Karakalpakstan.uz
20.5K subscribers
28.3K photos
3.99K videos
13 files
12.3K links
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi
Download Telegram
#Әҳмийетли_хабар

Алдаўшылар қармағына түсип қалыўдан сақланың!


Ҳәзирги ўақытта Истанбулдағы айрым “ҚОС ТЫРНАҚ” ишиндеги фирмалар тәрепинен Өзбекстан Республикасы пуқараларына нызамға қайшы түрде ҳәр қыйлы қәлбеки ҳүжжетлерди рәсмийлестирип бериў, (қәлбеки гүўалықлар, жалған мағлыўматларды таярлаў) АҚШ, Канада яки Европа мәмлекетлерине барыў ушын виза рәсмийлестирип беремен деп көп муғдардағы пулларын алдаўшылық жолы менен өзлестириў ҳалатлары көп ушыраспақта.

Ең ашынарлысы сонда, бул унамсыз ислерди әмелге асырып атырған инсанлардың көпшилиги өз ўатанласларымыз болып табылады.

Бас консулханаға келип түскен мағлыўматларға қарағанда жыл басынан бүгинги күнге шекем 70 тен артық пуқараның ҳүжжетлери қәлбеки болғанлықтан Туркия Республикасының ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен олардың қарсаңына ҳүжжетлер топланып, тергеў жумыслары алып барылмақта.

Усындай жағдайлардың себебинен Туркияда нызамлы жасап киятырған пуқаралар да бир қанша бюрократик тосықларға ушырап келмекте.

‼️Итибарлы болың

Бас консулхана жерлеслеримизди усыған уқсас “Жалған” фирмаларға алданбаўын, гүманлы яки қәлбеки ҳүжжетлерди Туркия мәмлекетлик ҳуқықты қорғаў уйымларына тапсырмаўын, сондай-ақ, пулын ҳәм де жеке мағлыўматларын басқа шахсларға бермеўин сорайды.

Ҳеш бир жынаят жазасыз қалмайды.

Өз орнында усы ҳәм басқа түрдеги аўыр жынаятларды ислеп жүрген пуқаралар ҳаққындағы мағлыўматлар Дипломатик ўәкилхана тәрепинен Туркия ҳәм Өзбекстан Республикасы ҳуқықты қорғаў уйымларына берилген. Тез күнлер ишинде олар нызам алдында жуўап береди.

Егер сиз усы нықап астындағы фирмалар ҳәм шахслардың ис-ҳәрекетлеринен жәбир көрген болсаңыз Өзбекстан Республикасының Истанбул қаласындағы Бас консулханасына жазба яки аўызеки мүрәжат етиўиңизге болады.

Сизиң көрсетпелериңиз ҳәм шахсыңыз сыр сақланыўына кепиллик бериледи.

https://t.iss.one/istanbul2020Boshkonsulxona