Samarqand mámleketlik veterinariya medicinası, sharwashılıq hám biotexnologiyalar universiteti Nókis filialı | Rásmiy
Photo
#студент_күнделиги
#үйретиўди_жақсы_көремиз
Инсан тәбияты қызық, адам тәбияты түсиниксиз. Биз үйрениўден көре, үйретиўди көбирек жақсы көремиз. Бойымыздағы кемшиликлерди дүзеўдиӊ орнына, биреўлерден айып излегенди мақул көремиз. Өзимиздиӊ минезимиз шатақ екенлигин тән алмаймыз бирақ, адамларға баҳа бериўди дөндиремиз. Биреўге бул исти қылма бул қәте деймиз, изинен өзимиз әйне сол исти қыламыз. Адамлардан ҳақыйқатты талап етемиз, бирақ өзимиз көп өтирик сөйлеймиз. Бизге биреў ақыл үйретсе, жол-жоба көрсетсе, жақтырмай мурнымызды гиржийтемиз. Бирақ, кимгедур ақыл үйретиў керек болса, бизден өткен ақыллы адам жоқтай аўзымызды толтырып кеӊес айтамыз. Қыялымызда оларға өмирди, жасаўды үйретемиз. Бирақ, өзимиз үйрениўимиз керек болған көп нәрсе бар екенлигин умытып қоя беремиз. Хош, неликтен биз үйрениўди емес, үйретиўди жақсы көремиз? Биз ишине сүӊгип кеткен тиришилик теӊизинде биз еле уғынбаған, түбине шекем аӊлап жетпеген сырлар көп, билгенлеримизден көре, билмегенлеримиз көп. Солай екен, үйретиўшилер қатарында емес, илажы болса үйрениўшилер қатарында болыўға тырысыӊ. Сонда күн келип сизден шын мәнисинде жақсы үйретиўши жетилисип шығады.
📚Студент күнделигинен