#Хош_хабар!
Қарақалпақстанда 21 наўқас коронавирус инфекциясынан толық саўалды.
Саўалғанлардың жәми саны 50 адамға жетти.

Дере:@Karakalpak24
#ХОШ ХАБАР.

Қараөзек районы 28-санлы мектеп питкериўшиси Аллиярова Маржанай Бахтыбай қызы 175 балл топлап, (1ши бюджет ) Көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына студент болыў бахтына еристи.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

@QaraozekHakimligi
#Хош хабар

⚡️ “Ҳуқық билимданлары” таңлаўы бас сыйлығы енди iPhone 12 🤩

📱“Ҳуқық билимданлары” таңлаўының абсолют жеңимпазы бас сыйлығы – iPhone 11 Pro смартфоны орнына iPhone 12 смартфоны менен сыйлықланыўын жәриялаймыз.

🚀 Барлық катнасыўшыларға әўмет тилеймиз!

Таңлаў ҳаққында толық мағлыўматлар менен усы жерде (https://t.iss.one/huquqiyaxborot/8266) танысың.

Каналға жалғаның👇👇👇
https://t.iss.one/huquqiyaxborot
#ХОШ ХАБАР.

Районымыз спортшылары "Волейбол" спортынан жеңимпазлықты қолға киритти.
2021-жыл Қарақалпақстан Республикасында "Волейбол" айлығы етип белгиленгенлиги мүнәсебети менен усы жылдың 30 ҳәм 31-Январь күнлери Нөкис қаласындағы 1-санлы "Балалар ҳәм өспиримлер спорт мектебинде", "Спортқа мехир қой спорт пенен жаса" сүрени астында спорттың "Волейбол" түри бойынша спорт фестивалының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти. Жарыста жәми 16 командадан 160 тан аслам спортшылар күш сынасты. Жарыс жуўмағында 16-команда ишинде районымыз спортшылары командалық есапта I-орынды жеңип алған болса, 2-орынды Шоманай районы ҳәм 3-орынды Тахыятас районлары командалары жеңип алды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм медаллар менен сыйлықланды.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Каналымызға ағза болың👇
@QaraozekHakimligi
#Хош хабар

Қараөзек районы 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң "Миллий музыка" бөлими 4-5 класс  "Арыўхан" ансамбли оқыўшылары Россия Республикасы Москва қаласында өткерилген Халық аралық "Талант шоу" таңлаўына қатнасып, сыйлы 1-орын жеңимпазы болды. "Арыўхан" ансамбли буннан алдын "Санк-Петербург" та өткерилген Халық аралық "Престиж" таңлаўында да жеңимпаз болған еди.
@QaraozekHakimligi
#Хош хабар

Қараөзек районлық 16-санлы "Балалар музыка ҳәм көркем-өнер" мектебиниң "Миллий музыка" бөлими 2-класс "Гулзар" ансамбли оқыўшылары Қазақстан Республикасы Павлодар қаласында өткерилген Халық аралық "DREAMFEST " таңлаўына онлайн тәризинде қатнасып, Гран-при дипломы менен сыйлықланды. Оқыўшыларды класс муғаллими Манзура Ағымбаева таярлады.

@QaraozekHakimligi
#Хош хабар

Пердегул Бекбосынова II дәрежели «Саламат әўлад ушын» ордени менен сыйлықланды.

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсебети менен пән, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, спорт, әдебият, мәденият, көркем өнер тараўлары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң бир топарын сыйлықлаў ҳаққындағы пәрманға қол қойды.
Пәрман тийкарында мәмлекет раўажына үлкен үлес қосқан пуқараларымыз арасында жерлесимиз, Қараөзек районы медицина бирлеспесиниң қыстаўлы тез медициналық жәрдем бөлими балалар шыпакери, Пердегул Бекбосыновада II дәрежели «Саламат әўлад ушын» ордени менен сыйлықланды. Бизде пидайы шыпакеримиз П. Бекбосыноваға еледе халық саламатлығын беккемлеўдей машақатлы ислеринде табыслар тилеп қаламыз.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
@QaraozekHakimligi
#Хош_хабар
Қараозек районы халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 6-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебин питкерген 17 оқыӯшыдан 11 оқыӯшы (65%) ЖООна кирип студент болды.
@QaraozekHakimligi
#Хош хабар
"Кекселер ҳәптелиги" мүнәсебети менен Республикамыздың бир қатар белсенди нураныйлары Президент қарарына тийкар мәмлекетлик сыйлықлар менен хошаметленди. Солар қатарында райондағы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының кекселер менен ислесиў бойынша орынбасары М. Гүлимбетов "Ардақлы нураный" көкирек белгиси менен сыйлықланды. Сыйлық ийесин район ҳәкимлиги атынан қызғын қутлықлаймыз!
@QaraozekHakimligi
#ХОШ ХАБАР
Qaraózek rayonı Xaliq bilimlendiriw bólimine qaraslı 10-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebiniń 4-klass oqıwshısı Jalelova Asiya "Kamalak yuldızları" balalar dóretiwshiligi festivalınıń Qaraqalpaqstan Respublikalıq basqıshınıń E.toparı boyınsha I-orındı iyeledi
@QaraozekHakimligi
#Хош_хабар

🎼Қараөзек районы мәденият бөлимине қараслы «Қараөзек» АПЖ да жайласқан мәденият орайы «Эстрада» дөгереги қатнасыўшысы, 13-санлы мектеп оқыўшысы, Турсынбаева Дильфуза Нөкис қаласында 10-17 жас оқыўшылары арасында өткерилген «Санъатим сенга, обод юртим» дөретиўши көрик-таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында, «Эстрада» жөнелиси бойынша сыйлы, 2-орынды ийеледи.
🎤Жеңимпаз қызымызды қутлықлап, алдағы дөретиўшилик ислеринде күш ғайрат тилеп қаламыз.

👉@QaraozekHakimligi
#Хош_хабар

Қарақалпақстан телеканалын UZTV платформасында тамашалаў имкәнияты жаратылды.

Соның менен бирге Өзбекстанның барлық орынларында көриўге болады.

UZTV платформасындағы силтеме төменде👇
Я смотрю QARAQALPAQSTAN в UZTV https://uztv.tv/channels/qaraqalpaqstan

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
#Хош_хабар

Қараөзек районы 2-мектеп оқыўшысы Сейтова Гүлайым Сәрсенбай қызы 90 сораўдан 89 ына дурыс жуўап берип 187.90 балл менен ҚМУ Финанс қәнигелигине 1-грант болып студент болыўға мияссар болды.
Бул табысқа жетисиўинде 2-мектеп муғаллимлер жәмәәти ҳәм райондағы "GrantA" репетиторлар бирлеспесинде математика, инглиз тили, тарийх, қарақалпақ тили пәнлери репетиторларының үлеси үлкен.
Қызымыз келешекте халқымызға пайдасы тийетуғын, мәмлекет экономикасының раўажланыўына өз үлесин қосатуғын қәниге болып жетилисиўине тилеклеспиз.

👉@QaraozekHakmligi
#Хош_хабар

Қараөзек районы халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 33-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебин питкерген 22 оқыӯшыдан 13 оқыӯшы (60%) ЖОО на кирип студент болды.

👉@QaraozekHakimligi
#Хош_хабар

Мәмлекетлик тест орайы быйылғы мектеп питкериўшилериниң Жоқары оқыў орынларына қабыл етилиў көрсеткишлери статистикасын жәриялады.

Қуўанышлы тәрепи Қарақалпақстан Республикасының мектеп питкериўшилери 32.385 % пенен күшли үшликтен орын алды.


Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
#ХОШ_ХАБАР

Қараөзек районының мектеп оқыўшылары "Үмит нәўшелери 2022" спорт ойынларында Президент саўғасы «Дамас» автомашинасы менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы көлеминде өткерилген "Үмит нәўшелери 2022" спорт ойынларына Қараөзек районынан спорттың 11 түри бойынша районымыздан 100 ден аслам спортшы жаслар қатнасты.
Соннан:
ВОЛЕЙБОЛ спорт түринен ер ҳәм қыз балалар I-орын,
ФУТБОЛ спорт түринен I-орын,
СПОРТ ГИМНАСТИКА түринен ер балалар I-орын,
КӨРКЕМ ГИМНАСТИКА спорт түринен командалық есапта III-орын,
ГҮРЕС спорт түринен командалық есапта II-орын,
ГАНДБОЛ спорт түринен қызлар командасы III-орын,
ШАХМАТ түринен 1 ер бала ҳәм 1 қыз бала II-орын,
жәми 70 оқыўшы 1-2-3-сыйлы орынларды жеңип алыўға еристи.
✳️Жеңимпазларымызды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, спорт жарысларындағы жеңиси менен қутлықлап, автомашинаның гилтин салтанатлы жағдайда тапсырды.
Усы мүнәсибет пенен район ҳәкими У. Утамбетов, сектор басшыларыда жеңимпазларымызды қолға киргизген жетискенликлери менен қутлықлап, олардың устазлары ҳәм ата-аналарына миннетдаршылық билдирди.
✳️Мәмлекетимизде спортқа деген бундай итибардан район халқы, мектеп жәмәәти ҳәм ата-аналардың қуўанышы шексиз.
Спортшы жасларымыз келешекте буннанда жоқары нәтийжелерге ерисиўине тилеклеслик билдиремиз.

✍️Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

👉@QaraozekHakimligi
#ХОШ_ХАБАР

⚡️8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрам мүнәсибети менен Қараөзек районынан нураный устаз Тамара Байманова "Мўътабар аёл" көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Сыйлық ийесин район ҳәкимлиги атынан қутлықлаймыз.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

@QaraozekHakimligi
#хош_хабар #рамазан_2023

🌙 РАМАЗАН АЙЫ 23-МАРТТАН БАСЛАНАДЫ

«Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Оған көре, 2023-жылғы Рамазан айының басланыўы 23-март сәнесине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары басқармасының мағлыўматы дерек сыпатында қабыл қылынды.

🕌 Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар кеңеси тәрепинен Ислам дини дереклери ҳәм астрономиялық мағлыўматларға сүйенген ҳалда 2023-жылда Рамазан айының биринши күни усы жылдың 23-март, пийшемби күнине туўра келиўи ҳаққында жуўмақ шығарылған.


Өзбекстан мусылманлары басқармасы баспа сөз хызмети

,➡️@QaraozekHakimligi
#Хош_хабар
Усы жылдың 12-16-апрель күнлери аралығында Қазақстан Республикасының «Шымкент» қаласында спорттың «Өзбек жанг санати» түри бойынша «Жәҳән кубоги» жарысы болып өтти.
Жарысқа 700 ден аслам жас спортшылар қатнасқан болса, соннан Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамына Қараөзек районынанда бир қатар спортшыларымыз таңлап алынып, сыйлы орынларды қолға киргизди.
Женимпазлар арасында, Жулдызбаев Нурсултан I-орын, Жуманиязов Бердибай II-орын, Жиенбаев Жасур III-орын, Жалалетдинов Даўран III-орын ҳәм Асанова Малика сыйлы III-орынларды ийелеп қайтты.
Жеңимпазларымыздың усындай жетискенликлери менен қутлықлап, алдағы жарысларындада сыйлы орынларда ийелеп қайтыўларына исенимимиз кәмил.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@QaraozekHakimligi
#Халық_аралық_олимпиада

#Хош_хабар

⚡️Ал-Хорезмий атындағы жас математиклер халықаралық олимпиада жеңимпазлары анықланды.
Олимпиада нәтийжелери бойынша Қараөзек районы қәнигелестирилген мектебиниң 8-класс оқыўшысы Прекеев Илхам бронза медалы менен сыйлықланды.
Оқыўшымыздың жетискенлиги менен шын жүректен қутлықлаймыз!

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi