Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.27K subscribers
36.9K photos
4.47K videos
29 files
16.4K links
Download Telegram
#Медиа_тур

Жаслар ертеңги келешегимиз. Олардың бүгинги мийнети келешектеги тийкарғы кәсибине бағдарлаўы да әбден мүмкин. Қосымша исбилерменлик жумысларын алып барыўы - дәрамат көзин табыўға, қурғын хожалық жаратыўға бағдарлайды. Районда жаслар тәрепинен қусшылықты раўажландырыўға дәслепки жолды жас исбилермен А.Рсекеев баслап берди. Жасларды жаңа жумыс орны менен таныстырыў, исбилерменликти баслаў ҳәм оны алып барыў барысы бойынша журналистлер бир топар жаслар менен биргеликте қусшылық фермасына медиа тур шөлкемлестирди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Медиа_тур

Район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети тәрепинен журналистлер менен районлық руўҳый ағартыўшылық орайы баслығының районда жаңадан қурылып, пайдаланыўға берилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине медиа туры басланды. "Қараой" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 15-санлы МШБШ жумыс баслағанына енди ғана 5 ай толып атыр. Усы аўыл аймақтағы және Өзбекстан МПЖ аймағында жасаўшы шаңарақлардың балаларынан 80 бала тәрбияланып атыр. Яғный, қамтып алыў бағдары 70 пайыз. Шөлкем жәмәәти аўылларда үй тәрбиясында болып атырған 30 пайыз баланы да бақшаға қамтыў жолларын қарастырып атыр. Тәрбияшылар ушын да, кишкенелер ушын да китап қоры жыйналған. Тазалық, азадалықты ҳәр бир бөлмеден, асханадан да аңлаў қыйын емес. "Дәслепки қәдем" бағдарламасы тийкарында семинар жумысы да әйне усы шөлкемнен басланған. Журналистлер сондай-ақ, өзлерин қызықтырған сораўлар менен бирге тәрбияланыўшылар менен де сәўбетте болды. Олар өз бақшасын жақсы көреди.

Каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Медиа_тур

Алдын хабар бергенимиздей, бүгин Тахтакөпир районында медиа тур өткерилип, дәслепки сапарды районлық тоғай хожалығынан баслады. Ол жердеги ыссыханада өндирилген өнимлер, дала майданында өнип бой тиклеген мийўе, жергиликли ҳәм жергиликли емес декоратив нәллер және олардың мәкемелерге, шаңарақларға тарқатылыў жоллары менен танысып шықты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Медиа_тур_өткерилди

Балаларымыздың жарқын келешеги ушын жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери имаратлары қурып питкерилмекте. Жасыратуғыны жоқ, көп жыллардан бери халқымыздың перзентлери ушын мәмлекетлик балалар бақшалары имаратлары қайта қурылмады. Ескилерин оңлаўдан өткериў арқалы балалар тәрбияланып атыр. Райондағы 2-балалар бақшасы имараты заманагөй емес имарат болып, жаңа имаратқа мүтәжлик бар еди. Еки қабаттан ибарат жаңа имарат қурылып, бүгинги күнде 150 бала бул шөлкемде тәрбияланып атыр. Хош, бул тәрбия орайында балалардың жағдайы қандай, тәрбияшылардың жумыс алып барыўы ше? Мине, усындай мазмундағы журналистлердиң сораўларына жуўап алыў мақсетинде медиа тур өткерилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

📍https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Медиа_тур

Ерте бәҳәрден районымызда "Жаслар дәптери"не киргизилген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында секторлар тәрепинен оларға дийқаншылық пенен шуғылланыўы ушын ҳәр бир жасқа 1 гектардан жер ажыратып берилген еди. "Жаңадәрья" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 12 жастың бәнтлиги усылайынша тәмийинленди. Бүгинги күнде дийқаншылыққа қол урған жаслардың мийнетиниң нәтийжеси менен танысыў мақсетинде бул аймаққа медиа тур шөлкемлестирилди. Аманжол Жаңашбаев жүўери ҳәм гүнжи дақылларын егип, жазда тәрбиялаған. Бүгинги зүрәәти болса жас дийқанның дийдилеген мақсетин бергенине журналистлер гүўа болды. Аманжолдың ҳәм оған бүгин қол қанат болып жүрген жәрдемши жаслардың арзыў-мақсетлери ҳаққында гүрриңлесиўлер өткерилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

📍https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Медиа_тур_шөлкемлестирилди
Тахтакөпир районы “Ғəрезсизлик” мəкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан "QARAQALPAQSTAN AGRO KLASTER" жуўапкершилиги шекленген жəмийетине қараслы Пахта тазалыў кəрханасына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары ҳəм сиясий партиялар басшыларының қатнасыўында медиа тур шөлкемлестирилди. Медиа тур даўамында Пахта тазалаў кəрханасындағы жумыслардың барысы ҳəм жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.
https://t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati/
#Медиа_тур

Тахтакөпир районы "Тахтакөпир" поселкасы пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Б.Тәңирбергеновтың усынысы тийкарында шөлкемлестирилген нан өнимлерин ислеп шығарыўшы "Айнатдин-Бекзад" шаңарақлық кәрханасына медиа тур шөлкемлестирилди.  

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети  
https://t.iss.one/taxtakopir_hakimligi
#Медиа_тур

Тахтакөпир районы Мәденият бөлими ҳәм де Қарақалпақстан республикасы телерадиокомпаниясы хызметкерлери менен биргеликте  "Мийрас" көрсетиўиниң нәўбеттеги репортажын таярлаў мақсетинде "Қараой" ҳәм "Белтаў" аўыл пуқаралар жыйыны аймақларында болды.

Сейил даўамында "Қараой" АПЖ турғыны Өтениязова Улбийке апаның шаңарағында болып миллий тағамларымыз ҳәм миллий үрп-әдет дәстүрлеримиз ҳаққында сәўбетлести.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/taxtakopir_hakimligi
#Медиа_тур
#Депутатлар_мәҳәлледе

Усы жылдың 23-февраль күни Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары Б.Айтеков, М.Гаипов, Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутатлары ҳәм райондағы сиясий партия баслықлары Тахтакөпир районы «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жумыслары менен кеңнен танысты.

📑Толық мағлыўмат
https://taxtakopir.uz/4027.html

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/taxtakopir_hakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Медиа_тур
Тахтакөпир районлық
Медицина бирлеспесинде медиа тур шөлкемлестирилди

Тахтакөпир районлық Медицина бирлеспеси тәрепинен халқымызға қөсетилип атырған медициналық хызметлердың сапасы менен танысыў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Б.Айтеков ҳәм Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депуталары ҳәмде районымызда жумыс алып барыўшы ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында медиа тур шөлкемлестирилди.

Медиа тур қатнасыўшылары районлық Медицина бирлеспесиндеги қабыллаў бөлими, туўыў үйи, балалар бөлимлери, операция ханасы ҳәм тез жәрдем хызметиниң жумыс барысы менен танысып, булар ҳаққында кең жәмийетшиликке мәлимлеме жеткериў мақсетинде ғалаба хабар қураллары ушын материаллар таярлады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Медиа_тур

«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде

#Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаев тәрепинен өткерилген селектор мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П.Махсетбаевлар район ҳәкими Ж.Адилов пенен биргеликте Тахтакөпир районы аймағында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериңде мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерге егилиўи тийис болған декоратив ҳәм мийўе терек нәллериниң тарқатылыў барысы менен танысты.

📄Толық мағлыўмат
https://taxtakopir.uz/4159.html

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Медиа_тур

Тахтакөпир районында әмелге асырылып атырған инвестиция жойбарлары үйренилди

Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары Д.Жолдасов, тийисли тараў кәнигелери менен биргеликте Тахтакөпир районы аймағында санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында әмелге асырылып атырған аймақлық инвестиция жойбарлары менен танысты.

Толық оқыў ушын
https://taxtakopir.uz/4639.html

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Медиа_тур

Тахтакөпир районында
медиа тур шөлкемлестирилди

Бүгин 27-май Тахтакөпир районы орайынан алыс аймақта жайласқан «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынында әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалар менен танысыў мақсетинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасында медиа тур шөлкемлетирилди.

Онда республикамызда өз искерлигин көрсетип атырған баспасөз хызметкерлери, телевидение журналистлери ҳәм социаллық тармақтағы жеке каналларды жүритиўши блогерлер қатнасты.

Кунниӊ дәслебинде, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери аймақта әмелге асырып атырған абаданластырыў жумысларыныӊ барысы ҳәм аўыл халқыныӊ бул өзгерислерге болған мүнәсибети менен танысты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Медиа_тур

Белтаў аймағында шөлкемлестирилген
медиа тур даўамында

Медиа тур қатнасыўшылары район ҳәкими Ж.Адилов басшылығында «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жыллар даўамында қараўсыз қалған ҳәм ҳәзир күнде қайта жанланған жер майданларында помидор нәллерин отырғызыў жумысларыныӊ барысы менен танысты ҳәм сол жердеги тәжрийбели дийханлар менен саўбетлесиўлер алып барды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Медиа_тур

Суў тежеўши технологиялар менен танысты

Медиа тур даўамында қатнасыўшылар аймактағы егислик майданларына тамшылатып суўғарыў жолы менен суў жеткерип бериў ушын орнатылған жаӊа суў тежеўши технологиялар менен танысты.

Ҳәзирги ўақытта аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан үлкен көлемдеги 12 орында артезиан қудықлары қазылып, 500-600 метр тереңликтен суў шығарыўға ерисилди.

Сондай-ақ, аймақта жаңа егислик жерлерин ашыў мақсетинде 2000 гектар жер майданы таярланды. Соның менен бирге, усы егислик майданларына тамшылатып суўғарыў жолы менен суў жеткерип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде 12 орында жасалма суў сақлағышларды қазыў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде жыллар даўамында қараўсыз қалған егислик майданлары қайта жанланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press