ШАҢАРАҚ-МУҚӘДДЕС ДӘРГАЙ.
Районымызда елге үлгили болғандай шаңарақлар көп, солардың бири “Қутлы мәкан” мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Гүлимбетовлар шаңарағы. Гүлимбетов Махамаддин ағаның перзентлери тәрбиялы, өрнек алғандай, районымыздың ҳәр түрли тараўларында мийнет етип келмекте. Махамаддин аға өзи районымыздың көп тараўларында жемисли мийнет етип, ислеген мийнетлери ушын өткен жылы мәмлекетимиз тәрепинен “Меҳнат фахрийси” көрирек нышаны менен сыйлықланды. Ол ҳәзирги күнде районлық Кеңес депутаты, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң орынбасары болып жумыс ислеп киятыр. Шаңарақта ақлықларына-да ылайық тәрбия берип, мийнеткеш, ўатанды сүйиўши, кәмил инсан етип тәрбиялап атыр. Усындай изинде жақсы из қалдырыўшы инсанлар көп болса, елимиз тыныш, аўызбиршиликли болады. Әтирапымызда усындай жақсы, өрнек алғандай инсанлар көбейе берсин.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
БОЛАЖАҚ ЎАТАН ҚОРҒАЎШЫЛАРЫ.
Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 23-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 7-класс оқыўшысы Хайырулла Амангелдиев.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хәзмети.
@QaraozekHakimligi
Ҳүрметли пуқаралар!

Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабы ескертеди!

Бəриңизге белгили, ҳəзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында шөлкемлестирилген усы арнаўлы Штаб тəрепинен елимизге коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳəм оның тарқалыўының алдын алыў, оған қарсы кескин илажлар кɵриў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Ɵзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳəм ҳуқық-қорғаў уйымлары тəрепинен тəрепинен бул бойынша ҳəр күни Республикамыз аймақларындағы жəмийетшилик орынлар (базарлар, саўда-сатық, дəриханалар сыяқлы халық тығыз жыйналыўы мүмкин болған орынлар)да карантин қағыйдаларына əмел етилиўи үстинен қатаң қадағалаў бойынша рейдлер өткерилмекте.

Ɵткерилген рейдлер даўамында карантин қағыйдаларына əмел етпеген айырым пуқараларымыздың əмелдеги нызам тийкарында ҳəкимшилик ҳəм жынайый жуўапкершиликке тартылып атырғанын атап өтиў орынлы.

Ҳүрметли Ўатанласлар!

Сизди өзиңиздиң ҳəм өзгелердиң денсаўлығына бийпарқ болмаған ҳалда Карантин қағыйдаларына қатаң əмел етиўге шақырамыз ҳəм жоқарыда атап өтилген рейдлердиң ҳəр күни даўам ететуғынын жəне бир мəрте ескертемиз!

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
⚡️⚡️Сув тошқинидан зарар кўрган 4,5 мингдан зиёд хонадон эгаларининг ҳар бирига Президентдан 40 миллион сўмлик моддий ёрдам, шунингдек, телевизор, музлатгич, кир ювиш машинаси, минипеч, электр чойнак ва дазмол каби маиший техникалардан иборат совғалар топширилмоқда.

💰Ватандошимиз Алишер Усмонов ажратган 10 миллион доллар хайрия маблағи ҳам шунга йўналтирилган.

Таъмирланадиган уйлар ҳам, янги қуриладиганлари ҳам давлат томонидан бепул қуриб-таъмирлаб берилади. Одамлар янги кўп қаватли уйларга ва ўзларининг таъмирланган ҳовли-жойларига 1 сентябргача тўлиқ кўчиб ўтиши мумкин бўлади, — деди Шавкат Мирзиёев.

〰️〰️〰️〰️

Бу ҳақда давлат раҳбари Сардоба туманида маҳаллий аҳоли вакиллари билан учрашувда маълум қилди.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
Президент Шавкат Мирзиёев Сирдарё вилоятига келди.
Давлатимиз раҳбари дастлаб Сардоба туманида бўлиб, ҳудудда олиб борилаётган ишларни кўздан кечирди.
Уй-жойлари бутунлай яроқсиз ҳолга келиб қолган аҳоли учун янги уй-жой қурилиши режалаштирилган. Хусусан, Сардоба туманидаги “Дўстлик” маҳалласида 1480 хонадондан иборат 37 та уй барпо этилади.
Давлатимиз раҳбари мазкур турар жойларнинг пойдеворига тамал тоши қўйди.

Президент Шавкат Мирзиёев прибыл в Сырдарьинскую область.
Сперва глава государства посетил Сардобинский район и ознакомился с проводимой работой, осмотрел ремонтируемые дома, побеседовал с людьми.
Для жителей, дома которых стали полностью непригодными для проживания, запланировано построить новое жилье. В частности, в махалле Дустлик Сардобинского района будет построено 37 многоэтажных домов на 1480 квартир.
Глава государства сегодня заложил первый камень нового массива.

#Mirziyoyev #safar #Sirdaryo #favquloddavaziyat

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Бухара ўәлаятының ҳәкими Қарақалпақстан халқына миннетдаршылық хатын жоллады

Алдын хабар етилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы атынан Бухара ўәлаятында жүз берген тәбийғый апатшылық, Сырдәрья ўәлаятындағы «Сардоба» суў сақлағышында жүз берген айрықша жағдайдан жәбир көрген ўатанласларымызға инсанийлық жәрдемлери жиберилген еди.

Буған жуўап ретинде Бухара ўәлаяты ҳәкими атынан Қарақалпақстан халқына миннетдаршылық хаты келди. Хаттың мазмуны төмендегише:

Ҳүрметли Муса Тажетдинович!

Сизге ҳәм Сиз арқалы пүткил Қарақалпақстан Республикасы халқына 27-апрель күни гүзетилген күшли самал ҳәм жаўын-шашын себепли Бухараның тәбийғый апаттан зыян көрген аймақларына жиберилген ең зәрүрли қурылыс материаллары ҳәм азық-аўқатлық өнимлерден ибарат гуманитарлық жәрдем ушын миннетдаршылық билдиремен.

Коронавирус пандемиясына қарсы кескин гүрес алып барылып атырған бүгингидей аўыр шараятта көрсетилген бул жәрдем тәбийғый апаттан зыян көрген пуқараларымыз дуўшар болған қыйыншылықларға пүткил халқымыз ийинлес болып атырғанлығын айқын сәўлелендирип, аўызбиршилик сезимлерин және де арттырмақта. Биз усындай қыйын жағдайда «Дос басқа ис түскенде билинеди» деген ҳикметти және де тереңирек сезинбектемиз.

Бухаралылардың шын жүректен алғыслары менен Сизди ҳәм қарақалпақстанлыларды Жаратқанның өзи ҳәрдайым панайында сақласын!

Шексиз ҳүрмет пенен,
Бухара ўәлаяты ҳәкими К.Камолов

Каналымызға ағза болың
👉@kknews_uz
ЖӘНЕ 2 НАЎҚАС КОРОНАВИРУС ИНФЕКЦИЯСЫНАН САЎАЛДЫ!

Бүгин 15-май сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленип атырған наўқаслардан 2 адам коронавирус кеселлигинен толық саўалды. Нәтийжели емлеў усылларынан кейин, соңғы тексериўлер оларда коронавирус инфекциясы жоқ екенлигин көрсетти. Олар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери қатнасында реабилитацияға шығарып салынды.

Саўалған наўқаслар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында шыпакерлер тәрепинен Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң, сондай-ақ, коронавирус инфекциясына қарсы нәтийжели табысларға ерискен мәмлекетлердиң қәнигелериниң усыныслары тийкарында алып барылған емлеў усыллары себепли тез пурсатта кеселликтен толық қутылды.

Еслетип өтемиз, усының менен улыўма саўалғанлар саны 112 адамды қурамақта. Қалған наўқасларға Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емлеў усыллары алып барылмақта. Олардың емлениўи ушын барлық шараятлар жаратылған болып, пидайы шыпакерлер күни-түни жумыс алып бармақта.

ЯНА 2 НАФАР БЕМОР КОРОНАВИРУС ИНФЕКЦИЯСИДАН ТУЗАЛДИ!

Бугун 15 май санасида Қорақалпоғистон Республикаси юқумли касалликлар шифохонасида даволанаётган беморлардан 2 киши коронавирус касаллигидан тўлиқ соғайди. Самарали муолажалардан кейин, сўнги текширувлар уларда коронавирус инфекцияси йўқлигини кўрсатди. Улар Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси ва Соғлиқни сақлаш вазирлигининг масъуллари иштирокида реабилитацияга кузатилди.

Соғайган беморлар Республика юқумли касалликлар шифохонасида шифокорлар томонидан Жаҳон соғлиқни сақлаш ташкилотининг, шунингдек, коронавирус инфекциясига қарши самарали ютуқларга эришган давлатлар мутахассисларининг тавсиялари асосида олиб борилган муолажалар туфайли тез фурсатда касалликдан тўлиқ халос бўлди.

Эслатиб ўтамиз, шунинг билан умумий соғайганлар сони 112 нафарни ташкил этмоқда. Қолган беморларга Республика юқумли касалликлар шифохонасида муолажалар олиб борилмоқда. Уларнинг даволаниши учун барча шароитлар яратилган бўлиб, фидойи шифокорлар куну тун фаолият кўрсатмоқда.
Дерек:@qrdssm

Каналымызға ағза болың.👇
@QaraozekHakimligi