✍ҚАРАӨЗЕК РАЙОНЫНДА «НАЎРЫЗ БАЙРАМЫ»
📌Наўрыз байрамының тәкирарланбас өзгешелиги бар, ол ҳәр бир үйде, ҳәр бир елде, пүткил жер жүзинде тынышлық ҳәм татыўлықты сақлаўға шақырады. Бул байрамда ҳәр қыйлы өкпе ҳәм гийнелер умытылады, урыс жәнжеллер тоқтайды, өз-ара келисим, татыўлық, адамгершилик жүзеге келеди. Әййемнен келип жеткен бундай мухаддес күн дәстүрлеримизди қәдирлеў, теберик жасы үлкенлеримиздиң дуўасын алыў ҳәм наўқаслардан хабар алыў бул байрамның және бир пазыйлетлериниң бири болып табылады.
Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен районымыздағы ғәрезсизлик майданында байрам сейиллери өткерилмекте.
⚡️Байрам илажында район ҳәкиминиң орынбасары И. Қосыбаев ҳәм районлық Нураныйлар Кеңеси баслығы М. Гүлимбетов ҳәм белсенди жасларымыз район халқын улыстың уллы күни Наўрыз әййямы менен қызғын қутлықлады.
⚡️Шығып сөйлеўшилер, өз сөзлеринде өсип киятырған жас әўладты кәмил инсанлар етип тәрбиялаўда, олардың қәлбинде ўатансүйиўшилик, миллий қәдриятларымызға ҳүрмет, тәбиятты қәстерлеп-абайлаў сыяқлы сезимлерди оятыўда, бул әййемги байрам үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти. Усы күни районымыздағы бир қатар белсенди оқыўшылар менен олардың устазлары, ата-аналары район ҳәкимлигиниң баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.
⚡️Буннан соң ҳаял-қызларымыз тәрепинен таярланған миллий тағамлар, миллий үрп-әдет дәстүрлеримизди сәўлелендириўши көргизбелер менен спорт ойынлары шөлкемлестирилди.
⚡️Байрам сейиллеринде халқымызға инам етилген концерт бағдарламалары ҳәм сахналастырылған байрам тамашалары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.
Районымыз бойлап байрам сейиллери даўам етпекте.
✍Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@QaraozekHakimligi

Президент Шавкат Мирзиёев:
Келеси бес жылда да халқымызды сапалы ҳәм тәжирийбели медициналық хызмет пенен тәмийинлеў, саламат турмыс тәризин кең қарар таптырыўды Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясының ең әҳмийетли бағдары сыпатында белгилеп алдық.
Бүгин сизлер менен денсаўлықты сақлаў тараўының улыўма аўҳалы, оны раўажландырыў мәселелери, системадағы әҳмийетли машқалаларды ашық-айдын талқылап, нәўбеттеги ўазыйпаларды анықлап аламыз.
Мен ҳәр сапар аймақларға барғанымда әлбетте медицина мәсканларына кириўге, шыпакерлер менен ушырасыўға ҳәрекет етемен.
Лекин, сизлер менен мине усындай ашық байланыс формасында биринши мәрте көрисип турыппыз.
Бүгин тараўдағы табысты - табыс, кемшиликти - кемшилик деп айтып, системадағы “кеселликлер”ге туўры диагноз қойып, олардың даўасын табыўға ҳәрекет етиўимиз зәрүр.
Медицина сондай тараў, оған тийисли болмаған инсанның өзи жоқ.
Ҳәммемиз де ыссы жанбыз, медицина мәкемелерине күнде-күнара мүрәжат етпеген адам табыў қыйын.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes

“Халықмыз саны ҳәзирги ўақытта 35 миллионнан асты.
Бул халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыўды, еӊ алды менен, медицина тараўында алып барып атырған ислеримизди улыўма жаңа басқышқа көтериўди талап етеди.
Бул бағдарда өткен дәўирде көп жумысларды әмелге асырып, салмақлы нәтийжелерге еристик.
Лекин еле бир қатар мәселелер, кемшилик ҳәм нуқсанлар өз шешимин күтип турыпты.
Усының себепинен, тараўдағы жағдайды сын көзқарастан анализлеп, орын алған машқалаларды системалы шешиў ўақыт-сааты келди, деп ойлайман”, деди Президент.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
website |facebook | telegram

Булардың есабынан :
- бирлемши медицина буўынын пүткиллей жаңа жантасыўлар тийкарында түп-тийкарынан өзгертиўге кирисиледи;
- өткен жылдан баслап, ҳәр бир мәҳәлделада “шаңарақбай” ислейтуғын медициналық бригадалар дүзилди;
- 2021 жылдан бирлемши буўында халықты 66 түрдеги дәри өнимлери менен бийпул тәмийинлеў жолға қойылды.
- халыққа сапалы медициналық жәрдемди кеңейтиў мақсетинде, басланғыш системаға 20 мың орта медицина хызметкерлери қосылды.
- аўылларда жайласқан 801 шаңарақлық поликлиника жаңа заманагөй УЗИ ҳәм ЭКГ аппаратлары менен тәмийинленди;
- аўыл ҳәм мәҳеллелерде 8 түрдеги жаңа медициналық хызметлер жолға қойылды.
Атап айтқанда, саламатлық көрсеткишлери бойынша қәўип топарына кирген 12 миллион халықты мақсетли скринингтен өткериў басланды.
Булардың барлығы, өз нәўбетинде, сапалы медициналық хызметлерди “мәҳеллеге шекем түсириў” бойынша зәрүрли қәдемлер болды.