Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.6K subscribers
40.4K photos
4.96K videos
31 files
17.7K links
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Nókis qalasında “Jańa nápes” sport ilájı bolıp ótedi

Usı jıldıń 19-noyabr kúni “Mámleketlik bayraq kúni”ne arnalǵan “Jańa nápes” ǵalabalıq sport ilajı bolıp ótedi.

Juwırıw aralıǵı: 3 km
Jarıstıń ótkeriliw ornı: “Ózbekstan gúzarı” kóshesinen baslap “Amir Temur” kóshesi boylap “Islam Karimov” koshesinen bayraqqa shekem.

“Bir watanda, bir waqıtta, bir aralıqta, bir maqsette, birge juwıramız” súreni astında bolıp ótetuǵın ǵalabalıq sport ilajına bársheńizdi belsendi qatnasıwǵa shaqırıp qalamız.

Qaraqalpaqstan Respublikası Jaslar siyasatı hám sport ministrliginiń Málimleme xızmeti

📲 Telegram | Instagram  | Facebook
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Арнаўлы видеоролик

Халқымызға сапалы мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўи үстинде турақлы түрде жумыслар исленбекте.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Арнаўлы видеоролик

Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм ПҲАЖ уйымлары жумыслары барысынан таярланған қысқа метражлы видеоролик арқалы олардың искерлиги менен танысыўыңыз мүмкин.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Көшпели_қабыллаў

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов, 1-секторға қараслы «Жаңадарья» аўыл пуқаралар жыйынында аймақ турғынлары менен ушырасып, гезектеги көшпели қабыллаўын өткерди.

Қабыллаўға усы аймақтың депутаты Қ.Елмуратов, аўыл пуқаралар жыйыны баслығы , ҳәким жәрдемшиси, хаял-қызлар белсендиси ҳәм тийисли мәкеме, шөлкем басшылары қатнасты.

Қабыллаў даўамында пуқаралардың бәнтлик, үй-жай кадастры, ишимлик суў мәселеси ҳәм түрли турмыслық машқалалары тыңланып, мүрәжатлар тийисли тәртипте қадағалаўға алынды ҳәм орынлаўға қаратылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
«Жасыл мәкан» акциясы даўам етпекте.

Бүгин Тахтакөпир районы «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы көп қабатлы турақ жайлардың әтирапында «Жасыл мәкан» акциясы шөлкемлестирилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Б.Айтеков, Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутатлары Е.Бегманов, Қ.Елмуратов, сиясий партия баслықлары, «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны жуўапкерлери, көше бийлери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

«Жасыл мәкан» акциясы шеңберинде «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы көп қабатлы турақ жайлардың әтирапындағы бос жерлерге ҳәр түрдеги декоратив ҳәм мийўе терек нәллерин отырғызып, абаданластырыў ҳәм де көклемзарластырыў жумыслары алып барылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
⚡️Экспорт көлемин арттырыў, жаӊа өнимлер экспортын жолға қойыў ҳәм жаӊа базарларға кирип барыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында

📍Толық оқыў
———————————————————-————
⚡️Экспорт кўламини ошириш, янги маҳсулотлар экспортини йўлга қўйиш ва янги бозорларга кириб бориш йўналишида амалга оширилаётган ишлар ҳақида

📍Батафсил ўқиш

Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
Тахтакөпир районында «Оқытыўшылар қурылтайы» болып өтти

Тахтакөпир районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген улыўма орта билим бериў мектеплери оқытыўшылары қатнасыўында, бөлимге қараслы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Оқытыўшылар қурылтайы» болып өтти.

Оған район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов, Республика билимлендириў орайы ўәкили И.Медетов ҳәм районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы Б.Қурбаназаровлар қатнасты.

«Оқытыўшылар қурылтайы»нда төрт бағдар бойынша баслаўыш тәлим, ана тили ҳәм әдебияты, анық ҳәм тәбийий пәнлер бағдарлары бойынша билимлендириў реформаларын биргеликте әмелге асырыў, оқытыўшыларды бирден-бир күшке айландырыў, орын алған машқалаларды талықлаў ҳәм олардыӊ шешими бойынша анық усыныслар ислеп шығыў мақсетинде, тараў қәнигелери тәрепинен тренинглер ҳәм ашық сәўбетлер алып барылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press