#Тез_күнде_премьера
🎭Қарақалпақ сахнасында тарийхый жаңалық: «Ромео ҳәм Жульетта»
Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрының репертуары және бир қунлы шығарма менен байыды. Театр жәмәәти дүнья классикалық әдебиятының ири ўәкиллериниң бири болған Вильям Шекспир қәлемине тийисли «Ромео ҳәм Жульетта» трагедиясын сахналастырмақта.
Әҳмийетлиси, бул қарақалпақ театр өнериндеги тарыйхый жаңалық болып, усы күнге шекем бизиң сахнамызда Вильям Шекспирдиң тек ғана «Отелло» трагедиясы сахналастырылған. Яғный Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театырында 1970-жылы сахналастырылған «Отелло» дан соң мине, арадан 50 жыл өтип, В.Шекспирдиң дүнья театр өнериндеги ең баҳалы шығармаларының бири «Ромео ҳәм Жульетта» трагедиясын ана тилимизде тамашалаў алдында турсыз.
Пьесаны қарақалпақ тилине аўдармалаған У.Пиржанов, сахналастырған режиссёр А.Қудайназаров.
Трагедияда Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрының тәжирийбели ҳәм жас талантлы актёрларынан: Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Ж.Әбдимов (Монтекки), Р.Уразбаев (Капулетти), С.Арзиев (Кньяз), П.Төлегенов (Граф Парис), сондай-ақ, Ромео ҳәм Жульетта рольлерин жас талантлы актёр-актрисалар Р.Тлемисов пенен Б.Бахиевалар атқарады.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, премьера тез күнлерде Сизиң нәзериңизге усынылады, деп жазбақта театр мәлимлеме хызмети.
Қарақалпақстан хабар агентлиги