барлығы коронавирусқа шалынған наўқаслар менен байланыс ақыбетинде кеселликти жуқтырып алған.
Емленип шыққанлар 2 ер адам ҳәм 6 адам ҳаял-қызлар болып есапланады.
Олар арасында ең жасыүлкени 53 жаста болса, ең жасы 2 жаста.
Усы ўақытқа шекем Қарақалпақстанда толық емленгенлер 109 адамға жетти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.