Samarqand mámleketlik veterinariya medicinası, sharwashılıq hám biotexnologiyalar universiteti Nókis filialı | Rásmiy
1.09K subscribers
12.9K photos
1.89K videos
120 files
5.8K links
SamVMShBU Nókis filialınıń rásmiy kanalı
Web-sayt:https://www.sdvunf.uz
Facebook: https://www.facebook.com/samvminf.samvminf.5
Instagram:https://instagram.com/samvmshbunf?
Bizge múrájat etiw➡️igshid=YmMyMTA2M2Y= https://
https://t.iss.one/pressa_murajat_bot
Download Telegram
#Студент_дөретиўшилигинен
#Әдебият
#Кеўилге_жақын_қосық


Әкежан

Кеўилсиз отырман емлеўханада,
Көзлерим тигилер узын жолларға,
Сен болсаӊ түспесем бундай ҳалларға,
Сағынып жыласам дәрья толама?

Бир әке киятырса барын арқалап,
Қызын көриўге гүллери менен,
Мен әрман шашларын өрип майдалап,
Сенсизликте өткен күнлерим менен.

Әкеӊ панаӊ екен, әўметиӊ екен,
Тәкирар айланбастай дәўлетиӊ екен,
Көксиӊди таў етер айбатыӊ екен,
Бир-бир еслеп көрсем енди әкежан.

Сен келсеӊ байрамға айланып ханам,
Жаздай жайнар еди-аў бул кеўил ханам,
Өзиӊ екенсеӊ-аў шадлығым әкем,
Қәдириӊ өтти бизге енди әкежан.

Сағыншым жүректе сезимин төсеп,
Қаншалар езилдим өзиӊди күсеп,
Енди табылмайсыз, биз излеп көрсек,
Кеўилимниӊ тажы әзиз әкежан.

Сени жанымыздай жақсы көрсекте,
Мудамы кеўилиӊизди бағып жүрсекте,
Бул дүньяда мийманлығыӊыз билсекте,
Ертерек арадан кеттиӊ әкежан.

Бирге өткен күнлер қайтып келмейди,
Сағынышыма бир жуўап айтып келмейди,
Сиз берген меҳирди енди өзге бермейди,
Билсеӊиз, сағынаман қатты әкежан.

Жалғасы болармыз әрманларыӊныӊ,
Базы бардай болар пәрманларыӊныӊ,
Сағынышқа толы кеўил тарымныӊ,
Муӊлы намалары өзиӊ әкежан.

Сени еслеп жүрер барқулла қызыӊ,
Енди кеўилим ярым мениӊ әкежан,
Айталмайман бирақ, дәртлерим узын,
Қағазға сырласып қосық жазаман.

Көре алмай кеттиӊ аў мийнетиӊ жемисин,
Өзиӊ барда жоқтай еди билсем кемисим,
Сен екенсеӊ мениӊ шадлы теӊизим,
Таслап кетпеймен деген едиӊ әкежан.

Өмирде адамлар мәӊги туратуғындай,
Ҳалым жоқ дәртке мойын буратуғындай,
Мен сени излеймен түнлерде тынбай,
Өзиӊсиз қыйналып кеттим әкежан.

Өмирди жасайман сиз үйреткендей,
Журт таӊлай қағысып ҳәўес еткендей,
Барлығы болар-аў өзиӊ күткендей,
Тек өзиӊ жоқлығыӊ әрман әкежан.

Автор:1-курс 104-топар студенти Шийрын Жолдасова
Бул қосықты қайтыс болған әкесиниӊ ядына бағышлайды