Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.35K subscribers
36.8K photos
4.46K videos
29 files
16.4K links
Download Telegram
#Китап_жаңалығы

Сүйикли балалар шайыры Сағыйдулла Аббазовтың "Шыбын қалай пил болды?" китабында киши мектеп жасындағы балаларға арналған тәрбиялық тәсирге ийе қосықлары ҳәм поэмалары орын алған болып, балаларымыз ушын әжайып саўға болды.
Бул китап усы жылы Ташкент қаласында баспадан шықты, китапты баспаға таярлаўшы ҳәм редакторы А.Турдымуратова.

Бала тәрбиясында китаптың орны оғада гиреўли, балаларға китап алып бериң!

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Китап_жаңалығы

Медицина тараўы жанкүйери болған Баҳадыр Абдикаримовты районымыздың халқы ҳәўескер шайыр сыпатында да жақсы таныйтуғын еди. Ол өзиниң қысқа өмиринде бир неше лирикалық қосықларына намалар жаздырып та үлгерди. Өз кәсибин сүйген Баҳадыр Абдикаримов өткен жылы жумыс бабында коронавирус жуқтырып, өмирден көз жумды. Оның туўысқан иниси Сабур Абдикаримов ағасы Баҳадырдың өз қоллары менен жазған дөретпелерин баспаға таярлады. "Анамыздан, әкемиден басқасы..." қосықлар топламы жақында баспадан шықты. Китап өз оқыўшыларын табатуғынына исенемиз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Китап_жаңалығы

Түркий поэзиясының даңқлы тулғасы, ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайы шығармалары қарақалпақ тилинде

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Оразбай Әбдирахманов тәрепинен Наўайы шығармалары қарақалпақ тилинде басылып шықты. Китап «99 толғаў» атамасы менен Ташкент қаласында жарық көрди. Наўайы шығармалары усы күнге дейин көп ғана қарақалпақ шайыр-жазыўшылары тәрепинен аўдарылған, шайыр Дәўлен Айтмуратов оның шығармаларын өз алдына топлам етип таярлаған еди.

«99 толғаў»ды Нөкис қаласындағы китап дүканларынан табыўыңызға болады.

Дәрек 👉@QRKeleshek_liderleri

Қарақалпақстан Республикасының Келешек лидерлери каналына ағза болың👇👇👇

👉@QRKeleshek_liderleri
#КИТАП_ЖАҢАЛЫҒЫ

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Тахтакөпир районлық бөлими жанынын дүзилген «Жас дөретиўшилер клубы» ағзасы, 13-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы, жас дѳретиўши Дина Қайырбаеваның «Бөршитаў бәҳәри» атлы биринши китабы баспадан шықты.

Поэзия соқпағына жаңа қәдем басып киятырған жас қәлем ийеси өз дөретпелеринде, бахытлы ҳәм қайталанбас балалық, арзыў-үмитлери, ана Ўатанға сүйиспеншилик, миллийлик сезимлерин көркем сөз бенен баянлаған.

Әдебият майданында өз дөретпелери менен қәдем қойып атырған жас талант ийесине дөретиўшилик жолында табыслар тилеймиз. Келешекте елимизге белгили жазыўшы ҳәм шайыр болып жетилиседи деп беккем исеним билдиремиз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press