Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.44K subscribers
40.5K photos
4.97K videos
32 files
17.8K links
Download Telegram
🌿#Жасыл_мәкан

Бүгин Тахтакөпир районы «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Тахтакөпир» радиотелевизион станциясы хызметкерлери тәрепинен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеӊберинде белгиленген жер орынларда абаданластырыў ҳәм нәл егиў жумыслары алып барылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Бүгин Татарстан Республикасы басшысы Рустам Минниханов басшылығындағы делегация Нөкис қаласындағы «Prime electric engineering» кәрханасына келди. Кәрхана хожалық техникалар ислеп шығарыўға мөлшерленген болып, бир неше өнимлер ислеп шығарылмақта. Татарстан Республикасы басшысы Рустам Минниханов бул жердеги жумыс процесси, жумысшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Татарстан Республикасы делегациясының кейинги мәнзили «Akfa assembly» пластик айна ҳәм есиклерди ислеп шығарыўшы кәрхана болды. Бул кәрхана 2021-жылда иске түскен болып, онда ислеп шығарылған өнимлер шет мәмлекетлерге экспортқа шығарылып атырғаны менен әҳмийетли. Бул кәрхананың ашылыўы нәтийжесинде 200ден аслам жаңа жумыс орны жаратылды. Кәрханада ислеп шығарылып атырған есик ҳәм айна өнимлери, олардың дизайны менен жоқары дәрежедеги сапасы мийманларда қызығыўшылық оятты.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter