#Билесизбе

Аймақлық ден саӯлықты сақлаӯ басқармалары күни-түн ислейди

Республика арнаӯлы комиссиясының Қарарына көре, Ден саӯлықты сақлаӯ министрлигине министрлик аппараты хызметкерлерин байрам ҳәм дем алыс күнлеринде нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жумысқа тартыӯға рухсат бериледи.
Бунда, усы қәрежетлер ден саӯлықты сақлаӯ министрлигине 2020-жыл бюджет параметрлеринде ажратылған қаржылар шеңберинде әмелге асырылады.
Ден саӯлықты сақлаӯ министрлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Ден саӯлықты сақлаӯ министрлиги, ӯәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ден саӯлықты сақлаӯ басқармаларында коронавирус инфекциясына қарсы гүресиӯ мақсетинде күн-түн жумыс шөлкемлестириледи.
Усы илажларға тартылған хызметкерлерге күнлик 6 % қосымша төлемлер Кризиске қарсы гүресиӯ фонды қаржылары есабынан қапланады.


Дерек:@huqiqiymalimleme
#Билесизбе
Төмендегилер 14 жасқа шекем балалары болған шаңарақларға напақа, баласы еки жасқа толғанға шекем бала күтими бойынша напақа ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем алыӯда үстинлик ҳуқықына ийе:

(https://www.lex.uz/acts/2134701)👉 ата-анасының екеӯинда жоғалтқан, балалары тәрбиясы менен болса туӯысқанлар шуғылланып атырған шаңарақлар;

👉 ата-аналардан бири ямаса екеӯида майыплығы болған шахс болған шаңарақлар;

👉 14 жасқа шекем болған еки ҳәм оннан артық балалады тәрбиялап атырған, басқа туӯысқанлардан айрықша жасап атырған жесир ҳаяллар (еркеклер);

👉 майыплығы болған баласы бар шаңарақлар;

👉 баланы толық болмаған шаңарақларда тәрбияланып атырған аналар (аталар);

👉 ата-аналардан бири ямаса екеӯи жумыссыз болған ҳәм жумыс излеӯши сыпатында бәнтликке көмеклесиӯ орайларында есапта турған шаңарақлар;

👉 жалғыз пенсионерлер.

Дерек:@huqiqiymalimleme
#Билесизбе?

Салық кодексине муӯапық төмендегилер ислемеген ӯақыт ушын хақ төлеӯ есапланады (https://lex.uz/docs/4674902):

🔹 нызам ҳүжжетлерине муӯапық:
• жыллық тийкарғы (узайтырылған тийкарғы) дем алыс ушын төлем, сондай-ақ усы дем алыстан пайдаланылмағанда, атап айтқанда хызметкер менен мийнет шәртнамасы бийкәр етилгенде пуллық компенсация төлеми;
• қолайсыз ҳәм өзине тән мийнет шәраятларында, сондай-ақ аӯыр ҳәм қолайсыз тәбиий-ҳаӯа райы шәраятларында ислегенлиги ушын айырым тармақлардың хызметкерлерине берилетуғын қосымша дем алыс ушын төлем;
• оқыӯ менен байланыслы дем алыс ҳәм көркемлик дем алыслар ушын төлем;
• он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баласы ямаса он алты жасқа толмаған маыплығы болған баласы бар ҳаялларға берилген қосымша дем алыс ушын төлем;
🔹 тийкарғы ис хақы бир бөлеги сақлап қалынған ҳалда мәжбүрий дем алыста болған хызметкерлерге берилетуғын төлемлер;
🔹 донор хызметкерлерге көриктен өтиӯ, қан тапсырыӯ ҳәм қан тапсырылған ҳәр бир күннен кейин берилетуғын дем алыс күнлери ушын төлем;
🔹 Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине муӯапық мәмлекетлик ямаса жәмийетлик ӯазыйпаларды орынлағанлығы ушын мийнетке төлем;
🔹 аӯыл хожалығы ҳәм басқа жумысларға тартылатуғын хызметкерлердиң тийкарғы жумыс орны бойынша сақлап қалынатуғын ис хақы;
🔹 белгили бир мүддетке алдынған жумыс орны бойынша лаӯазым айлығы муғдары сақлап қалынған ҳалда басқа юридикалық шахслардан жумысқа жайластырылған, сондай-ақ ӯақтыншалық ӯазыйпаны орынлап турған хызметкерлерге айлығындағы парқ төлеми;
🔹 хызметкерлерге кадрларды қайта таярлаӯ ҳәм олардың маманлығын асырыӯ системасында жумыстан ажратылған ҳалда оқыӯлары ӯақтында тийкарғы жумыс орны бойынша оларға төленетуғын ис хақы;
🔹 хызметкердиң айбысыз бийкәр турып қалынған ӯақыт ушын төлем;
🔹 мийнет уқыплылығын ӯақтынша жойтқан хызметкерлерге қосымша төлем;
🔹 нызам ҳүжжетлерине муӯапық ямаса ис бериӯшиниң қарары менен мәжбүрий прогул ӯақты ушын ямаса кем хақ төленетуғын жумысты орынлағанлығы ушын төлем;
🔹 он сегиз жасқа толмаған шахслардын жеңилликли саатларына, аналарға баланы аӯқатландырыӯы ушын жумыста берилетуғын дем алысларғә, сондай-ақ медициналық көриктен өтиӯ менен байланыслы ӯақыт ушын төлем;
🔹 тийкарғы жумысынан азат етилген ҳәм азат етилмеген ҳалда хызметкерлер таярлаӯ, оларды қайта таярлаӯ ҳәм олардың маманлығын асырыӯ ушын ҳәмде оқыӯшылар ҳәм студентлердиң ислеп шығарыӯ әмелиятына басшылық етиӯ ушын тартылатуғын жоқары маман хызметкерлери мийнетине төлем;
🔹 ис бериӯшиниң қаржылары есабынан төленетуғын пенсиялар ҳәм напақаларға қосымшалар, стипендиялар;
🔹 жоқары оқыӯ орнын тамамлағанынан кейин жас қәнигелерге дем алыс ӯақты ушын ис бериӯши есабынан төленетуғын напақалар.

Дерек:@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

Жумыссызлық напақасы кимге ҳәм қанша дәӯирге төленеди?

❗️жумыстан айырылған, биринши мәрте жумыс излеп атырған, сондай-ақ узақ (бир жылдан артық) дем алыстан кейин мийнет искерлигин қайта баслаӯды қәлеген ҳәм жумыссыз деп тән алынған шахсларға жумыссызлық напақасы төленеди. (https://www.lex.uz/docs/142859)

👷‍♂️♂️ Жумыссызлық напақасы жумыссыз деп тән алынған шахсқа ол жумыс излеп атырған шахс сыпатында жергиликли мийнет органында дизимнен өткен күннен баслап тайынланады.
Қарамағында үш адамға шекем болған, 35 жасқа толмаған жумыссыз еркекке жумыссызлық напақасы ол хақ төленетуғын жәмийетлик жумысларда белгиленген тәртипте қатнасқан жағдайда тайынланады.
Жумыссыз шахстың напақа алыӯ ҳуқықы ол жумыс излеп атырған шахс сыпатында дизимнен өткен ӯақыттан баслап кеши менен он биринши күннен баслап күшке киреди.

Жумыссызлық напақасы көби менен:

👉 жумыстан ҳәм ис ҳақынан (мийнет дәраматынан) айрылған ямаса узақ (1 жылдан артық) дем алыстан кейин мийнет искерлигин қайта баслаӯға ҳәрекет етип атырған шахсқа 12 айлық дәӯир даӯамында 26 календарь ҳәпте;

👉 алдын ислемеген ҳәм биринши мәрте жумыс излеп атырған шахсқа болса 13 календарь ҳәпте даӯамында төленеди.

Дерек:@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

Мал-мүлк салығы ҳаққында не билесиз?

Дерек:@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

Бүгиннен нызамшылықта нелер өзгереди?

1. Аи-80 бензини баҳасын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў бийкәр етиледи.

Аи-80 маркалы автомобиль бензини ҳәм дизель жанылғысы (атап айтқанда ЭКО маркалы дизель жанылғысы) усақлап сатыў баҳаларын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў бийкәр етиледи ҳәм нефти қайта ислеў заводлары тәрепинен оларды сатыў тек ғана биржа саўдалары арқалы әмелге асырылады. (https://www.lex.uz/docs/4780722)
2. Медицина шөлкемлеринде халық медицина ханалары ашылады.
Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан финансластырылатуғын, мәмлекетлик мәкемеси формасындағы юридикалық шахс атағына ийе Республика халық медицинасы илимий-әмелий орайы шөлкемлестириледи. (https://www.lex.uz/docs/4785739)
Буннан тысқары, район (қала), ўәлаят ҳәм республика дәрежесиндеги мәмлекетлик көп тармақлы медицина мәкемелеринде ҳәмде мәмлекетлик емес медицина шөлкемлеринде халық медицинасы ханалары ашылады.

3. Аймақларда дәрилик өсимликлер жетистириў бойынша қәнигелестириледи.
Дәрилик өсимликлерди жетистириў, сақлаў, бирлемши ямаса шуқыр қайта ислеў кластерлери шөлкемлестириледи, сондай-ақ аймақлар дәрилик өсимликлер жетистириў бойынша қәнигелестириледи. (https://www.lex.uz/docs/4785256)

4. Алкоголь ҳәм темеки өнимлерине жаңа үлгидеги акциз маркалары енгизиледи.(https://lex.uz/docs/4788397)
5. Бақша пулы муғдары өзгереди.
Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеми муғдары өзгереди (https://www.lex.uz/docs/4751145).

6. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Жоқары билимлендириўди раўажландырыў изертлеўлери ҳәм алдағы технологияларды енгизиў орайы директоры мийнетке хақ төлеў шәртлери бойынша ЖОО ректорына, директор мәсләҳәтшиси ҳәм директор орынбасарлары – ЖОО проректорына, басқарма ҳәм бөлим баслықлары – факультет деканына, бас қәниге – аға оқытыўшыға, жетекши қәниге – оқытыўшыға теңлестириледи (https://www.lex.uz/docs/4730312).

7. Мәмлекетлик қурылыс қадағалаўының жаңа тәртиби енгизиледи.
Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясы ҳәм аймақлық инспекциялар тәрепинен қурылысы тамамланбаған объектлерден пайдаланыўға рухсат бериў тәртибин енгизген ҳалда, финансластырыў дереклерине қарамастан қәўип-қәтер тайпасы төмен объектоерди пайдаланыўға қабыл етиў бойынша бар тәртип-қағыйдалар бийкәр етиледи (https://www.lex.uz/docs/4726130).

Дерек:@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

🏡 Үй-жай майданының социаллық нормасы қанша?

Муниципал, кеңселик үй-жай фонды ҳәм анық мақсетли коммунал үй-жай фондынан турақ жайлар пуқараларға үй-жай майданының социаллық нормасына муӯапық бериледи (https://www.lex.uz/docs/106136).
Үй-жай майданының социаллық нормасы ӯәлаят ҳәкимликлери тәрепинен 1 адам есабына 16 квадрат метрден кем болмаған улыӯма майдан көлеминде, кресло-арбашада ҳәрекетленетуғын майыплар ушын болса – 23 квадрат метрден кем болмаған көлемде белгиленеди.
Пуқаралардың айырым тайпаларына үй-жай майданының социаллық нормасынан артықша қосымша үй-жай майданы бир хана тәрзинде ямаса 18 квадрат метрли улыӯма майдан муғдарында бериледи.
Айырым созылмалы кеселликлердиң аӯыр түрлери менен кеселленген пуқараларға, Ден саӯлықты сақлаӯ министрлиги тастыйықланған дизим бойынша, сондай-ақ орынлап атырған жумыс шараятлары ҳәм қәсийетине көре қосымша майдан зәрүр болған пуқараларға бундай майдан муғдары көбейтирилиӯи мүмкин.

Дерек:@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

Өзин-өзи бәнт қылған пуқараларға да ис стажы есапланады
2019-жыл 1-сентябрден баслап өзин-өзи бәнт қылған пуқараларға ўақтыншалық мийнет гүўалықлары, олардың ийелерине мийнет стажын есапқа алыў ҳәм хошаметлеўши жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықы берилиўин нәзерде тутатуғын тәртип енгизилген (https://lex.uz/docs/4409483).
Өзин-өзи бәнт қылған пуқаралар – хызметлер көрсетиўди, жумыслар орынлаўды ғәрезсиз әмелге асырылатуғын, жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында дизимге алынбаған ҳәм өз искерлигинде жалланба хызметкерлер мийнетинен пайдаланбайтуғын, мийнет стажы есапқа алыныўы ҳәм хошаметлендириўши жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықы менен ўақтыншалық мийнет гүўалықларын рәсмийлестирген шахслар.
Ўақтыншалық мийнет гүўалықлары берилген сәнеден баслап ҳәм олар әмел етиўиниң пүткил дәўири пенсияны есаплап шығарыў ушын пуқаралардың мийнет стажына есапланады.
Мийнет гүўалығы арза бериўшиниң қәлеўине көре физикалық шахстың мүрәжаты тийкарында 1 айдан 12 айға шекем болған мүддетке бериледи.

Дерек:@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

АТА-АНА ПЕРЗЕНТИ УШЫН ЖУЎАПКЕР

Ата-ана өз балаларының тәрбиясы ушын жуўапкер. Олар өз балаларының саламатлығы, физикалық, руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық камалы ҳаққында ғамхорлық етиўи шәрт. (https://lex.uz/docs/104720)
Баланың өмири ямаса саламатлығына қәўип туўылғанлығынан, оның ҳуқық ҳәм нызамлы мәплери бузылғанлығынан хабардар болған шахслар бул ҳаққында бала сол ўақытта жасап турған орындағы қәўендерлик ҳәм әменгерлик органына мәлим етиўи шәрт.
Сондай мағлыўматларды алғаннан, қәўендерлик ҳәм әменгерлик органы баланың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша зәрүр илажлар көриўи шәрт.

Дерек:@huqiqiymalimleme

@QaraozekHakimligi
#Билесизбе

❗️Қарсылық көрсетиў, яғный хызмет ўазыйпасын орынлап атырған ҳәкимият ўәкилиниң нызамлы искерлигине ямаса пуқаралық миннетин орынлап атырған шахсқа қарсылық көрсетиў бир жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланыўға алып келиўи мүмкин (https://lex.uz/docs/111453#266616).

Нызам шеңберинде хызмет ўазыйпасын орынлап атырған ҳәкимият ўәкили ямаса пуқаралық миннетин орынлап атырған шахсты қандай формада болмасын өзиниң хызмет ўазыйпасын орынлаў ямаса пуқаралық миннетин орынлаўдан бас тартыўға, сондай-ақ нызамға қайшы ҳәрекетлер ислеўге мәжбүр етиў бес жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланыўға алып келиўи мүмкин.

Дерек:@huqiqiymalimleme

@QaraozekHakimligi
#Билесизбе

Мәмлекетлик уйымның ҳүжжетине исенип ҳәрекет еткен шахстың исеними Нызам менен қорғалады

📃 «Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы Нызамға көре (https://lex.uz/docs/3492199), лаўазымлы шахс мәмлекетлик уйым тәрепинен берилген ҳәкимшилик ҳүжжеттиң нызамлы күшине исенип, ҳәкимшилик ҳүжжет тийкарында алынған мал-мүлктен пайдаланған, өз мүлкине ийелик етиў ушын питим дүзген ямаса ҳәкимшилик ҳүжжетте белгиленген мәп ҳәм жеңилликлерден басқаша тәризде пайдаланған болса, оның исеними қорғалыўы лазым.

Дерек:@huqiqiymalimleme

@QaraozekHakimligi
#Билесизбе

❗️Надурыс реклама ақыбетинде сатып алынған товар (ис, хызмет) себепли тутыныўшыға жеткерилген зыян ислеп шығарыўшы (атқарыўшы, сатыўшы) тәрепинен толық көлемде қапланыўы лазым (https://lex.uz/docs/4704).

Дерек:@huqiqiymalimleme

@QaraozekHakimligi
#Билесизбе

🔰 Мийнет шәртнамасы (https://lex.uz/docs/142859) төмендеги мақсетте дәслепки сынаў шәрти менен дүзилиўи мүмкин:
👉 хызметкердиң тапсырылып атырған жумысына уқыплылығын тексерип көриў;
👉 хызметкер мийнет шәртнамасында шәртлесилген жумысты даўам еттириў бойынша бир қарарға келиўи.

Төмендегилер ушын дәслепки сынаў белгиленбейди:
👉 ҳәмиледар ҳаяллар;
👉 3 жасқа толмаған баласы бар ҳаяллар;
👉 кәрхана ушын белгиленген минимал жумыс орынлары есабынан жумысқа жиберилген шахслар;
👉 орта арнаўлы, кәсип-өнер тәлими, жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилери оқыўды тамамлағаннан кейин 3 жыл ишинде биринши мәрте жумысқа кирип атырғанда;
👉 хызметкерлер менен 6 айға шекем мүддетке шәртнамасы дүзилип, жумысқа қабыл етилгенде.

Дерек:@huqiqiymalimleme

@QaraozekHakimligi
#Билесизбе
Жергиликли ҳәкимият органлары жуўапкершилигине қандай мәселелер киреди?

🔰 Нызамшылыққа муўапық, жергиликли ҳәкимият органлары жуўапкершилигине төмендегилер киреди:

• нызамлылықты, ҳуқықый-тәртипти ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў;

• аймақларды экономикалық, социаллық ҳәм мәдений раўажландырыў;

• жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, жергиликли салықлар, жыйымларды белгилеў, бюджеттен тысқары қорларды дүзиў;

• жергилкли коммунал хожалыққа басшылық етиў;

• қоршаған орталықты қорғаў;

• пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыўды тәмийинлеў;

• норматив ҳүжжетлерди қабыл етиў ҳәмде Конституция ҳәм нызамларға қайшы келмейтуғын басқа ўәкилликлерди әмелге асырыў.

Дерек:@huqiqiymalimleme

@QaraozekHakimligi
#Билесизбе

«Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген айырым өзгерислер

Дерек:@huqiqiymalimleme

@QaraozekHakimligi
#Билесизбе
Ўәлаят көп тармақлы медицина орайында мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан медициналық жәрдем алыў жеңиллигине ийе шахслар

Дерек:@huqiqiymalimleme

@QaraozekHakimligi.
#Билесизбе
☑️Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Мәденият ҳәм көркем-өнер тараўының жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм тәсирин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманына тийкар:
👉2020-жыл сентябрь айынан баслап мәмлекетлик музейлерде ҳәр айдың биринши екшембиси «ашық есиклер күни» деп жәрияланып, «ашық есиклер күни»нде пуқаралар музей затлары ҳәм музей коллекцияларын кирип көриў ушын мәмлекетлик музейлерге бийпул киргизиледи.

Дерек:@huqiqiymalimleme

@QaraozekHakimligi.
#Билесизбе

🔰 Жол ҳәрекети қатнасыўшылары жол-патруль хызмети (ЖПХ) хызметкерлери менен қатнасықларда төмендеги ҳуқықларға ийе (https://lex.uz/docs/4089917#4094715):
👉 ЖПХ хызметкери тәрепинен тоқтатыў тийкарлары ҳәмде қағыйдалардың қайсы бәнти бузылғанлығы ҳаққында түсиндирме бериўди талап етиў;
👉 транспорт қуралын тоқтатқан ЖПХ хызметкеринен өзин таныстырыўды, хызмет гүўалығын көрсетиўин ҳәм көкрек белгисин мәлим етиўин талап етиў;
👉 хызметти мобиль видеокамерасыз алып барып атырған ЖПХ хызметкерине ҳүжжетлерди бермеў;
👉 ЖПХ хызметкери менен өзара мүнәсибетин өзине тийисли аудио, фото ҳәм видео қурылмаға дизимге алыў (қадаған етилген белги бар болған аймақлардан тысқары);
👉 нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары транспорт қуралы кабинасынан шықпастан, ЖПХ хызметкери менен өзара қатнасыққа кирисиў;
👉 ислеген қағыйдабузарлығы дизимге алынған арнаўлы маслама нәтийжелери менен танысыў;
👉 ҳуқықбузарлық жағдайын анықлаўда пайдаланылған арнаўлы қураллардың салыстырыў сертификатларын көрсетиўди талап етиў;
👉 ҳуқықбузарлық жағдайы байынша түсиниклер бериў;
👉 тийкарсыз тоқтатып турылмаслығын талап етиў;
👉 ЖПХ хызметкери тәрепинен транспорт қуралын ямаса ондағы жүкти сыртқы көзден кешириў процессинде қатнасыў;
👉 өзи тоқтатылған аймақта ЖПХ хызметкери хызмет алып барыўы мүмкинлиги ҳаққындағы дислокация көширмеси менен сол орынның өзинде танысыў;
👉 ҳәкимшилик баянлама рәсмийлестирилгеннен соң ЖПХ хызметкериниң дислокациясы сақланып атырған қатар бөлими баслығынан дислокация ҳаққында жазба мағлыўмат бериўди талап етиў;
👉 өзине қатара рәсмийлестирилген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы баянлама ҳәм басқа ис ҳүжжетлери менен танысыў, олардан өз есабынан нусқа көшириў ямаса оларды фотосүўретке алыў;
👉 ЖПХ хызметкериниң ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги, рәсмийлестирилген ҳәкимшилик баянлама үстинен жоқары турыўшы органға ямаса судқа шағым етиў;
👉 өзи гүўасы болған ҳәдийсе ҳаққында ЖПХ хызметкерине ҳақыйқый мағлыўматты баян етиў.

Дерек:@huqiqiymalimleme

@QaraozekHakimligi.
#Билесизбе
Неке дүзиў тәртибин билесиз бе?

📝 Неке пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў органларында дүзиледи (https://www.lex.uz/docs/104720#158601).

Диний үрп-әдетлерге көре дүзилген неке ҳуқықый әҳмийетке ийе емес.

Неке дүзиў некелениўшилердиң пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў органларына арза бергеннен кейин бир ай өткеннен кейин, олардың өзлериниң қатнасында әмелге асырылады.
❗️Кеширимли себеплер болғанда пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў органы бир ай өткенге шекем неке дүзиўге рухсат бериўи мүмкин.

‼️ Айрықша жағдайлар (ҳәмиледарлық, бала туўылыўы, бир тәрептиң кеселлиги ҳәм басқалар)да неке арза берилген күни дүзилиўи мүмкин.

Неке дүзиў ықтыярий есапланады.

Неке жасы еркеклер ҳәм ҳаяллар ушын 18 жас етип белгиленеди.


Дерек:@huqiqiymalimleme

@QaraozekHakimligi
#Билесизбе

❗️Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 56-1-статьясына (https://www.lex.uz/docs/97664) муўапық жумыс орынларында, ден саўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт-саламатластырыў мәкемелеринде, өрт шығыў қәўипи болған орынларда, соның ишинде автомобиллерге жанылғы қуйыў шақапшаларында темеки өнимин пайдаланыў (арнаўлы орынлар буннан тысқары)— БЕМның үштен бир бөлими муғдарында (74 333 сум) жәрийма салыўға себеп болады.


Дерек:@huqiqiymalimleme

@QaraozekHakimligi.