Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.08K subscribers
35.9K photos
4.37K videos
29 files
16.1K links
Download Telegram
#Саламатлық_күнделиги

Шекер тутыныўын шеклеў арқалы нелерге ерисиў мүмкин?

🔶 Исшеңлик қәбилетин асырыў
🔶 Артықша салмақтан қутылыў
🔶 Ас сиңириў машқаласынан сақланыў
🔶 Жас көриниў
🔶 Кейпиятты көтериў
🔶 Саламат уйқы
🔶 Еслеў қәбилетин беккемлеў мүмкин.
#Саламатлық_күнделиги

🍵 Шайды төмендеги жағдайларда ишиўге болмайды:

♻️ Аш қарынға шай ишпең – бул асқазан ҳәм талақ ушын зыян.
♻️ Жүдә ашшы шай да зыянлы – оның қурамындағы кофеин ҳәм танин уйқысызлыққа алып келеди.
♻️ Шай демленип узақ ўақыт турса – ол өз ийсин, реңи менен дәмин жойтады, бактериялар пайда болыўына алып келеди.
♻️Шайды қайта-қайта демлеўге де болмайды – биринши мәртебе демленгенде 50 пайызға пайдалы тәреплерин сақлап қалады, екинши мәрте демленсе 30 пайыз, үшинши мәрте болса бары-жоғы 10 пайыз ғана пайдалы тәреплерин өзинде сақлайды.
♻️ Бул ишимликти аўқаттан алдын ишиў де усыныс етилмейди – аўқаттың ҳақыйқый мазасын жоғалтады, протеин муғдарын кемейттиреди.
♻️ Дәрилер менен бирге ишпең – қурамындағы танин элементи дәриниң сорылыўына кери тәсир етеди.
♻️ Кешеги демленген шайды ишиўге болмайды – бир күн өтип шайда бактериялар пайда болады.