Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.46K subscribers
40.5K photos
4.97K videos
32 files
17.7K links
Download Telegram
#Онлайн_таңлаў

Өзбекстан Республикасы Қашқадәрья ўәлаяты Шахрисабз қаласындағы «АRT & MUSIC PLANET» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен усы жылдың 1-августтан 15-сентябрь күнлери аралығында онлайн түрде өткерилген «Ғәрезсиз журт жулдызлары» көркем-дөретиўшилик таңлаўының әмелий өнер бағдары бойынша «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң «Кестешилик» дөгереги ағзалары Алламуратова Жадыра ҳәм Жеткербаева Дильфузалар өзлериниң «Бешпент» қызлардың миллий кийими дөретпеси менен қатнасып 1-дәрежели «Диплом» менен сыйлықланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press