Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.25K subscribers
36.9K photos
4.47K videos
29 files
16.4K links
Download Telegram
Арал теңизи бойында мобил байланыс ҳәм интернет тармағы иске түсирилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-66-санлы қарары тийкарында туристлер ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде Арал теңизи бойы мобил байланыс ҳәм интернет тармағы менен қамтып алынды.

Атап айтқанда, Арал теңизиниң бойындағы “Aral Plaza” туристлик дем алыў зонасының жанында Ucell мобил операторының жаңа станциясы қурылып иске түсирилди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Көшпели_қабыллаў

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов, 1-секторға қараслы «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 8-санлы мектепте аймақ турғынлары менен ушырасып олардың мүрәжатларын, пикир ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде гезектеги көшпели қабыллаўын өткерди.

Қабыллаў даўамында аймақ турғынларының түрли тараўларға байланыслы машқалалары менен бирге пикир ҳәм усыныслары тыңланды.

Қабыллаў жуўмағында келип түскен мүрәжатларды белгиленген мүддетлерде үйренип шығыў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли жуўапкер басшыларға тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Қарақалпақстанда улыўмалық қуўатлылығы 1,5 гигаватт болған Орайлық Азиядағы ең ири самал электр станциясы қурылыўы режелестирилген

Өзбекстанда 2026-жылға шекем қайта тиклениўши энергия дереклериниң үлеси 25 пайызға жеткериў режелестирилмекте. Нәтийжеде 3 миллиард кубометр тәбийғый газ үнемленеди.

Усы мақсетте ҳәзирги ўақытта мәмлекетте улыўмалық қуўатлылығы 6540 мегаваттқа тең болған 18 қуяш фотоэлектр станциясы, қуўатлылығы 5200 мегаваттқа тең болған 12 самал электр станциясы, қуўатлылығы 600 мегаваттлы 1 гибрид электр станциясы ҳәмде 1050 мегаватт қуўатлылыққа ийе 9 электр энергиясы сақлаў системасын қурыў бойынша жойбарлар әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, Қарақалпақстанда Орайлық Азиядағы ең ири самал электр станциясы қурылыўы режелестирилген. Улыўмалық қуўатлылығы 1,5 гигаватт болған станция 2 миллион 190 мың хожалықты электр энергиясы менен тәмийинлейди.

Қорақалпоғистонда умумий қуввати 1,5 гигаватт бўлган Марказий Осиёдаги энг йирик шамол электр станцияси қурилиши режалаштирилган

Ўзбекистонда 2026 йилга қадар қайта тикланувчи энергия манбаларининг улушини 25 фоизга етказиш режалаштирилмоқда. Натижада 3 миллиард кубометр табиий газ иқтисод қилинади.

Шу мақсадда айни пайтда мамлакатда умумий қуввати 6540 мегаваттга тенг бўлган 18 та қуёш фотоэлектр станцияси, қуввати 5200 мегаваттга тенг бўлган 12 та шамол электр станцияси, қуввати 600 мегаваттли 1 та гибрид электр станцияси ҳамда 1050 мегаватт қувватга эга 9 та электр энергияси сақлаш тизимини қуриш бўйича лойиҳалар амалга оширилмоқда.

Шунингдек, Қорақалпоғистонда Марказий Осиёдаги энг йирик шамол электр станцияси қурилиши режалаштирилган. Умумий қуввати 1,5 гигаватт бўлган станция 2 миллион 190 минг хўжаликни электр энергияси билан таъминлайди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Бүгин

Тахтакөпир районлық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда районлық Әдиллик бөлими юридик хызмет көрсетиў орайы бас юрист консультантлары Даўлетбай Шаханов ҳәм Жанибек Пирназаровлар тәрепинен коррупцияның жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўына кери тәсирлери ҳәм де коррупцион ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлар ушын белгиленген жуўапкершиликлер ҳаққында айтып өтти.

Буннан тысқары тараў хызметкерлери тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында жаңадан қабыл етилген нызамшылық ҳүжжетлериниң мазмуны ҳәм олардың әҳмийети бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«Мектепте мәденият орайы» жойбары шеңбериндеги концерт тамашаларына старт берилди

🔹Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында 2023-жыл 22-декабрь күни өткерилген Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық Кеӊес мәжилисиндеги тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Мектепте мәденият орайы» жойбары шеңбериндеги концерт тамашаларына старт берилди.

🔹Районлық Мәденият бөлими, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими ҳәм де Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими менен биргеликте белгиленген кесте тийкарында 3-12-13-санлы мектеплерде көркем-өнер шеберлери ҳәм тәжирийбели дөретиўшилер менен биргеликте ушырасыў ҳәм байрам кешеси өткерилди.

🔹Ушырасыўда қатнасыўшылар мәденият тараўындағы жаңалықлар, алып барылып атырған жумыслар, дөгереклер ҳәм таңлаўлар ҳаққында айтып өтти.

🔹«Мектепте мәденият орайы» жойбары концерт тамашалары белгиленген кесте тийкарында барлық мектеплерде даўам етеди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press