Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.08K subscribers
35.9K photos
4.37K videos
29 files
16.1K links
Download Telegram
🏠#Yйде_қалың

#Хошхабар

Денсаўлықты сақлаў министрлиги: Өзбекстанда коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслардың және 13 адамы пүткиллей саўалды.

Коронавирус инфекциясынан саўалған 13 адамнан 12си Вирусология илимий-изертлеў институты клиникасынан, 1еўи болса Хорезм ўәлаятындағы жуқпалы кеселликлерге арналған емлеўханадан саўалып шықты.

https://telegram.me/joinchat

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Хошхабар

✈️ Нөкис халықаралық аэропортына Қазақстан Республикасының "BEK AIR" авиакомпаниясы тарепинен дәслепки чартер катнаўы әмелге асырылды.

🇰🇿 Қоңсылас Республиканың Ақтаў қаласынан пәрўазды әмелге асырған Boing 737 хаўа кемеси бүгин, яғыный 8-март күни, саат 14:55 те Нөкис халықаралық аэропортына келип қонды.

🛃 Бул рейс арқалы саат 16:18 де жерлеслеримизден 149 жолаўшы Ақтаў қаласына ушып кетти.

❗️ Алдынрақ хабар бергенимиздей, Өзбекстан менен Қазақстан ортасында авиарейслер тикленбекте. Бүгин, сондай-ак, Үргенш халықаралық аэропортына Ақтаў қаласынан дәслепки рейс әмелге асырылғанын айтып өтиў керек. "SCAT" авиакомпаниясы самолеты жергиликли ўақыт пенен 7:00де Үргенш аэропортына келип конған.

📝 "Нөкис халықаралық аэропорты" ЖШЖ мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Хошхабар

✈️ Жаңа Нөкис - Ақтаў - Нөкис авиақатнаўы

❗️ Усы жылдың 21-июнь сәнесинен баслап «Uzbekistan Airways» АЖ Нөкис-Ақтаў-Нөкис жөнелиси бойынша ҳәптениң ҳәр дүйшемби күнлери турақлы қатнаўларды әмелге асырады.

🎫 Нөкис - Ақтаў жөнелиси бойынша авиабилет баҳасы 1 093 000 сумнан басланады, ал Нөкис - Ақтаў - Нөкис бойынша 1 869 000 сумнан басланады.

✔️ Буннан тысқары, Ташкент ҳәм Самарқандтан Ақтаўға және Нөкис арқалы изге туўрыдан-туўры тарифлер енгизилген. Сондай-ақ, «Uzbekistan Airways» АЖ Үргенш-Ақтаў-Үргенш жөнелисинде де ҳәптесине еки мәрте – дүйшемби хәм жума күнлери турақлы қатнаўларды әмелге асырып атырғанын атап өтиў керек.

📣 Еслетип өтсек, усы жылдың 28-май күни Қазақстанның "СКАТ" авиакомпаниясы тәрепинен хәптениң хәр пийшемби күни турақлы рейс жолға қойылған еди. Демек, енди биринши, төртинши күнлери Ақтаў қаласына пәрўаз имканияты болады.

📥 Дәрек:
@nukusairport