Karakalpakstan.uz
19.9K subscribers
30.2K photos
4.46K videos
15 files
13.1K links
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń mámleketlik húkimet portalı

Veb-sayt:
https://gov.uz/oz/karakalpakstan
Facebook:
https://www.facebook.com/profile.php?id=61572924556334
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Download Telegram
#52_санлы_қарар_әмелде

Енди оларға жаўын-шашынлы күнлер машқала емес

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳақыйқый мәниде Кегейли районында жасаўшы 924 шаңарақтың көп жыллық мүшкилин жеңил ететуғын айрықша ҳүжжет болды. Қарарға тийкар район бойынша 920 пуқараның жайының төбесин шиферлаў, 4 шаңараққа жаңадан ўй курып бериў белгиленген. Ал, белгиленген жумыслар болса избе-изликте даўам етпекте. Бүгинги күнде райондағы Нурлы бостан мәкан пуқаралар жыйынында дизимге алынған үйлердиң төбесин шиферлаў жумыслары алып барылмақта. Әмелий илажлар Әндижан ўәлаяты Пахтаабад районы ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде әмелге асырылмақта. Шаңарақ ийелери болса әмелий жәрдемлер ушын миннетдар.

Каналға ағза болыў