#1_июнь_Халықаралық_балаларды_қорғаў_күни
#Байрам_қутлықлаўы
Перзентлеримиз өмиримиздиң даўамшылары, келешегимиз ийелери, оларды асырап-абайлаў, ҳәр тәреплеме бәркамал әўлад етип камалға келтириў ҳәр биримиздиң муқаддес ўазыйпамыз болып есапланады.
Мәмлекетимизде де перзентлеримиз мине усындай меҳир-мүриўбет, үлкен ғамхорлықлар менен камалға жетпекте. Хақыйқатында өсип киятырган жас әўладты қорғаў, турмыстың даўамлылығын асырап-абайлаў, оларға қылынып атырған ҳәр қандай ғамхорлық елимиздиң раўажланыўы ушын қойылып атырған қәдем болып табылады.
1-июнь “Халықаралық балаларды қорғаў күни” мүнәсибети менен Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмәәти балалар ҳәм олардың ата-аналарын байрам менен қутлықлайды ҳәм ҳәр бир шаңарақта тынышлық-татыўлық ҳүким сүриўин тилеймиз.
ҲӘР КҮНИҢИЗ БАЙРАМ БОЛСЫН, ӘЗИЗ БАЛАЖАНЛАР!
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмәәти