#Тайынлаў

Хожели районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети баслығы лаўазымына Хурметуллаева Сарбиназ Иззетуллаевна тайынланды.

Ол усы күнге шекем райондағы бир неше жуўапкершиликли мәкемелерде ислеп келген.
 
ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

@KRuzuz
#Тайынлаў

Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер Министри тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер Министри лаўазымына Торебеков Бахтияр Исмандиярович тайынланды.

Торебеков Бахтияр усы күнге шекем Қоңырат районы Ишки ислер бөлими баслығы лаўазымында ислеп келген.

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
#Тайынлаў

Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў министрлигиниң Баспасөз хаткери лаўазымына Саидаҳмадов Шухрат Бахтиёр улы тайынланды.

Шухрат Саидаҳмадов усы күнге шекем, Мәмлекетлик тилде ис жүритиў тийкарларын оқытыў ҳәм қәнилегинин арттырыў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң оқытыўшысы ҳәм «Kun.uz» сайтының Қарақалпақстан Республикасы бойынша хабаршысы болып жумыс алып барған.

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
#ТАЙЫНЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң буйрығына тийкар, Отарбаев Абубакир Арысланбаевич Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районы әдиллик бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

А. Отарбаев усы күнге шекем, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлими бас мәсләҳәтшиси лаўазымында жумыс иследи.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

👉@QaraozekHakimligi
#Тайынлаў

Досбергенов Сейдулла Бектурсынович Тахтакөпир районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Досбергенов Сейдулла усы күнге шекем Қараөзек районы "Бектурсын ата" фермер хожалығы баслығы лаўазымында ислеп келген. 

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети  

👉@QaraozekHakimligi
#Тайынлаў

Сагидуллаева Роза Бегдуллаевна

Қараөзек районы ҳәкиминиң орынбасары-шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.
Мағлыўмат ушын:
Р.Сагидуллаева усы күнге шекем, Қараөзек районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы улыўма билим бериў мектеби директорының оқыў тәрбия ислери бойынша орынбасары лаўазымында жумыс ислеп келген.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👉@QaraozekHakimligi
#ТАЙЫНЛАЎ

Джуманиязов Айдос Махсетбаевич Қараөзек районы
ҳәкиминиң Экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў
мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымына
тайынланды.

Мағлыўмат ушын: А. Джуманиязов усы күнге шекем Қараөзек районы "Қутлы макан" МПЖ да исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселеси бойынша район ҳәкиминиң жәрдемшиси лаўазымында ислеп келген.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi.
#Тайынлаў

Султанов Рустам Бегдуллаевич Қарақалпақстан Республикасы Финанс министри лаўазымына тайынланды.

Р.Султанов
усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы акционерлик-коммерциялық Халық банки, Мәмлекетлик акционерлик – коммерциялық «Асакабанки» ҳәм Өзбекстан Республикасы Есап палатасында жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.

Мағлыўмат орнында, Қарақалпақстан Республикасы Финанс министри лаўазымында усы күнге шекем жумыс ислеп келген Махмуд Содиков өз арзасына бола ийелеп турған лаўазымынан босатылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#ТАЙЫНЛАЎ

Якупов Оӊғар Сабырбаевич
«Қарақалпақ суў тəмийнаты» ЖШЖ Қараөзек районы филиалы баслығы лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем Қараөзек районы ҳәкимлиги атқарыў тəртибин қадағалаў бөлими бас қәнигеси лаўазымында жумыс ислеп келди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
#Тайынлаў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 12-сентябрьдеги қарары менен Омаров Маманбий Аллабергенович Өзбекстан Республикасы Транспорт министриниң биринши орынбасары лаўазымына тайынланды


Омаров Маманбий Аллабергенович усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри лаўазымында жумыс алып барды.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter