#онлайн

Пән олимпиадасының районлық басқышы баслады.

⚡️Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 9-сентябрьдеги 562-санлы қарары тийкарында, улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-10-11-класс оқыўшылары арасында пәнлер олимпиадасының районлық басқышы, бөлимге қараслы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өткерилмекте.
Пән олимпиадасының районлық басқышы усы жылдың 21-25-октябрь күнлери аралығында 14 пән бойынша өткериледи.
Бүгин төрт пән бойынша 265 оқыўшы қатнасып билимлерин сынақтан өткермекте.
Олимпиадаға 33 мектептен 9-класс бойынша 390 оқыўшы, 10-класстан 334 оқыўшы ҳәм 11-класслардан 322 оқыўшы, жәми 1046 оқыўшы қатнаспақта.
Пәнлер олимпиадасыныӊ ашылыўына район ҳәкиминиӊ орынбасары, И. Қосыбаев, районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы А. Қалилаев ҳәм Қараөзек районы қәнигелестирилген мектеп директоры А. Зәрекеевлар қатнасып, олимпиаданың өткерилиў тәртиби, қағыйдалары менен таныстырып, оқыўшыларға табыслар тиледи.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi.
#онлайн 500-санлы қарар әмелде.

⚡️Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 6-сентябрдеги 500-санлы қарары тийкарында 2024-жылда Қараөзек районы аймағынан 21 км топырақ жолларды ЩПС қапламасына өткериў белгиленген.
Бүгинги күнге келип, «Есимөзек» АПЖ аймағынан Қошқарбай аўылының 4,5 км, «Қараөзек» АПЖ Тойберген аўылының 3, км, «С. Камалов» АПЖ Байбура аўылына 2,3 км, ҳәм де «Бердақ» АПЖ аймағынан Ақбетли, Нурлан, Қарынжеген, Шыйық, Тәжек аўылларынан 8,7 км жәми район бойынша 18,5 км ишки жолларға ЩПС қапламасы төселип жуўмақланды.
Буннан басқа, «Қуралпа» АПЖ аймағынан 2,5 км аралықтағы ишки жолларға тегислеў жумыслары алып барылып атыр.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
#онлайн Басламалы бюджет қаржылары тийкарында басланған қурылыс жумыслары жуўмақланды.

⚡️Бүгин аймақларда Президентимиздиң басламасы менен алып барылып атырған қурылыс, абаданластырыў ислериниң тийкарында халқымыздың жақсы турмыста жасаўына болған умтылысын көриўимиз мүмкин.
Бул бағдарда Қараөзек районында усы жылдың биринши ярымында «Ашық бюджет» порталы арқалы даўыс бериў жолы менен жеңимпаз деп табылған усыныслар бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары баслап жиберилди.
Усы тийкарда, «"JAYXUN MASTER STROY» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 1-санлы мектеп қапталынан жасыл қапламалы майданшаның қурылыс жумыслары усы жылдың август айында басланып өз жуўмағына жетти.
Қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын басламалы бюджет қоры қаржылары есабынан 1 млрд. 210 млн.сўм муғдарында қаржы ажыратылған.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
#онлайн ⚡️Байрам иләжы даўамында тараўдағы көп жыллық мийнетлерин есапқа алып, алдынғы тәжирийбели тараў хызметкерлерине район ҳәкимлиги ҳәм медицина бирлеспеси тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлықлар менен баҳалы саўғалар ҳәм Қарақалпақстан Республикасы «Устаз жолы газетасы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен «Әдиўли устаз» көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
#онлайн Қараөзек районында жаңадан бағ жаратыў жумыслары алып барылмақта.

⚡️Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрдеги ПФ-151-санлы пәрман талапларын орынлаў мақсетинде, Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң Қараозек районы бөлими тәрепинен райондағы жарамсыз бағлар орнына жаңадан санаатласқан интенсив мийўе нәллерин егиў жолға қойылмақта.
Бүгинги күнде бул жумыслар «Бердақ» АПЖ аймағында жайласқан «Айтбай жери» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде жақсы жолға қойылып, бес гектар майданға интенсив алмурт нәллерин егиў жумыслары алып барылмақта.
Буннан гөзленген мақсет, ески бағ орынларына жаңадан интенсив мийўе нәллерин отырғызыў ҳәм де халқымызды арзан ҳәм сапалы мийўе өнимлери менен тәмийинлеў болып табылады.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
#онлайн Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиниӊ жетинши шақырық екинши сессиясы болып өтти.

Сессия күн тәртибинде жергиликли Кеӊести шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.
Депутатлар дәслеп, Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси баслығын тайынлаў мәселесин қарап шығып, сиясий партиялар депутатлық топарлары усынысы менен 6-санлы М. Балмағанбетов сайлаў округинен сайланған депутат А. Баймуратовты Кеӊес баслығы етип мақулланды ҳәм тастыйықлады.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

➡️@QaraozekHakimligi
#онлайн ⚡️Буннан соӊ, Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси секретариаты баслығын тайынлаў мәселеси депутатлар тәрепинен додаланылып,
бул лаўазымға 1-санлы Н. Жапақов сайлаў округинен депутат Қ. Жақсымуратов тайынланды.
Сондай-ақ, сессия күн тәртибине муўапық жергиликли Кеңес сессияларына киритилетуғын мәселелерди дәслепки тәризде көрип шығыў ҳәм таярлаў ушын өз ўәкилликлери мүддетинде жәмийетшилик тийкарда жумысларды әмелге асырыўшы турақлы комиссиялар қурамы тастыйықланды.

➡️@QaraozekHakimligi
#Жасыл_мәкан
#онлайн Районда әтирап аймақты абаданластырыў, көше бойларына терек ҳәм мийўели нәллерди егиў жумыслары даўам етпекте.
Бул иске районлық абаданластырыў бөлими, тоғай хожалығы ҳәм райондағы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары турғынлары, жасларымыз белсендилик пенен қатнасып, районымызды жасыл мәканға айландырыўға салмақлы үлеслерин қосып атыр.
Бүгинги күнде район орайынан өтиўши жол бойлары, мәкеме әтираплары жаңадан егилетуғын орынлар тегисленип, жасыл маканға айландырылмақта.
Быйылғы гүз мәўсиминде район бойынша 375 мың дана декоратив ҳәм мийўе нәллер егилиў режелестирилип, ҳәзирдиң өзинде егис майданларына 320 мыңнан аслам мийўели ҳәм декоратив терек нәллери отырғызылды.
Бүгинги иләжға қатнасқан белсендилерге түски ўақытта ыссы аўқат шөлкемлестирилип, йошлы концерт бағдарламалары қойып берилди.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi.
#Жасыл_мәкан
#онлайн
⚡️Бүгинги өткерилген "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңбериндеги нәл егиў ҳәм абаданластырыў жумысларына төрт сектор басшылары қатнасып, бағ жаратылатуғын орынға мийўе нәллерин екти.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
#спорт
#онлайн
⚡️Қараөзек районы медицина бирлеспеси ҳәм де кәсиплик аўқам комитети менен биргеликте хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризин ен жайдырыў физикалық белсендиликти асырыў мақсетинде, ҳаял-қызлар арасында спорттың «Волейбол» ерлер арасында «Киши футбол» түри бойынша жарыс шөлкемлестирилди.
Жарысқа бирлеспеден төрт команда қатнасып өз-ара беллести. Буннан басқа , ҳәпте даўамында Пияда жүриў, Саламатлық күнлери турақлы түрде өткерилип келинбекте.
Спорт жарысларын өткериўден тийкарғы мақсет, ҳаял-қызлардың руўхый саламатлықларын жақсылаў ҳәм физикалық белсендилигин асырыўдан ибарат.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi