Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
«Янги уйга кўчиб ўтсаларинг ҳам, ҳовлиларинг ўзларингга тегишли бўлиб қолади» — Шавкат Мирзиёев сирдарёликлар билан мулоқот қилди

Тошқин туфайли аҳолига йўқолган мол, қўй ва эчкилари ўрнига давлат томонидан бошқаси олиб бериладиган бўлди.

Дерек:@Karakalpak24
2020-жыл 16-май саат 10:00 жағдайында Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған наўқаслардың улыўма саны 124 ти қурайды.
Улыўма емленип шыққанлар – 112 адам.


Жаңадан кеселлениўшилик бойынша: 3 пуқара 12-14-май күнлери Россиядан келген автомобиль айдаўшылары, олардың 1-и басқа ўалаяттан, ал 2-и – Төрткүл районынан. Және 1 пуқара Тахтакөпир районынан, инфекцияға шалынған наўқас пенен контактте болып жуқтырып алған.

Солай етип,
Төрткүл районынан – 2 адам,
Тахтакөпир районынан – 1 адам,
Басқа ўалаятлардан – 9 адам.

Ҳәзирги пайытта коронавирус инфекциясы менен кеселленген пуқаралар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте.

Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги

@QaraozekHakimligi
"Uzbekistan Airways" арнаўлы комиссия қарарына көре 18-майдан баслап республика бойынша ишки рейслерди бақышпа- басқыш тиклеўди баслайды.

18-майдан баслап Ташкенттен Нөкис, Үргенч, Термиз қалаларына әмелге асырылыўшы авиақатнаўлар (барыў ҳәм қайтыў) ўақытларын дағазалады.

Ташкент–Нөкис–Ташкент (шийшемби, жума)

Ташкенттен ушыў ўақты 09:00;
Нөкиске қоныў ўақты 10:40;
Нөкистен ушыў ўақты 13:20;
Ташкентке қоныў ўақты 14:30.


Ташкент-Үргенш-Ташкент (Дүйшемби, пийшемби)

Ташкенттен ушыў ўақты 09:00;
Үргенчке қоныў ўақты 10:30;
Үргенчтен ушыў ўақты 13:30;
Ташкентке қоныў ўақты 14:50.


Ташкент–Термиз–Ташкент ( сәршемби, шемби)

Ташкенттен ушыў ўақты 09:00;
Термизге қоныў ўақты 10:20;
Термизден ушыў ўақт 13:20;
Ташкентке қоныў ўақты 14:30.


Авиабилетлерди онлайн, аэропортларда ҳәм авиакомпания кассаларында карантин талапларына толық әмел қылған ҳалда сатып алыў мүмкин.

Жаңа тәртипке муўапық, авиакомпания рейслерине тек ғана короновирусқа тест тапсырып, нәтийжеси жақсы шыққан жолаўшылар ғана дене температурасы өлшенген ҳалда  руқсат бериледи. Медициналық нықап хәм  қолғап болыўы талап етиледи.

Жолаўшылар аэропорт вокзалларында белгиленген аралықты сақлаўы ҳәм бағдарлаўшы арнаўлы ленталар бойлап ҳәрекетлениўи шәрт болып есапланады. Жолаўшылар самолёт портында белгиленген аралықты сақлаған ҳалда жайластырылады- жанындағы орынлықлардың биреўи бос қалдырылады. Пәрўаз ўақтында зəрүр болмаса салон бойлап ҳәрекетлениў қадаған етиледи.

Тəртип талаплар бузылғанда айыпкер болған шахслар эпидемияға қарсы гүрес қағыйдаларын бузғанлығы ушын хəкимшилик жуўапкершиликке тартылады.

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги

Дерек:@Karakalpak24
Банклерге пластигинен пул урлатып барып атырғанлар көп, банк мүрәжат етпекте

Бүгинги күнде пластик картадағы пуллардың урланыўы бойынша мүрәжатлер көбеймекте. Ҳәммемиз дерлик банк пластик карта номерлерин ҳеш кимге айтпаў керек екенлигин жақсы билсек те, негедур пуқаралар пластик картадан пулларын өзи билген ҳалда урлатып қойып атыр. Электрон пул урлаўшылар төмендеги жоллар арқалы өзлериниң пул урлығын әмелге асырыўы мүмкин.
1⃣ Усы телеграм каналға 100 яки 1000 адам қоссаңыз пластигиңизге пул түсирип беремиз.
2⃣ Сиз акцияда қатнасып пул утып алдыңыз. Пулыңызды сизге түсирип бериў ушын карта номериңизди айтың.
3⃣ Сизиң OLXқа қойган затыңыз унады. Мен шет елде тураман, пластик картаңыздың номерин айтсаңыз мен пулыңызды түсирип беремен яки ағайинлерим затты барып алып кетеди.


Усыған уқсас түрли алдаў жоллары арқалы күнине бир нешше 100 пуқаралар өз мийнет ҳақларын урлатып қоймақта.
Ҳәр қандай жағдайда да карта номери ҳәм ☎️телефоныңызға келген СМС кодты ҳеш кимге айтпаң!

А.Шамукулов, банк қәнигеси

Дерек:@Karakalpak24
РАЙОНДА КАРАНТИН ҚАҒЫЙДАЛАРЫ КҮШЕЙТТИРИЛМЕКТЕ
Республикамызда жүзеге келген коронавирус инфекциясыныӊ кеӊ тарқалып кетиўиниӊ алдын алыў кеселликтиӊ жуғыў қәўипи профилактикасын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, халық саламатлығын тәмийинлеў мақсетинде Қараөзек районлық санитария эпидемиологиялық тынышлық орайы тәрепинен бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Қараөзек районы санитария эпидемиологиялық тынышлық орайы дезинфекция бөлиминен 4 хызметкер, районлық бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен шәртнама тийкарында 37 хызметкер бекитилип, район аймағындағы барлық мәкеме, кәрхана, шөлкемлер, саўда орынлары, көп қабатлы турақ жайлар, орайлық көшелер, «Қараөзек», «Досназаров», «Қойбақ» постларынан өткен 13910 автотранспортларға дезинфекция жумыслары исленип, базарлардағы овощ-палыз гөш өнимлери арнаўлы лабараториялардан өткерилип атыр. Қараөзек районы аймағында усы кунге шекем 326 пуқара 14 күнлик үй карантинине алынып, соннан 252 пуқара үй карантининен шығарылды. Ҳәзирги күнде Қараөзек районы Мәденият АПЖ, Хожа аўылынан 13 шаӊарақта 74 пуқара 14 күнлик үй карантинине алынып, районлық ишки ислер бөлими, Миллий гвардия, районлық СЭТО, районлық медицина бирлеспеси хызметкерлери тәрепинен қадағалаўға алынбақта. Қараөзек районында коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў ис-иләжларын муўапықластырыў бойынша штабыныӊ 2020-жыл 25-апрель күнги 1/58 санлы баянламасына тийкар мүлкшилик түриниӊ қандай болыўына қарамастан район аймағындағы барлық мәкеме ҳәм кәрханаларда коронавирус инфекциясыныӊ COVID-19 кирип келиўиниӊ алдын алыў ҳәм тарқалып кетиўине жол қоймаў мақсетинде талаплардыӊ орынланыўын тәмийинлеў бойынша районлық ишки ислер бөлими, Миллий гвардия, Қаракалпакстан республикасы мәмлекетлик санитария эпидемиологиялық қадағалаў басқармасы районлық бөлими ҳәм санитария эпидемиологиялық тынышлық орайы қәнигелери қатнасында исши топар қурамы дүзилди. Исши топар тәрепинен белгиленген графикке тийкар район орайындағы «Агробанк», «Халк банк», районлық бәнтликке көмеклесиў орайы, районлық қаржы бөлими, Мәжбүрий орынлаў бюросы мәкемелеринде кирер жеринде дезинфекция жолшасы, пуқаралардыӊ дене ыссылығын өлшеў ушын контактсыз пирометр, қолларды зәрерсизлендириў ушын антисептиклер ҳәм пуқаралар, ислеўшилер арасында өз-ара аралықты сақлаў иләжларыныӊ орынланыўы бойынша рейд, қадағалаў иләжлары өткерилди. Соныӊ менен бир қатарда мәкемелерде ислеўши пуқараларға санитария гигиена талаплары бойынша түсиник жумыслары алып барылды. Коронавирус инфекциясыныӊ кирип келиўи ҳәм тарқалыўыныӊ алдын алыў иләжлары даўам етпекте. Бәршеңизди карантин қағыйдаларына бойсынып ,қәнийгелердиң мәслаҳәтлерин орынлап әмел етип қалыўыңызды илтимас етип қаламыз.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
АЎЫЛ ХОЖАЛЫҚ КОЛЛЕДЖИ ҚӘЎЕНДЕРЛИК КӨРСЕТТИ.
Елимизде тарқалып атырған коронавирус инфекциясы дәўиринде ўатанласларымызға таяныш болыў, қутлы Рамзан айында жалғыз баслы, майып ҳәмде социаллық жәрдемге мүтәж болған шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алыў, оларды руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў “Қайыр сақаўат ҳәм көмек” улыўмахалықлық ҳәрекети шеңберинде Қараөзек аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжине бекитилген “Қутлы мәкан” МПЖ аймағында жасаўшы Мәмбетмуратова Айша ҳәм Омарова Оразгүллердиң шаңарағынан хабар алынып мүтәжликлери үйренип шығылып, күнделикли азық-аўқатлық өнимлери жәрдем сыпатында жеткерилип берилди.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
#Челлендж.
#Қараөзек районы.
#33-мектеп.
#1-класс оқыўшысы.
#Даўытбаева Нуржамал
# 5 баслама шанарақта жойбары қатнасыўшысы.

@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Халқаро пресс-клубнинг Сирдарё вилоятидан “Сардоба-2020: синов, бирдамлик, меҳнат, сифат” мавзуидаги эфири

Шавкат Мирзиёев: Албатта, кимдир савол бериши мумкин: шу сув омбори керакмиди-йўқмиди? Бунақа саволлар ҳозир ҳам кўп.

Нима учун Сирдарё ва Жиззах вилоятлари ривожланишда ортда қолган? Сув бўлмагани учун. Деҳқон одам билади, пахтага 5-6 марта сув бериш керак. Нимага бошқа жойларда 40-70 центнер ҳосил олинарди-ю, бу ерда 15 центнер? Чунки икки марта ҳам сув бера олмасдик-да.

Иккинчидан, бирон марта такрорий экин эка олармидик? Сув йўқ эди-ку. Шунинг учун 2010 йилда тўғри хулосага келинган.

Сирдарё ва Жиззах вилоятларини ривожлантириш нуқтайи назаридан – чорвага ҳам, экинларга ҳам, парранда, балиқларга ҳам сув керак. Бу тўғри қарор бўлган. Лекин шундай талафот бўлди, [энди] келажакда ҳар бир қилган ишимизни янада пишиқроқ, пухтароқ, мукаммал қилишимиз керак.

Каналга уланиш https://t.iss.one/studio_67
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Халқаро пресс-клубнинг Сирдарё вилоятидан “Сардоба-2020: синов, бирдамлик, меҳнат, сифат” мавзуидаги эфири

Воҳиджон Аҳмаджонов, Сув хўжалиги вазири ўринбосари: Сирдарё ва Жиззах вилоятлари Сирдарё дарёсининг ўрта оқимида жойлашган бўлиб, йилига 20 млрд. куб сув оқиб ўтади. Шундан 6 млрд. ёз ойларида, қолган 13-14 млрд. қисми эса қиш фаслида оқиб кетади. Сув таъминотига эҳтиёж ёз ойларида сезилган вақтларда бу вилоятларда сув таъминоти жуда паст бўлган, бор йўғи 65% сув билан таъминланган. Сув танқислиги жуда юқори бўлганлигидан қишлоқ хўжалигида суғориш, такрорий экиш муаммо бўлган.

Сардоба сув омбори
140 минг гектар майдонга сув беради, умумий таъсири эса 370 минг гектарга тенг.

Каналга уланиш https://t.iss.one/studio_67