#қутлықлаў

ҲАЙЫТ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Қурбан ҳайыты гүллан халқымызға қутлы-мүбәрек болсын. Аллаҳ таала бул уллы күнниң шарапаты менен елимиздиң тынышлығын беккем етсин, дәрьямыздың суўын көп, ырысқымызды мол, шаңарақларымызды бахытқа бөлесин, ислеримизге раўаж, ул-қызларымызға илим-әдеп, кеселлеримизге шыпа, сапардағыларға жеңиллик, жасы үлкенлеримизге өмирлериниң еле де зыядалығын берсин!

Бул уллы, мүбәрек күнлерде Аллаҳ тааладан дуўа қылып сорайық, бул вирус бәлесин елимизден, халқымыздан тез арада көтерсин. Алдынғы турмыс тәризимизге тез күнлерде қайтыўды несип етсин.

Бүгинги ҳайыт байрамын үйимизде, шаңарақ ағзаларымыз бенен бирге өткерейик.
Өткен жыллары ҳайыт күнлери усыныс етилетуғын ата-аналарымызды барып көриў, ағайин-туўысқанларымыз бенен барды-келдимизди беккемлеў, қоңсы-қобалар менен қурбанлық дастурханлары әтирапында жәмлениў сыяқлы пазыйлетли ислеримизди кейинирекке қалдырып турамыз.
Бүгин нийет еткенлер қурбанлықлар шалып, туўған-туўысқанларына, қоңсы-қобаларына, жора-жолдасларына берип жиберсе, олар менен жәмленбесе де, иншааллаҳ бул иси саўаплы болады.
Бүгин шаңарағымыз бенен бир дастурхан әтирапында дуўалар етип бирге отырыўымыз, балаларымызға байрам қуўанышын үлесиўимиз, оларға татлы затлар алып бериўимиз, дастурханларымызды толтырып қойыўымыз, қолымыздан келгенше адамларға жақсылық етиўимиз, оларға жақсы тилеклер билдириўимиз мақсетке муўапық болады.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты жәмәәти

https://t.iss.one/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
July 31, 2020
December 19, 2020
February 5, 2021
March 6, 2021
March 27, 2021
March 31, 2021
April 7, 2021
April 10, 2021
April 12, 2021
April 30, 2021
August 30, 2021
August 30, 2021
September 30, 2021
December 31, 2021
July 30, 2022
September 6, 2022