#Наўрыз_байрамы
#Сыйлықлаў_мәресими
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Райондағы биринши ҳәм екинши сектор басшылары тәрепинен сектор кесиминде пуқаралар мүрәжатлары үйренилмекте.
⚡️Бул бағдардағы жумыслар "Хабар" бағдарламасында.
👉@QaraozekHakimligi
БЕРДАҚ АПЖ ДА НАЎРЫЗ СЕЙИЛИ ӨТКЕРИЛДИ.
Халқымыз интизарлық пенен күтетуғын жаңа күн ҳәм жаңа пасыл шығыс халықларының жаңа жыл басламасы менен басланатуғын “НАЎРЫЗ” байрамы, райондағы «Бердақ» АПЖ да өткерилип, онда район ҳәкими орынбасарлары ҳәм аўыл жас үлкенлери бәрше қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм ҳәр бир шаңараққа қут-берекет, аўызбиришилик, мол ырысқы-несийбе, дийханларымызға молшылық, бәлент қырман жаратыўына тилеклеслик билдирди.
Буннан соң байрам тамашалары басланып, миллий спорт ойынлары, миллий тағамлар көргизбелери шөлкемлестирилип, миллий кийимлердеги қыз-келиншеклердиң сейиллери менен 7-санлы мектеп оқыўшыларының Наўрыз ҳаққындағы қосық тақмақлары, сахналық көринислери бәршеде үлкен заўық бағышлады.
Сондай-ақ байрам мүнәсебети менен аймақтағы бир қатар белсенди фермер хожалық баслықларына район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Байрам сейили басқада аймақларда даўам етип атыр.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@QaraozekHakimligi