Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация исбилерменликти раўажландырыў, киши бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар менен танысыў мақсетинде Наманган ўәлаятына әмелий сапар менен барды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы қала ҳәм район ҳәкимлери, исбилерменлик, инновациялар бойынша жуўапкерлерден ибарат делегация ағзалары тәжирийбе алмасыў, исбилерменликти раўажландырыў, киши бизнес пенен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлериниң жумысларын жолға қойыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Наманган ўәлаятына барды.
Айтып өтиў орынлы, исбилерменлик субъектлери жумысларын нәтийжели жолға қойыў бойынша Наманган ўәлаяты алдынғы тәжирийбеге ийе аймақлардан есапланады. Сонлықтан, делегация ағзалары да Наманган тәжирийбелерин үйрениў мақсетинде усы аймақта әмелий сапарда болып турыпты.
Делегация ағзалары дәслеп Үйши районындағы Ёркатай киши санаат зонасы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Бул санаат зонасы улыўма 4,7 гектар майданда жайласқан болып, улыўма баҳасы 115 млрд. сумлық 26 жойбар әмелге асырылады. Усы жерде тийкарынан текстиль жөнелисиндеги кәрханалар жумыс алып барыўын жолға қойыў режелестирилген болып, 1730 жаңа жумыс орынлары жаратылады.
Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация ағзалары ўәлаят ҳәкими Ш.Абдуразаков пенен бирге “Mega fayz teks” ЖШЖ тәрепинен жип ийириў арқалы материал гезлемелер өнимлерин ислеп шығарыў, “Agro sof zaxira” ЖШЖ тәрепинен тигиўшилик өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, «Уйчи мед диагноз» ЖШЖниң носки өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары менен танысты.
Бул жерде усындай киши ислеп шығарыў кәрханаларының жумысларын жолға қойыў айрықша нәтийжели екенлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Хабар_бағдарламасы
⚡️9-май "Еслеў ҳәм қәдирлеў күни" улыўмахалықлық байрамы ҳәм Екинши жәҳән урысында фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 78 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районында жасаўшы, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Генжемурат ата Алланиязовтың шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡️@QaraozekHakimligi

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Хабар_бағдарламасы
⚡️Районда болып өткен 9-май "Еслеў ҳәм қәдирлеў күни" байрам илажынан репортаж.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡️@QaraozekHakimligi
⚡️Районда болып өткен 9-май "Еслеў ҳәм қәдирлеў күни" байрам илажынан репортаж.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡️@QaraozekHakimligi
Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегацияның Наманган ўәлаятына әмелий сапары даўам етти
Әмелий сапар даўамында делегация ағзалары Давлатобод районындағы «Фазман» ЖШЖ жойбары менен жақыннан танысты.
10 гектар майданда жумыс баслаўшы жойбардың улыўма баҳасы 100 млрд. сумды қурайды. Кәрхана жылына 1 млн. дана таяр өним ислеп шығарыў қуўатлығына ийе болады ҳәм жыллық экспорт көлеми 15 млн. доллар болыўы күтилмекте. Усы тийкарда 3000 жаңа жумыс орынлары жаратылыўы күтилмекте.
Буннан соң усы райондағы «Юксалиш киши санаат зонасы жайласқан "Флат тиле" ЖШЖ, "Ботир Муҳаммадали" ЖШЖ, "Сантех дизайн" ЖШЖ кәрханалары жумыслары көзден өткерилди.
Улыўма жер майданы 9,4 гектар болған жойбардың тийкарғы жумысы керамик кафели ислеп шығарыў менен байланыслы. Технология ҳәм үскенелер Қытай мәмлекетинен алып келинген ҳәм 120 жумыс орны жаратылған.
Сапар даўамында делегация ағзалары «Жаңа Наманган» киши қаласы қурылысы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Киши қаланың 1 мың 203 гектар майданында 750 ден артық 9-16 этажлы турақ жай комплекси, 100 ден артық саўда орайлары, мектеп, жоқары оқыў орынлары ҳәм басқа да бир қатар социаллық объектлер қурылыўы белгиленген.
Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация Давлатобод районындағы мәҳәллебай ислесиў системасы бойынша әмелдеги жумысларды көрди.
Толық мағлыўмат

«Дийхан базары» нда саўда ярмаркасы даўам етпекте
Район халқының азық-аўқатлық өнимлерге болған талабы күннен күнге артып бармақта.
Сонлықтанда халыққа қолайлық жаратыў, пуқаралардың аўырын жеңил, алысын жақын етиўде ҳәр қандай жаратылған шараятлар турмыс абаданшылығымыздың артыўына тийкар болады.
Қараөзек районында район ҳәкимлиги, Қараөзек “Дийхан базары” ЖШЖ, район прокуратурасы, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районы бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилип киятырған саўда ярмаркасы район халқы ушын арзанластырылған саўда хызметин көрсетип келмекте.
Бундай арзан ҳәм сапалы өнимлердиң шөлкемлестирилиўине район халқының миннетдаршылығы шексиз.