#Таңлаў
Усы жылдың 23-ноябрь күни өткерилген “Үлгили Үгит-нәсиятшы” таңлаўының Республикалық басқышында районымыздағы 25-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Арзайым Дошмуратова белсене қатнасып, миннетдаршылық ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
#Таңлаў

#Әдебиятымыз_қос_байтереги

Мектеп оқыўшылары арасында китапқумарлықты раўажландырыў арқалы халқымыздың сүйикли шайыры И. Юсупов ҳәм Т. Қайыпбергенов шығармаларын тереңирек үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, жаслардың дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаў, сөйлеў мәдениятын раўажландырыў, ана тилимиздиң тазалығын сақлаў, жасларымыздың пикирлеў қәбилетин жетилистириў  мақсетинде Халық билимлендириў бөлими, “И.Юсупов избасарлары” ҳәм “Т. Қайыпбергенов шығармаларының билимданы” таңлаўының  районлық басқышы өткерилди.
Таңлаў үш шәрт тийкарында алып барылып, оған улыўма билим бериў мектеплериниң жоқарғы класс оқыўшылары қатнасты.
Илажда оқыўшылар И. Юсуповтың қосықларын ҳәм Т. Қайыпбергеновтың шығармаларынан өзлериниң билим ҳәм көликпелерин көрсете алды.
Таңлаў соңында  жеңимпаз деп табылған оқыўшыларға китаплар саўға етилди.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi