Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.09K subscribers
36.1K photos
4.38K videos
29 files
16.2K links
Download Telegram
#ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Усы жылдыӊ 4-апрель күни саат 10:00 де район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс үшинши сессиясы болып өтеди. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары, сектор баслықлары, сиясий партия басшылары, район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары менен мәкеме, кәрхана, шөлкем басшыларының қатнасыўы режелестирилген.

Сессия қатнасыўшыларын дизимге алыў 9:00 де басланатуғынлығын хабарлаймыз. Сессияны Тахтакөпир районы ҳəкимлигиниң рəсмий социаллық тармақлары арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.

https://www.facebook.com/TaxtakopirPress

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Хабарландырыў

Тахтакөпир районы аймағындағы айланба жол бойлап жайласқан жер асты жоқары басым Д-273 мм газ тармағында оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы усы жылдың 4-апрель күни саат 14:00 ден 18:00 ге шекем усы табийий газ тармағынан пайдаланыўшы «Ғәрезсизлик», «Айдын жол», «Дәўир» мәкән пуқаралар жыйынлары ҳәм «А.Адилов», «Мулик» аўыл пуқаралар жыйынларында ўақтынша табийий газ жеткерип бериў тоқтатылатуғынлығын мәлим етемиз.

Ҳүрметли пуқаралар!

Табийий газ тәмийнаты қайта тикленгеннен соң кәўипсизлик кағыйдаларына қатаң әмел етиўиңизди соранамыз.

"Тахтакўпиртумангаз" газ тәмийнаты бөлими

КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Тахтакөпир районы «Айдын жол» МПЖ аймағындағы айланба жол бойлап жайласқан жер асты жоқары басым Д-273 мм газ тармағында оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы усы жылдың 6-апрель күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекем усы табийий газ тармағынан пайдаланыўшы «Ғәрезсизлик», «Айдын жол», «Дәўир» мәкән пуқаралар жыйынларының айрым жерлеринде ҳәм «А.Адилов», «Мулик» аўыл пуқаралар жыйынларында ўақтынша табийий газ жеткерип бериў тоқтатылатуғынлығын мәлим етемиз.

Ҳүрметли тутыныўшылар!

Табийий газ тәмийнаты қайта тикленгеннен соң кәўипсизлик кағыйдаларына қатаң әмел етиўиңизди соранамыз.

"Тахтакўпиртумангаз" газ тәмийнаты бөлими

КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Хабарландырыў

Усы жылдың 23-апрель күни саат 18:00 де өткерилиўи белгиленген "Шымкент ШОУ" театрының "Кулпаштың ҳәзиллери" атлы шоу концерт бағдарламасы айрым себеплерге бола 2023-жылдың 7-май күнине көширилгенлигин мәлим етип билдиремиз.

Тахтакөпир районлық Мәденият бөлими.

КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Усы жылдыӊ 27-апрель күни саат 10:00 де район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс төртинши сессиясы болып өтеди. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары, сектор баслықлары, сиясий партия басшылары, район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары менен мәкеме, кәрхана, шөлкем басшыларының қатнасыўы режелестирилген.

Сессия қатнасыўшыларын дизимге алыў 9:00 де басланатуғынлығын хабарлаймыз. Сессияны Тахтакөпир районы ҳəкимлигиниң рəсмий социаллық тармақлары арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.

https://www.facebook.com/TaxtakopirPress

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Усы жылдыӊ 26-май күни саат 10:00 де район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс бесинши сессиясы болып өтеди.

Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары, сектор баслықлары, сиясий партия басшылары, район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары менен мәкеме, кәрхана, шөлкем басшыларының қатнасыўы режелестирилген.

Сессия қатнасыўшыларын дизимге алыў 9:00 де басланатуғынлығын хабарлаймыз. Сессияны Тахтакөпир районы ҳəкимлигиниң рəсмий социаллық тармақлары арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.

https://www.facebook.com/TaxtakopirPress

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Усы жылдыӊ 8-июнь күни саат 9:00 де район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс алтыншы сессиясы болып өтеди.

Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары, сектор баслықлары, сиясий партия басшылары, район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары менен мәкеме, кәрхана, шөлкем басшыларының қатнасыўы режелестирилген.

Сессия қатнасыўшыларын дизимге алыў 8:30 дан басланатуғынлығын хабарлаймыз. Сессияны Тахтакөпир районы ҳəкимлигиниң рəсмий социаллық тармақлары арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.

https://www.facebook.com/TaxtakopirPress

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Дыққат!
#Хабарландырыў!

🔸Усы жылдың 14-июнь күни Тахтакөпир районлық Медицина бирлеспесинде «Саламатлық поезди» шеңберинде тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен түрли кеселликлер бойынша район турғынлары бийпул медициналық көриктен өткерилетуғынлығын хабарлаймыз.

Ҳүрметли пуқаралар!

🔸Сизлерди денсаўлығыңызға итибарлы болған ҳалда, медициналық көриктен бийпул өтиўге шақырып қаламыз!

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Хабарландырыў

Ҳүрметли район турғынлары!

Усы жылдың 9-сентябрь күни саат 19:00 де Қарақалпақстан телеканалында туўрыдан-туўры эфирге берилетуғын «Саз-сәўбет кешеси» телекөрсетиўинде Тахтакөпир районы мәденият бөлими жанындағы «Шуғла» қосық ҳәм миллий ойын халық жәмәәтиниң концерт бағдарламасы халқымыз нәзерине усынылады.

Бәршеңизди усы концерт бағдарламасын тамаша етиўге шақырып қаламыз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Хабарландырыў

Шақырылыўшылар дыққатына!

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 9-апрель күндеги 291-санлы ҳәм Тахтакөпир районы ҳәкиминиң 2023-жыл 14-июль күндеги 89-13-189-Q/23-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы қорғаныў ислери басқармасы ҳәм районлық қорғаныў ислери бөлимлеринде 2024-жылғы шақырыў илажларын шөлкемлестириўде шақырылыўшыларды мүддетли әскерий хызметке шақырыўдан алдын саралаў ҳәм таңлаў жумыслары өткерилмекте.

Сол себепли, 1997-2006 жылларда туўылған шақырылыўшылар өзлери әскерий есапта турған районлық қорғаныў ислери бөлимлерине хабарласып, дәслепки таңлаў илажларына қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўда шақырылыўшылардың улыўма физикалық таярлық дәрежеси баҳаланады ҳәм де жеке тәртипте сөйлесиўлер өткериледи.
Усы илажлар район ҳәкиминиң қарары менен дүзилген таңлаў кеңеси тәрепинен алып барылады.

Улыўма физикалық нормативлерин баҳалаў тәртиби

Шақырылыўшылардың улыўма физикалық таярлық дәрежесин баҳалаў төмендегише қабыл қылыў арқалы әмелге асырылады:

Турникте тартылыў;
100 метрге жуўырыў;
3000 метрге жуўырыў.

Шақырылыўшылардың улыўма физикалық таярлық дарежеси төмендегише баҳаланады:

а) турникде тартылыў бойынша:
12 мәрте ҳәм одан көп тартылғанда — 5 (жоқары);
10-11 мәрте тартылғанда — 4 (жақсы);
8-9 мәрте тартылғанда — 3 (қанықарлы);
1 — 7 мәрте ямаса улыўма тартыла алмағанда — 2 (қанықарсыз);

б) 100 метрге жуўырыў бойынша:
14,0 секунд ишинде орынлағанда — 5 (жоқары);
14,1 — 14,4 секундта орынлағанда — 4 (жақсы);
14,5 — 15,0 секундта орынлағанда — 3 (қанықарлы);
15,1 секунд ҳәм оннан көп ўақытта орынлағанда — 2 (қанықарсыз);

в) 3000 метрге жуўырыў бойынша:
12,40 минут ишинде орынлағанда — 5 (жоқары);
12,40 минутдан 13,20 минутқа шекем орынлағанда — 4 (жақсы);
13,20 минутдан 14,0 минутқа шекем орынлағанда — 3 (қанықарлы);
14,0 минутдан көп ўақыт ишинде орынлағанда — 2 (қанықарсыз).

Шақырылыўшылардың улыўма физикалық таярлық дәрежесин баҳалаўда бир мәрте 2 (қанықарсыз) баҳа алған шақырылыўшы улыўма физикалық таярлық нормативлерин тапсыра алмаған деп есапланады.

Жеке тәртипте сөйлесиў өткериў тәртиби

Жеке тартипте сөйлесиў ўақтында шақырылыўшылардың мәҳәлле ҳәм жәмийетте тутқан орны, шаңарақлық жағдайы, абройы-итибары, жүрис-турысы, қызығыўшылықлары, Өзбекстан тарийхы, уллы саркардаларымыз ҳәм ата-бабаларымыз өмири ҳәм жумысларына байланыслы билимлери анықланады, соның менен бирге улыўма физикалық таярлық нәтийжелерине тийкарланып шақырылыўшыларды әскерий-техникалық жөнелислери бойынша таярлыққа тартыў ямаса оларды мүддетли әскерий хызметти өтеўи бойынша усыныс етиледи ямаса усыныс берилмейди.

Мағлыўмат ушын телефонлар:
+99861 435-29-80
+99894 141-88-74

Тахтакөпир районы қорғаныў ислери бөлими

КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Хабарландырыў

Ҳүрметли Ўатанласлар әзийз театр шайдалары!


Өзбек театрының тийкарын салыўшы драматург Махмудхожа Бехбудийдиң «Падаркуш» шығармасы қарақалпақ тилине аўдарылып, усы жылдың январь айында Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Атабийзар» атамасы менен табыслы сахналастырылған еди.

Театр жәмәәти 2023-жылдың 6-ноябрь күни саат 15:00 де «Атабийзар» трагедиясын Тахтакөпир районы Мәденият орайында өз ықласбентлерине қойып бериўди режелестирген. Бәрше театр ышқыбазларын «Атабийзар» трагедиясын тамашалаўға шақырып қаламыз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#хабарландырыў
#брифинг

⚡️Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2024 жыл 13 март күнги «Өзбекстан Республикасыныӊ Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексине Өртлер профилактикасы нәтийжелилигин асырыўға қаратылған косымша ҳәм өзгерислер киритиў ҳаққында»ғы 919-санлы Нызамына муўапық 2024-жыл 15-июнь сәнесинен баслап Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниӊ өрт қәўипсизлигине тийисли болған статияларына бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар енгизилмекте.

(Толық мағлыўмат видеода)

Қаракалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети

Telegram | Instagram | Facebook
#Дыққат
#Хабарландырыў

Ҳүрметли Тахтакөпир районы турғынлары, әзийз жаслар!

Усы жылдың 15-июль күни Тахтакөпир районында «БИЗ БИР БОЛСАҚ - БИР ХАЛЫҚПЫЗ, БИРЛЕССЕК ЎАТАНБЫЗ» сүрени астында «Мәнаўият фестивалы» өткерилиўи режелестирилмекте.

Фестиваль шеңберинде:

Саат 10:00 де Мәденият орайы имаратында «Инсан қәдири» жойбары тийкарында үгит-нәсият илажы;

Саат 15:00 де 17-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби имаратында «Шаңарақ мәнаўият қорғаны» жойбары тийкарында үгит-нәсият илажы;

Саат 17:00 де Мәденият орайы имаратында «Кинокәрўан» жойбары тийкарында кино актёрлар менен ушырасыў;

Саат 19:00 де Мәденият орайы имараты алдында «Гала концерт» бағдарламасы болып өтеди.

Бәршеңизди «Мәнаўият фестивалы»на белсене қатнасыўға шақырып қаламыз!

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Дыққат
#Хабарландырыў

Ҳүрметли Тахтакөпир районы турғынлары, әзийз жаслар!

Усы жылдың 15-июль күни Тахтакөпир районында «БИЗ БИР БОЛСАҚ - БИР ХАЛЫҚПЫЗ, БИРЛЕССЕК ЎАТАНБЫЗ» сүрени астында «Мәнаўият фестивалы» өткерилиўи режелестирилмекте.

Фестиваль шеңберинде:

Саат 10:00 де Мәденият орайы имаратында «Инсан қәдири» жойбары тийкарында үгит-нәсият илажы;

Саат 15:00 де 17-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби имаратында «Шаңарақ мәнаўият қорғаны» жойбары тийкарында үгит-нәсият илажы;

Саат 17:00 де Мәденият орайы имаратында «Кинокәрўан» жойбары тийкарында кино актёрлар менен ушырасыў;

Саат 19:00 де Мәденият орайы имараты алдында «Гала концерт» бағдарламасы болып өтеди.

Бәршеңизди «Мәнаўият фестивалы»на белсене қатнасыўға шақырып қаламыз!

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Дыққат!
#Хабарландырыў!

Ҳүрметли район турғынлары, әзиз қосық ҳәм ойын шайдалары!

Усы жылдың 27-сентябрь күни саат 15:00 дe район орайындағы Мәденият орайында Тахтакөпир районы Мәденият бөлими жанындағы «Шуғла» қосық ҳәм миллий ойын халық жәмәәти тәрепинен усы жылдың тоғыз айы даўамында алып барған жумыслары бойынша «Гүзги сағыныш» атамасындағы есап бериў концерти болып өтетуғынлығын хабарлаймыз.

Концертте халқымыздың жүрегинен орын алған ең әжайып қосық ҳәм ойынлар сизлердиң нәзериңизге усынылады.

Бәршеңизди «Гүзги сағыныш» атамасындағы есап бериў концертине мирәт етемиз.

Мағлыўмат ушын тел:
+99(893) 771 22-23
+99(893) 779 40-25


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Хабарландырыў

⚡️Мәмлекетимизде усы жылдың 4-ноябрь күнинен 14-ноябрь күнине шекем «Халықты жер силкиниўи бойынша таярлаў ҳәптелиги» деп жәрияланды.

⚡️Ҳәптелик даўамында Республикамыздың бәрше аймақларында халықты жер силкиниўи бойынша таярлаў ҳәмде айрықша жағдайларда дурыс ҳәрекетлениўге үйретиў бойынша оқыў шынығыўлары ҳәм де басқа да әмелий ис-илажларды өткериў жобаластырылған.

⚡️Ҳүрметли пуқаралар, ҳәптеликке илажларына белсене қатнасың:

-Жер силкиниўи жүз бергенде дурыс ҳәрекетлениў бойынша билимлериңизди асырып барың;
-Оқыў шынығыўлары даўамында артықша ҳаўлықпаға берилмең;
-Социаллық тармақлар ҳәм де басқа да дереклер арқалы тастыйықланбаған мағлыўматларды тарқатпаң!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети


каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press