Республикамыздан келген исши топар ағзалары Қараөзек районында болды.

⚡️Исши топар ағзалары дәслеп район ҳәкими А. Баймуратов пенен ушырасып, мәҳәллелерде алып барылып атырған жумыслар бойынша сәўбетлести ҳәм алдағы исленетуғын жумысларды белгилеп алды.
Буннан соң, район орайындағы «Ата мәкан» МПЖ да болып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 21-декабрь күнги ПФ-209-санлы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар, мәҳәлледеги хызметкерлерге жаратылған шараятлар, жетиликтиң әмелге асырған жумыслары менен танысып, пәрман талапларының орынланыўы бойынша түсиник жумысларын алып барды.
Үйрениў жумыслары, райондағы қалған мәҳәллелерде де алып барылыўы даўам етеди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Саёҳат ташкил этилди!

⚡️Республикаси прокуратураси томонидан Ҳудудларда ёшлар билан манзилли иш ташкил этиш ва оммавий ахборот воситаларида ёритиш юзасидан Иш режаси қабул қилинган.
Шунга асосан Қораўзак туман прокуратураси томонидан оталикка олинган ёшларнинг ижтимоий-маънавий рухиятини юксалтириш мақсадида 27 нафар ёшларни И.Савицкий номидаги Қорақалпоқ давлат санъат музейига саёҳати ташкил этилди.
Саёҳат давомида ёшларга музейда мавжуд санъат асарлари, тарихий буюмлар ҳақида маълумот ва қизиқтирган саволларига тушунчалар берилди.
Бундан сўнг, ёшларга тушлик ташкиллаштирилди.

➡️@QaraozekHakimligi
Шақырылыўшылар дыққатына!

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 9-апрель күнги “Шақырылыўшыларды таңлап алыў тәртиби нызамын  тастыйқлаў ҳаққында” ғы 291–санлы қарарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Қараөзек районы қорғаныў ислери бөлиминде  2025-жылғы шақырыў илажларын шөлкемлестириўде шақырылыўшыларды мүддетли әскерий хызметке шақырыўдан алдын саралаў ҳәм таңлаў жумыслары  өткерилмекте.
Сол себепли, 1998 - 2007 жылларда туўылған шақырылыўшылар Қараөзек районы қорғаныў ислери бөлимине хабарласып, дәслепки таңлаў илажларына қатнасыўы мүмкин.
Таңлаўда шақырылыўшылардың улыўма физикалық таярлық дәрежеси баҳаланады ҳәмде жеке тәртипте сөйлесиўлер өткериледи.
Усы илажлар район ҳәкиминиң қарары менен дузилген таңлаў кеңеси тәрепинен алып барылады.
Улыўма физикалық нормативлерин баҳалаў тәртиби Шақырылыўшылардың улыўма физикалық таярлық дәрежесин баҳалаў төмендегише қабыл қылыў арқалы әмелге асырылады:
турникде тартылыў;
100 метрге жуўырыў;
3000 метрге жуўырыў.
Шақырылыўшылардың улыўма физикалық таярлық дарежеси төмендегише баҳаланады:
а) турникде тартылыў бойынша:
12 мәрте ҳәм оннан көп тартылғанда — 5 (жоқары);
10-11 мәрте тартылғанда — 4 (жақсы);
8-9 мәрте тартылғанда — 3 (қанықарлы);
1- 7 мәрте ямаса улыўма тартыла алмағанда — 2 (қанықарсыз);
б) 100 метрге жуўырыў бойынша:
14,0 секунд ишинде орынлағанда — 5 (жоқары);
14,1 — 14,4 секундта орынлағанда — 4 (жақсы);
14,5 — 15,0 секундта орынлағанда — 3 (қанықарлы);
15,1 секунд ҳәм одан көп ўақытта орынлағанда — 2 (қанықарсыз);
в) 3000 метрге жуўырыў бойынша:
12,40 минут ишинде орынлағанда — 5 (жоқары);
12,40 минутдан 13,20 минутқа шекем орынлағанда — 4 (жақсы);
13,20 минутдан 14,0 минутқа шекем орынлағанда — 3 (қанықарлы);
14,0 минутдан көп ўақыт ишинде орынлағанда — 2 (қанықарсыз).

Шақырылыўшылардың улыўма физикалық таярлық дәрежесин баҳалаўда бир мәрте 2 (қанықарсыз) баҳа алған шақырылыўшы улыўма физикалық таярлық нормативлерин тапсыра алмаған деп есапланади.
Жеке тәртипте сөйлесиў өткериў тәртиби:
Жеке тәртипте сөйлесиў ўақтында шақырылыўшылардың мәҳәлле ҳәм жәмийетте тутқан орны, шаңарақ жағдайы, аброй-итибары, жүрис-турысы, қызығыўшылықлары, Өзбекстан тарийхы, уллы сәркардаларымыз ҳәм ата-бабаларымыз өмири ҳәм жумысларына байланыслы билимлери анықланады.
Соның менен бирге, улыўма физикалық таярлық нәтийжеларине тийкарланып шақырылыўшыларды әскерий-техникалық жөнелислери бойынша таярлыққа тартыў ямаса оларды муддетли әскерий хызметти өтеўи бойынша усыныс етиледи ямаса усыныс берилмейди.

Мағлыўмат ушын телефонлар:
+99861 465-51-59
+99897 358-55-01

ҚАРАӨЗЕК РАЙОНЫ ҚОРҒАНЫЎ ИСЛЕРИ БӨЛИМИ

➡️@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видеоролик

#Мәнаўият_фестивалы

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен Қараөзек районы «Қараөзек» аўыл пуқаралар жыйынында «Биз бир болсақ бир халықпыз, бирлессек Ўатанбыз!» сүрени астында өткерилген «Мәнаўият фестивалы»нан видеоролик

👉 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың ↘️↘️↘️
🌐
Telegram 🌐 Instagram 🌐 YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Хабар_бағдарламасы

⚡️Президентимиздиң 119-санлы пәрманы тийкарында республикамыздың көплеген пуқараларының үй-жайларының кадастр ҳүжжетлери менен байланыслы машқалаларына шешим табылыўына тийкар жаратылды.

Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Район ҳәкими А. Баймуратов билимлендириў тараўындағы жумыслар менен танысты.

⚡️Бүгинги күнде районда 33 улыўма орта билим бериў мектеплери болып, онда 8493 оқыўшыға тәжирийбели муғәллимлер билим берип киятыр.
Район ҳәкими мектеплердиң 2024-2025-жаңа оқыў жылына таярлығы ҳәм оқыўшыларға жаратылған шараятлар менен танысыў мақсетинде, сектор аймағындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде болды.
Үйрениў даўамында, оқыў орынларын жаңа оқыў жылына таярлаў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасында белгиленген илажлардың орынланыўы, мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында мектеплерде әмелге асырылып атырған жумыслары бойынша мектеп директорларының мағлыўматларын тыңлады.
Буннан соң, оқыўшылардың класс жайлары, муғәллимлер ханалары ҳәм мектеп дөгерегиндеги абаданластырыў жумысларының алып барылыўы менен танысып, айырым жиберилген қәте-кемшиликлер сынға алынды ҳәм тийисли тараў басшыларына тез арада сапрластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi