Qaraqalpaqstan Respublikası Awıl xojalıģı ministrligi.
1.86K subscribers
8.55K photos
1.29K videos
1 file
3.39K links
Қорақалпоғистон Республикаси Қишлоқ хўжалиги вазирлиги Матбуот хизмати


Веб-сайт
https://qqragro.uz
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#сиз_ушын_пайдалы

😱 Ең патас ҳаўа — үйдеги ҳаўа

Мәлим болыўынша, инсан дем алып атырғанда ең патас ҳаўалардан бири — үйдеги сақланып қалған ҳаўа есапланады.

Аўқат писиргенде асхана есигин жаўып, айнаны ашыў, үйде газлерди жутатуғын гүллер, өсимликлер өсириў, үй алдына тереклер егиў буны кемейтиўи мүмкин.

Бул ҳаққында жоқарыдағы видеода толық билип алсаңыз болады.

📹 Видеоны жақынларыңызға тарқатың.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#сиз_ушын_пайдалы

❗️Тамшылатып суўғарыў арқалы көп шығынсыз, 20% артық өним аласыз

Видеодағы усыл арқалы жер майданыңыздың қурғап кетпеўин тәмийинлеп, турақлы түрде бирдей нормада ығалландыра аласыз. Сондай-ақ, 15-20% артығы менен де өним алсаңыз болады.

📹 Видеоны егинлерин көп суўғаратуғын танысларыңызға жиберип қойың.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#сиз_ушын_пайдалы

⁉️ Үй шараятында суў фильтрин қалай ислеймиз?

Үйдеги ишимлик суўы қурамындағы аўыр метал ҳәм дузлар қайнатқан менен де қалып қояды. Ал, фильтрлер болса басқалар ушын қымбат болыўы мүмкин.

Үй шараятында да суў фильтрлерин ислеўге болады. Буны жоқарыдағы видеодан билип аласыз.

📹 Видеоны үйине фильтр орнатыўы керек достыңызға жибериң.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#сиз_ушын_пайдалы

⁉️ Зыянкеслерден қутылыўдың нәтийжели усылын билесиз бе?

Билесиз, зыянлы жәнликлер  атыз өнимлериниң зүрәәтине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетеди. Кейинги ўақытлары буған қарсы гүресиў ушын биологиялық усыллардан кең пайдаланылмақта.

Қәнигелердиң сөзлерине бола, буған қарсы гүресиўде алтынкөзден пайдаланыў жақсы нәтийже береди.

Толық мағлыўмат пенен жоқарыдағы видео арқалы танысыўыңыз мүмкин.

📹 Видеоны жақынларыңызға тарқатың.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#сиз_ушын_пайдалы

❗️Ҳәр бир қыйтақ жер ийелери, фермер ҳәм дийқанлар көриўи керек

Жер ығаллығын қалай узақ мүддет услап турыў мүмкин?

Жерди мулчалаў тез-тезден суў талап ететуғын жерлер ушын пайдалы усыллардан бири.

Бул арқалы жериңиздиң ығаллығы узақ мүддетке (10-15 күн) сақланады ҳәм суўды тежейди. Сондай-ақ, мулчалаўдың өзи де артықша қәрежетлерди талап етпейди. Оған от-шөп, сабан, қағаз, опилка ямаса гүзде тереклерден түскен жапырақлар жетерли болады.

📹 Видеоны жақынларыңызға тарқатың.