Х А Б А Р Л А Н Д Ы Р Ы Ў

“Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалы тәрепинен республика аймағындағы газ тармақларын тәртиплестириў, эстетикалық көринисин жақсылаў ҳәмде бояў жумыслары алып барылмақта. Бул жумысларды еле де жеделлестириў мақсетинде Республикамыздыӊ қала ҳәм район газ тәмийнаты бөлимлерине ис тәжирийбесине ийе, 25-45 жас аралығындағы электргазкепсерлеўши, слесарь, бояўшы қәнигелерди шәртнама тийкарында жумысқа шақырамыз.

Қосымша мағлыўмат ушын телефонлар: 61 224-22-93, 61 224-04-08

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Шаңарағында майыплығы болған ағзасы бар шахслар аукцион арқалы жер участкасын сатып алыўда оларға 33 миллион сумға шекем бир мәртелик жәрдем пулы бериледи

Ҳүкиметтиң 23.03.2023 жыл күнги 122-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар, жер участкасын аукцион арқалы сатып алыў қәрежетлеринен келип шыққан ҳалда, шаңарағы қурамында майыплығы болған шахслар санына қарамастан БЕМның 100 есеси (33 миллион сум) ға шекемги муғдарда бир мәртелик төлем ажыратылады.

Бунда жеңилликли категориядағы шахслар төмендеги нормаларға туўра келиўи керек: ⬇️

🟢 соңғы 12 ай даўамында өзи ямаса шаңарақ ағзаларының атында жасаў ушын мөлшерленген турақ-жай ямаса жер участкасы бар болмаўы;

🟢 жер участкасы ақырғы 3 ай ишинде аукцион арқалы сатып алынған ҳәм Өзбекстан аймағында болыўы;

🟢 майыплығы бар шахс деп табылған, сондай-ақ, «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери»ниң биреўинде турған болыўы керек.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Adam sawdası hám májbúriy miynetke qarsı gúresiw barısında ámelge asırılıp atırǵan jumıslar dodalandı

👉https://qaraozek.uz/news/8912/

Qaraózek rayonı hákimliginiń málimleme xızmeti

➡️@QaraozekHakimligi
Ҳүрметли Қараөзек районы жаслары!

Районымызда исбилерменликти қоллап-куўатлаў ҳәм раўажландырыў мақсетинде район орайында жайласқан “Жаслар санаат зонасы” нан аукцион саўдасына 7 лот ҳәмде “Киши санаат зонасын” нан 32 лот қойылғанлығын хабарлаймыз.
Қызығыўшы жаслар болса https://e-auksion.uz/ сайтынан ҳәмде районлык инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бѳлимине мүрәжат етсеӊиз болады.
Мүрәжат ушын телефонлар:
(97) 560-02-66.
(93) 485-51-03


Қараөзек районы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими.

➡️@QaraozekHakimligi
Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarǵı Keńesiniń komitet baslıǵı, isshi topar baslıǵı Z. Reymova basshılıǵındaǵı topar aǵzaları úyreniw jumısların alıp bardı.

Tolıq oqıw:👉https://qaraozek.uz/news/8916/

Qaraózek rayonı hákimliginiń málimleme xızmeti

➡️@QaraozekHakimligi
АССИСТЕНТ ОҚЫТЫЎШЫ ТӘРЕПИНЕН СЕМИНАР ӨТКЕРИЛДИ

Қараөзек районы 26-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Психология педагогика факултетиниң ассистент оқытыўшысы И. Хожаниязова тәрепинен баслаўыш класларда сабақларды өзлестириўде психологиялық өзгешеликлерин анықлаў мақсетинде оқыўшылар менен биргеликте семинар тренинг өткерилди.
Семинарда ассистент оқытыўшы тәрепинен баслаўыш класс оқыўшылары арасында психологиялық ойынлар алып барылды.
Илаж даўамында мектеп муғаллимлери ҳәм психологлар қатнасып, өз ис-тәжирийбелерин арттырды.

➡️@QaraozekHakimligi
#спорт

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2017-жылғы ПҚ 30-31-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қараөзек районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары арасында «Жаслық спорт командалары» спорт жарысларына старт берилди.

➡️@QaraozekHakimligi
Қараөзек районында «Самал электр станциясын қурыў» жойбары шеңберинде самалдың бағытын өлшеўши мачта орнатылды

Ҳүрметли Президентимиздиң аймақларда электр энергиясын тежеў ҳәм қайта тиклениўши энегрия дереклерин енгизиў бойынша белгилеп берилген тапсырмаларына муўапық Қарақалпақстан Республикасында бир қатар әмелий жумыслар ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта.

Усылардың қатарында «Shah Polan» ЖШЖ тәрепинен Испания мәмлекети компаниясы менен биргеликте Қараөзек районы «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан улыўма баҳасы 110 млн доллар, соннан 55 млн доллар тиккелей сырт ел инвестициялары қатнасында 100 МВт қуўатлыққа ийе заманагөй Самал электр станциясын қурыў режелестирилген.

Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде 220 кВ күшлениўге ийе болған жаңадан өширип-жағыў пункти ҳәмде узынлығы 15 км болған еки қатарлы
220 кВ күшлениўши электр узатыў тармағын қурыў белгиленген.

Бүгинги күнде жойбарды әмелге асырыў бойынша аймақтағы самалдың бағытын өлшеў мақсетинде бийиклиги 120 метр болған мачта орнатылып, жойбар шеңберинде әмелге асырылыўы тийис басқа да жумыслар басқышпа-басқыш даўам етпекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter