Samarqand mámleketlik veterinariya medicinası, sharwashılıq hám biotexnologiyalar universiteti Nókis filialı | Rásmiy
1.07K subscribers
13.1K photos
1.92K videos
121 files
5.85K links
SamVMShBU Nókis filialınıń rásmiy kanalı
Web-sayt:https://www.sdvunf.uz
Facebook: https://www.facebook.com/samvminf.samvminf.5
Instagram:https://instagram.com/samvmshbunf?
Bizge múrájat etiw➡️igshid=YmMyMTA2M2Y= https://
https://t.iss.one/pressa_murajat_bot
Download Telegram
#студент_күнделиги
#жаңа_күнлер_үмити

Санаўлы күнлерден соң 2023-жыл кирип келеди. Бәршемиз жаңа күнлер, таза мәўритлердиң үмити менен жүрмиз. Қәлбимизди ески қайғы муңлар, тәшўишлерден тазартып, өзимизге жап жаңа гирбиңсиз сезимлерди инәм етейик.
☃️☃️☃️☃️☃️☃️☃️☃️

📚Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#2023_жыл

🕊«2023-жыл» деп аталған китабыӊыздыӊ жаӊа бабын пәк қыяллар, таза арзыўлар ҳәм жаӊа үмитлер менен баслаӊ.

📕Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#басланыўы

Ҳәмме нәрсениӊ жаӊадан басланыўы ҳәм қыйын ҳәм әжайип болады. Еӊ кереклиси, гирбиӊсиз исеним ҳәм таза жүрек пенен баслаў. Китабыӊыздыӊ дәслепки бетлерин унамлы елеслер менен баслап атырсыз ба?

📕Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#үш_қағыйда

☝️Егер биз қәлбимизге тәртип орната алсақ, өзимизге үлкен инәмди бере аламыз. Биз сизге айтатуғын 3 қағыйданы ядыңызда сақлаң:
1-ҳәр қандай жағдайда да өмирден налымаң;
2-ҳеш қашан биреўди айыпламаң;
3-қанша ҳақ болсаңызда кимлергедур өзиңизди ақлаўға урынбаң.

📙Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#тәшўишлерге_бағынбаң

🌱Тәшўишлер, ғамлар үсти-үстине келип, шыдаў мүмкин болмаған бир дәрежеге келип қалсада, ҳеш қашан түскинликке бағынбаң. ​Әне сонда ғана тәғдийриңиз өзгереди. Мейли, күткен адамларыңыз усындай пайытта бир аўыз ҳалыңызды сорап қоймаса да, жаныңызда өзиңизге мүнәсип инсанлар бар екенлигине, еле тойып нәпес алып атырғаныңызға шүкир етиң. Шүкиршиликте ҳикмет көп. Қандай қыйын жағдайда болсаңыз да қанаатланып үйрениң!

📙Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#күн_мотивациясы

Тосықлардың жолын сен байлап тасла, әўметлер саған қарай келсин, бахытсызлық сеннен қорықсын, қәтелерди сен дүзетип тасла, ериншеклик сеннен үлги алсын, қыйыншылық сеннен қашсын, жетискенлик саған қарай талпынсын.

📙Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#жүрегиңизди_кең_қылың

Илажы барынша дүньяға күлип қараң. Жүрегиңизди кең қылың. Адамларға жаманлық ойламаң. Илажы болса жақсылықларды илиниң. Сиз қанша кең болсаңыз, дүнья соншама сизге қушағын кең ашады.
🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️

📙Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#адамлар_ҳәм_дәрежелер


✏️Турмысымыз даўамында түрли категориядағы адамларға дус келемиз. Жазылмаған, бирақ еӊ әпиўайы қағыйда бар: «Биз өзимиздиӊ дәрежемиз болмаған адамлар менен мәнили сәўбет қура алмаймыз!». Дәрежеси теӊ адамлардыӊ ғана бир-бири менен әлпи алысады. Бул жерде дәреже дегенде, лаўазымлар ямаса материаллық байлық нәзерде тутылып атырған жоқ. Ақылый, руўхый дәрежелер ҳаққында сөз етилмекте. Соған дыққатлы болыӊ. Өзиӊиз бенен дәрежеси теӊ болмаған адамларға ҳеш қашан гәпиӊизди заяламаӊ. Мейли, олар артыӊыздан тас атқысы келсе де, итибар бермеӊ. Себеби, олар ылақтырған тас бир күни айланып келип өзлериниӊ басларына тийеди. Үлкен итимал менен сизиӊ дәрежеӊизде болмаған адамлар, сизиӊ жетискенликлериӊизди тән алғысы келмейди. Бул жүдә күлкили ҳәм аянышлы…

📕Студент күнделигинген
#студент_күнделиги
#гирбиӊсиз_тилеклер

Сизиӊ мәнзилиӊизге жолланған ҳәр қандай унамлы тилек, қәлбиӊизге жетип барады. Жақын инсанлар ғана бир-бирине еӊ жақсы нийетлерди илинеди. Биз адамзатқа еӊ кереги «меҳир». Ҳәр бириӊизге меҳир ҳәм итибарға бөленип жүриў несип етсин.
🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊

📕Студент күнделигинен
#Студент_күнделиги
#кеўил_жыллылығы

Сыртта қанша суўық ҳаўа райы болса да, қәлбиӊизде ҳәр дайым жыллы ҳаўа райы болсын. Ыссы кеўиллерден мийрим ҳәм жағымлы сөзлер дөреледи. Ҳаўа райы салқын болса, оннан қалыӊ кийинип сақланыў мүмкин, бирақ қәлбтеги музды еритиў қыйын. Усындай ҳаўада бәршеӊизге қәлб жыллылығын тилеймиз!🤗🤗🤗🤗🤗🤗🤗🤗

📕Студент күнделигинен