#Семинар
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2021-жыл 26-март күнги ПҚ-5040-санлы қарарына тийкарланып, улыўма орта билим бериў мектеплеринде Дөретиўши-мәдений ислер бойынша үгит-нәсиятлаўшы лаўазымы енгизилген еди. Сол мүнәсибет пенен районлық Халық билимлендириў бөлими ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими менен биргеликте семинар өткерилди. Семинар даўамында мектеплерге бириктирилген үгит-нәсиятлаўшылардың жыл даўамында ислениўи тийис болған ис режелери ҳәм ўазыйпалары бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Каналымызға ағза болың👇
@QaraozekHakimligi
#Семинар
Районлық 13-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми методисти В.Даўлетмуратова ҳәм психолог Н.Узақбергеновалар "ЮНИСЕФ" тәрепинен берилген 6-китап бойынша семинар шөлкемлестирди. Семинарда китаплар мазмун-мәниси бойынша мағлыўматлар берилди. Илаж даўамында "Ойын арқалы билим алыў" китабынан “Азанғы кабыллаў", "Сейилди шөлкемлестириў", "Күнниң екинши ярымы" темаларында бақша тәрбияшыларына тапсырмалар, әмелий билим көнликпелери берилди.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Каналымызға ағза болың👇
@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қараөзек районы
#Семинар
#Жаслар бәнтлиги тәмийинленбекте.

@QaraozekHakimligi
#Семинар
Қараөзек районы Ишки ислер бөлиминде Халық депутатлары районлық Кеңеси секретариаты ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими менен биргеликте «Өзбекстан Республикасы Сайлаў Кодексине киритилген өзгерис ҳәм қосымшалар» атамасында семинар шөлкемлестирилди. Илажға ишки ислер бөлими хызметкерлери қатнасып, тийкарынан сайлаў мапазында өткерилетуғын илажлардың әҳмийети, сондай-ақ тиккелей сайлаў нызамшылығын бузыў ҳалатларында жуўапкершиликлер бойынша пикир алысылып, сораўларға жуўаплар берилди. Семинарда баянатшылар тәрепинен сайлаў нызамшылығының әҳмийети ҳәм жаңа өзгерислер бойынша кең түрде түсиниклер берилди.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@QaraozekHakimligi
#Семинар_тренинг
Ташкент қаласындағы Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайында усы жылдың 22-23-ноябрь күнлери дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар қатнасында семинар тренинг болып өтти. Семинарға районлық 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Б.Салиева қатнасып, сертификат пенен хошаметленди. Семинар даўамында үгит-нәсиятшылар методикалық қолланбалар менен тәмийинленип, аймақлар бойынша өз-ара тәжирийбелер алмасылды.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Жасыл_макан

#Қараөзек_районы

#Семинар

🌴Районда "Жасыл макан" жойбары шеңбериндеги абаданластырыў ҳәм нәл егиў жумысларына билимлендириў тараўы хызметкерлериде өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып атыр.

✍️Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@QaraozekHakimli
#Онлайн

#Семинар

📌Қараөзек районында “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислеў системасын жетилистириўге байланыслы ис-илажлар” ға бағдарланған оқыў семинары болып өтпекте.
⚡️Оқыў семинар 25-26-апрель күнлери райондағы кәсип-өнер мектебинде болып өтеди.
📌Бүгинги семинарға 13 мәҳәлледен сайланған ҳаял-қызлар белсендилери, район ҳәкими У. Утамбетовлар қатнасты.
⚡️Онда район ҳәкими мәҳәлле ҳаял-қызлар белсендиси лаўазымына жаңадан тайынланған ҳаял-қызлар менен сәўбетлесиў өткерип, алдағы исленетуғын жумысларына тоқтап өтти.
📌Семинар даўамында қатнасыўшыларға бир қатар тараў басшылары өзлериниң оқыў бағдарламалары тийкарында сабақлар өтип, ашық сәўбетлесиўлер тәризинде алып барды.
Семинар сораў-жуўаплар менен даўам етпекте.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
#Семинар
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қараөзек районындағы Халық қабыллаўханасы, әдиллик бөлими тәрепинен, Қараөзек районы социал-медициналық хызметлерди раўажландырыў бөлиминде мүрәжатлар менен ислесиў тәртиби бойынша семинар өткерилди.
Семинарда, Өзбекстан Республикасы Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққындағы нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетининиң 2018-жыл 7-май күнги 341-санлы қарары бойынша түсиник жумыслары алып барылып, сораўларға тийисли қәнигелер тәрепинен жуўаплар берилди.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
#семинар_тренинг

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажландырыў Бағдарламасы (ПРООН) ҳәм Инсан потенциалын раўажландырыў топары (Human capacity development group) менен биргеликте «Арал бойы аймағында көклемзарлықты раўажландырыў, аўыл халқының экологиялық, экономикалық ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўындағы қәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың турмыс шәраяты мүмкиншиликлерин беккемлеў» бағдарламасы тийкарында семинар тренинг өткерилди.
Семинарға райондағы жеке исбилерменлер менен фермер хожалық баслықлары қатнасты. Онда аўыл хожалығы тараўында мийўе-палыз ҳәм басқада өнимлерди экспортқа шығарыў, оннан алынатуғын дәрамат түсимлери бойынша қәнигелер түсиник берип өтти.
Семинар сораў жуўаплар менен даўам етти.

@QaraozekHakimligi
#семинар

Қараөзек районы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен «Ғәрезсизлик гүзары» ҳәм «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйынларында аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары, ҳәким жәрдемшилери жаслар жетекшилери қатнасыўында өз-ара тәжирийбе алмасыў мақсетинде көшпели семинар шөлкемлестирилди.
Семинарда қатнасыўшылар аймақтағы исбилерменликти раўажландырыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў бойынша өз исбилерменлигин жолға қойған пуқаралардың жумыслары менен танысты.
Семинар қатнасыўшылардың өз-ара тәжирийбе алмасыўы менен даўам етти.

➡️@QaraozekHakimligi
#Семинар

Бүгин Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәжлислер залында Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқарма баслығы П. Махсетбаев ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы М. Камаловлар басшылығында Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм «Камалак» балалар шөлкеми жумысларын улыўма орта билим бериў мектеплеринде нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған оқыў семинары өткерилди.
Оған районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериндеги руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасарлары қатнасты.
Семинар даўамында мектеп сәрдарлары тәрепинен шөлкемлестирилген илажларға оқыўшы жасларды қамтып алыў, оқыўшылардың қызығыўшылығына қарай дурыс бағдар бериў ҳәм жақын күнлерде өткерилиўи белгиленген «Камалак жулдызлары» фестивалының районлық басқышына таярлық көриў жумыслары бойынша сәўбетлести.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
#семинар

Бүгин район ҳәкимлиги мәжилислер залында “Исбилерменликти раўажландырыў компанияси” АЖ тәрепинен Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай районлары ҳәким жәрдемшилери ушын оқыў-семинары өткерилди.
Ашық сәўбет тәризинде өткен
семинарда қатнасыўшыларға компания хызмети түрлери ҳәм жәрдемлери бойынша толық мағлыўматлар берилди.
Онда келешекте компания ҳәм коммерциялық банклер арасында шерикликти раўажландырыў арқалы райондағы инталы исбилерменлер класын және де көбейтиў бойынша өз-ара пикирлер алмасылды.


Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇 
@QaraozekHakimligi
#семинар.

⚡️Бүгин район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў ҳәм «Ҳаяллар дәптери» ниң қәлиплестирилиўи бойынша семинар болып өтти.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары-шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М. Ахмедова, Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўкамлар Федерациясы ўәкили Б. Султанов, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлар Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У. Жалменов, сектор баслықлары, мәҳәлле жетилиги менен тийисли мәкеме, шөлкемлер қатнасты.
Семинарда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 10-декабрь күнги 833-санлы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Минисртлер Кеңесиниң 2024-жыл 23-декабрь күнги арнаўлы баянламасында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы, сондай-ақ мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениў ҳәм 6-басқыш «Ҳаяллар дәптери» н қәлиплестириў бойынша әмелге асырылыўы лазым болған ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди.
Семинарда алдағы исленетуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видеоролик

#семинар_тренинг

⚡️"Инсан" социаллық хызметлер орайы тәрепинен пуқаралардың ҳуқықый билимин асырыў мақсетинде семинар тренинг өткерилди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
#семинар

⚡️Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Президентимиздиң 2024-жыл 30-декабрдеги «Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы қосымша ис-иләжлары ҳаққында» ғы ПҚ-465-санлы қарарының мазмун-мәнисин түсиндириўге арналған семинар кеңес болып өтти.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы А. Жуманазаров ҳәм тийисли министрликлерден хызметкерлер қатнасты.
Семинар даўамында қатнасыўшыларға қарарда белгилеп берилген ўазыйпаларды өз ўақтында орынлаў бойынша тапсырмалар берилди.
Семинар сораў жуўап менен даўам етип, қәнигелердиң усыныслары да тыңланды.
----
Қораўзак тумани ҳокимлигининг мажлислар залида Президентимизнинг 2024 йил 30 декабрдаги "Қишлоқ хўжалиги майдонларидаги қўшимча имкониятлардан фойдаланган ҳолда махсулот етиштиришни кўпайтиришга оид қўшимча чора-тадбирлар тўғрисида" ги ПҚ-465-сон қарори мазмун-моҳиятини тушунтиришга бағишланган семинар-кенгаш бўлиб ўтди.
Семинарда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгашининг қўмита раиси А. Жуманазаров ҳамда тегишли вазирлик ва идоралар ходимлари иштирок этди.
Семинар давомида иштирокчиларга қарорда белгиланган вазифаларни ўз вақтида бажариш бўйича топшириқлар берилди.
Семинар савол-жавоблар билан давом этиб, мутахассисларнинг таклифлари ҳам тингланди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi