Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
5.71K subscribers
37K photos
4.49K videos
29 files
16.5K links
Download Telegram
Гендер теңлиги - жәмийетимиз раўажланыўының тийкары

Толық оқыў ушын
https://taxtakopir.uz/6305.html

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Тахтакөпир районында санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми қанша?

Дәслепки мағлыўматларға қарағанда усы жылдың январь-март айларында Тахтакөпир районында ҳәрекет көрсетип атырған санаат кәрханалары тәрепинен 64,1 млрд. сўмлық санаат өнимлери ислеп шығарылыўына ерисилген ҳәм өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда өсиў пәти 103,1 % ти қурады.

Тахтакөпир районы Статистика бөлими
https://taxtakopir.uz/6309.html

каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Тахтакөпир районында усақлап сатыў саўда-товар айланысы қанша?

Тахтакөпир районы бойынша 2024-жылдың январь-март айларында усақлап сатыў товар айланысы 79,2 млрд. сўмды қурап, 2023-жылдың январь-март айларына салыстырғанда 106,5 % ти қурады.

Тахтакөпир районы Статистика бөлими

https://taxtakopir.uz/6312.html

каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Тахтакөпир районында көрсетилген хызметлер көлеми қанша?

2024-жылдың январь-март айларында Тахтакөпир районында көрсетилген хызметлер көлеми 79,2 млрд.сўмды қурады. Өсиў пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 106,5 % ти қурады.

Тахтакөпир районы Статистика бөлими
https://taxtakopir.uz/6316.html

каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Тахтакөпир районында аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы өним(хызмет)лериниң көлеми қанша?

Дәслепки мағлыўматларға көре, 2024-жыл январь-март айларында Тахтакөпир районында аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы өним(хызмет)лериниң улыўма көлеми 46,9 млрд.сўмды қурады, бул көрсеткиш өткен жылдың январь-март айларына салыстырғанда өсиў пәти 104,1 % ти қурады.

Тахтакөпир районы Статистика бөлими
https://taxtakopir.uz/6319.html

каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районы ҳәкиминиң «2024-жылда Тахтакөпир мәмлекетлик Тоғай хожалығының тоғай фонды жерлеринде өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў илажлары ҳаққында»ғы шешими.

Толық оқыў ушын
https://taxtakopir.uz/6323.html

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Жеке_қабыллаў

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов, пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў, усыныс ҳәм пикирлерин тыңлаў мақсетинде гезектеги жеке қабыллаўын өткерди.

Қабыллаў даўамында пуқаралар өзлериниң күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалалар ишимлик суўы, тәбийий газ, медициналық, материаллық жәрдем, үй-жай мәселелери ҳәм басқа да машқалалар бойинша мүрәжатларын жоллади.

Пуқаралардың мүрәжатларынан айырымлары сол орынның өзинде шешилген болса, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатларды район ҳәкими жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў қәнигелерине тапсырмалар берди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң нәўбеттеги мәжилиси болып өтти

Бүгин 2024-жыл 24-апрель күни Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында районлық Руўхый-ағартыўшылық Кеңесиниң нәўбеттеги мәжилиси өткерилди. Оған район ҳәкими Ж.Адилов, Кеңес ағзалары барлық мәкеме, шөлкем ҳәм кәрханалардың басшылары қатнасты.

Кеңес мәжилисинде ҳүрметли Президентимиздиң қарары тийкарында әмелге киритилген руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслар ҳәр тәреплеме додаланып, алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.

Сондай-ақ, мәжилисте бирге ислесиўши мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерде руўхый-ағартыўшылық тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин және де арттырыў, халықтың интеллектуаллық потенциалын ҳәм дүнья қарасын жетилистириў, идеологиялық иммунитетти беккемлеўге байланыслы ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм бир қанша усыныслар ҳәм жиберилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша илажлар белгиленди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы

Тахтакөпир районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасының районлық бөлими менен биргеликте жумыссыз, өз исбилерменлигин жолға қойыўды қәлеўши ҳаял-қызларды исбилерменлик көнликпелерине бағдарлаў мақсетинде шөлкемлестирилген оқыў семинары «Жаңалықлар» бағдарламасында.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press