#Директор_миннетдаршылығы
Ассалаўма әлейкум, филиал жәмәәти, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар!
Усы жылдыӊ 1-июньнен 4-июнь күнлери аралығында Республикамыздағы жоқары оқыў орынлары арасында “Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик” сүрени тийкарында «Студентлер бәҳәри» фестивалы болып өтти. Фестивал шеӊберинде көплеген иләжлар ҳәм көрик-таӊлаўлар, спорт жарыслары өткерилди. — Атап өтиў орынлы, филиалымызда да усы сыяқлы бир қатар иләжлар жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Әлбетте, усындай шебер шөлкемлестириўшилик жумысларында пүткил филиал жәмәәти, атап айтқанда, профессор-оқытыўшылар, деканат, барлық бөлимлер ҳәм тьюторлар, солар қатарында Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими ҳәмде Мәлимлеме хызмети, сондай-ақ тырысқақ ҳәм қәбилетли студентлеримиздиӊ аўызбиршилик пенен әмелге асырған ислери ҳәм мийнетлерин айрықша атап өтиў менен бирге булардыӊ ҳәр бирине өзимниӊ тереӊ миннетдаршылығымды билдиремен. Пүткил студент-жасларды бирлестирген фестивалдыӊ жоқары дәрежедеги шөлкемлестириўшилик пенен болып өтиўине Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ мүнәсип үлесин қосыўында филиал жәмәәтиниӊ аўызбиршилик пенен, ийгиликли мақсет жолында жәмлесе алғанлығы гиреўли болды деп ойлайман. Қалаберсе, ЖООлары студентлери арасында өткерилген қатар таӊлаўлар ҳәм спорт жарысларында филиал студентлериниӊ унамлы нәтийжелерди қолға киргизип, жеӊимпазлар саныныӊ әдеўир көбейгенлиги, бизди айрықша қуўанышқа бөледи. Усы орында бундай жоқары нәтийжелерге ерисиўимизде өзиниӊ салмақлы үлесин қосқан студентлер, атап айтқанда, «Дебат» интеллектуал ойынында команда болып, сыйлы 1-орынды ийелеген студентлерге,
ер балалар арасында спорттың киши футбол түри бойынша 2-орынды ийелеген ҳәм қызлар арасында спорттың волейбол түринен 3-орынды қолға киргизген сайланды командамыздыӊ жигит-қызларына, Студентлер театр студиясындағы қәбилетли студентлеримизге, "Заманагөй аяқ ойын" таңлаўында жеке шығыўда сыйлы 1-орынды ийелеўге мияссар болған 2-курс студенти Азиза Медетбаева ҳәм 2-орынды ийелеген 1-курс студенти Малика Полатбаева, “Жас бақсылар" таңлаўында жас сәзенде жөнелиси бойынша 2-орын ийеси болған Ақсунгул Досекеева ҳәм усы таӊлаўларда белсене қатнасып, филиалдыӊ абыройын көтериў ушын мүнәсип ҳәрекет қылған барлық студент-жасларға өзимниӊ миннетдаршылығымды билдирип қаламан. Аўызбиршиликте әмелге асырылған истиӊ өз алдына берекети болады, оныӊ жуўмағында қолға киргизилген нәтийжелер болса, бизге жаӊа мотивация ҳәм қәтержамлық бағышлайды. Биз биргеликте ҳәрекет қылдық ҳәм «Студентлер бәҳәри» фестивалыныӊ ҳәр биримиздиӊ қәлбимизде унамлы елеслер менен мөрлениўине ерисе алдық. Алдағы ўақытта да усындай жоқары нәтийжелерди қолға киргизип жүриў несип етиўин тилеген ҳалда, ҳәр бириӊизге тереӊ саламатлық ҳәм ийгиликли арзыў-мақсетлериӊизди әмелге асырыўда сабыр-қанаат ҳәм энергия тилеймен. Ҳәр дайым ағла пазыйлетлер жолдасыӊыз болсын!
Ҳүрмет пенен,
Есимбетов Адилбай Тлепович
СамМВМШБУ Нөкис филиалыныӊ директоры
➡️Рәсмий каналымызға ағза болыў

🔥9👍2🤩1