Ҳаял-қызларға исбилерменликти жолға қойыў ушын кредит ажыратылады

Нызамшылыққа муўапық, ҳаял-қызларға исбилерменликти жолға қойыў ушын Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли фонды есабынан 3 жылға шекем ҳәм 6 айға шекемги жеңиллетилген дәўир менен жыллық 14 пайыз ставкада 33 миллион сумға шекем кредитлер ажыратылыўы белгиленген.

Хотин-қизларга тадбиркорликни йўлга қўйиш учун кредит ажратилади

Қонунчиликка кўра, хотин-қизларга тадбиркорликни йўлга қўйиш учун Хотин-қизларни қўллаб-қувватлаш давлат мақсадли жамғармаси ҳисобидан 3 йилгача ва 6 ойгача имтиёзли давр билан йиллик 14 фоиз ставкада 33 миллион сўмгача кредитлар ажратилиши белгиланган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Билимлендириў хызметкерлери арасында Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ушырасыў өткерилди.

⚡️Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң Коррупцияға қарсы гүресиў ишки қадағалаўды әмелге асырыў бойынша бас қәнигеси Ш. Бабаназарова, Қараөзек районы прокуроры аға жәрдемшиси Қ. Зарымбетов ҳәм улыўма орта билим бериў мектеп директоры, мектепке шекемги билимлендириў шөлкем директорлары қатнасты.
Ушырасыў даўамында, «Коррупциясыз билимлендириў» сүрени астында Коррупцияға қарсы гүресиў ислерин жәнеда арттырыў, педагоглардың конституциялық ҳуқықларын қорғаў, нызам бузылыў жағдайларының алдын алыў бойынша түсиник жумыслары алып барылды ҳәм Коррупция жағдайларына байланыслы көргизбели ведиоролик қойып берилди.

Қараөзек районы ҳəкимлиги мəлимлеме хызмети.
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
КЕЎИЛ АЙТЫЎ

Қараөзек районы ҳәкимлиги Аўыл хожалығына мийнети сиңген нураный анамыз Амангул Хожалепесованың қайтыс болыўына байланыслы  марҳумның шаңарақ ағзаларына, жақынларына, туўған туўысқанларына
терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.
А. Хожалепесова өмири даўамында өзиниң бай билим ҳәм тәжирийбеси,  адамгершилик пазыйлетлери ҳәм Ана-Ўатанымызға болған шексиз меҳир-муҳаббаты менен халқымыздың кеўлинен орын алған инсан.
Оның ел-журт, Ана Ўатан алдындағы мүнәсип мийнетлерин жақсы билемиз ҳәм қәдирлеймиз.
Халқымыздың ардақлы перзенти Амангул Хожалепесованың  жарқын келбети халқымыз жүрегинде мәнги  сақланып қалады.
Қараөзек районы ҳәкимлиги.

➡️@QaraozekHakimligi
Район ҳәкиминиң жеке қабыллаўында 29 пуқараның мүрәжатлары көрип шығылды.

⚡️Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қараөзек районындағы Халық қабыллаўханасы имәратында 2024-жылдың 16-август күни район ҳәкими А. Баймуратов ҳәм райондағы мәкеме, шөлкем басшылары тәрпинен пуқаралар менен гезектеги ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў даўамында пуқаралардан электр-энергиясы, тәбийий газ, ишимлик суўы, жол қурылысы, социаллық қорғаў, бәнтлик, материаллық жәрдем ҳ. т. б мәселелер бойынша мүрәжатлар келип түсти.
Соннан 13 мүрәжат орнында унамлы шешилип, 10 пуқараның мүрәжатына ҳуқықый түсиник берилди ҳәм 6 мүрәжатты үйренип шығыў ушын тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қабыллаў бүгин азанғы саат 10:00 ден, саат 15:30 шекем даўам етти.
Район ҳәкиминиң пуқараларды жеке қабыллаўы ҳәр ҳәптениң жума күни болып өтеди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
«Ҳаялды қәдирлеген-журт!» атамасында мәдений иләж шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамы мүнәсебети менен Қараөзек районы «Мәденият орайы» нда «Ҳаялды қәдирлеген-журт!» атамасында мәдений иләж болып өтти.
Онда шығып сөйлегенлер, мәмлекетимиз тәрепинен ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды қәдирлеў, беккем шаңарақларды қәлиплестириў, жас әўладты миллий қәдириятларымызды ҳүрмет етиў руўхында тәрбиялаўдағы ҳаяллардың жәмийетте тутқан орны ҳәм абройын асырыў, соңғы жылларда мәмлекет сиясатының алдынғы жөнелислериниң бири екенлигине тоқтап өтти.
Иләжда районлық Мәденият бөлиминиң таярлаған йошлы концерт бағдарламалары ҳаял-қызларымызға хош кейпият бағышлады.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi