QR SSP Business News
1.09K subscribers
4.88K photos
675 videos
34 files
2.48K links
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы.

Мүрәжәәт ушын телефонлар;

☎️ +998(61) 222-15-02
☎️ +998(61) 222-05-95
☎️ +998(61) 222-00-58
Download Telegram
"E-aukcion" электрон саўда платформасы исбилерменлерге таяр жойбар тийкарында саўдаға қойылған жер участкаларын усынады

Қарақалпақстан Республикасынан жәми 37 жер участкасы:

- Кегейли районы, Қумшүнгил АПЖ жәми 2 жер участкасы;
- Шымбай районы, Тазғара АПЖ жәми 5 жер участкасы;
- Тахтакөпир районы, Қараой АПЖ жәми 1 жер участкасы;
- Қараөзек районы, Қойбақ АПЖ жәми 5 жер участкасы;
- Шоманай районы, Қарабайлы МПЖ жәми 1 жер участкасы;
- Нөкис районы, Тақыркөл АПЖ жәми 4 жер участкасы;
- Қанлыкөл районы, Арзымбет қум АПЖ жәми 2 жер участкасы;
- Хожели районы, Саришүнгил АПЖ жәми 1 жер участкасы;
- Беруний районы, Абай АПЖ жәми 1 жер участкасы;
- Қоңырат районы, Үстирт АПЖ жәми 14 жер участкасы;
- Беруний районы, Қызылқала АПЖ жәми 1 жер участкасы;

🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети
"LAN-C" қоспа кәрханасы - жаңа жумыс орынларын усынады!

Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районында жайласқан "LAN-C" ЖШЖ қоспа кәрханасы боян тамырды экстракциялаў цехына 60 жумысшыны қабыл етеди.

- жыл даўамында турақлы жумыс орны;
- айлық ис ҳақы: 2 160 000 сум (26 жумыс күнине);
- айлық төлеми: 100% пластик карта арқалы әмелге асырылады;
- жумыс орны: Қанлыкөл районы " LAN-C" қоспа кәрханасы.

Сизден талап етиледи:
- физикалық саламатлық;
- жуўапкершилик ҳәм интизам;
- жумыс ўақтына әмел етиў.
Байланыс ушын телефон номер:
+998 88 590-22-00

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы менен Шоманай районы Мәмлекетлик хызметлер орайының имаратында "Бизнеске биринши қәдем" атамасында әмелий семинар шөлкемлестирилди.

-----
Ўзбекистон Савдо-саноат палатаси Қорақалпоғистон Республикаси бошқармаси ташаббуси билан Шуманай тумани Давлат хизматлари маркази биносида "Бизнесга биринчи қадам" мавзусида амалий семинар ташкил этилди.


🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети
Исбилерменлик субъектлери искерлигинде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша үйрениў жумыслары алып барылмақта

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Хожели районлық бөлими тәрепинен исбилерменлик субъектлери искерлигинде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларға шешим табыў мақсетинде орынларда системалы үйрениў жумыслары әмелге асырылмақта.

Усы мақсетте, район қәнигелери аймақта жумыс алып барып атырған "RAYAN ESIKLERI" ЖШЖ ҳәм де “AZAMAT QURILISSHI XOJELI" ЖШЖ кәрханаларында болып, кәрханалардағы өндирис процеси, жумысшылар ушын жаратылған шараятлар, ҳәзирги ӯақытта исбилерменлик субъектлеринде ушырасып атырған машқалалар үйренилди.

Сондай-ақ, кәрхана басшылары тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм машқалалар бойынша жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте әмелий шешимлер ислеп шығыў белгилеп алынды.

🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети
Ўзбекистон халқига Халқлар дўстлиги куни муносабати билан байрам табриги

Өзбекстан халқына Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Исбилерменлик субъектлеринде ушырасып атырған машқалалар үйренилди

Қоңырат районында исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, олардың искерлигиндеги әҳмийетли мәселелерди үйрениў хәм де машқалаларға шешим табыў мақсетинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Қоңырат районы бөлими баслығы М.Муртазаев ҳәм район ҳәкиминиң орынбасары Ж.Қурбаниязов тәрепинен "TURAN GOLD PROM" ЖШЖ, "BIRCH-PRODUCT" ЖШЖ ҳәм де "KUNGRAD DRINKS" ЖШЖ сыяқлы кәрханаларға үйрениў жумыслары алып барылды.

Онда кәрхана басшылары тәрепинен билдирилген пикир-усынысларға жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте әмелий шешимлер ислеп шығыў ҳәм зәрүр илажларды көриў бойынша келисимлерге ерисилди.

🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Инфографика

Қарақалпақстан Республикасының санаат ислеп шығарыўы (2025-жыл январь-июнь айлары)

-----
Қорақалпоғистон Республикасининг саноат ишлаб чиқариши (2025 йил январь-июнь ойлари)
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Hurmatli tadbirkorlar! Prezidentimiz tomonidan yaratilgan imkoniyatlardan unumli foydalanishga chaqiramiz.

Veb-sayt|Telegram | Instagram | Facebook
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Húrmetli isbilermenler! Prezidentimiz tárepinen jaratılǵan imkaniyatlardan únemli paydalanıwǵa shaqıramız.

Veb-sayt|Telegram | Instagram | Facebook
Слайды+к+презентации.pptx
8.3 MB
Ҳүрметли исбилерменлер!

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Түркменстанның “Mive” жеке меншик компаниясы ушын исенимли шериклер излеў бойынша мүрәжатқа тийкарланып төмендеги бирге ислесиў усынысын билдиреди.

“Mive” жеке меншик компаниясы - 2019-жылы шөлкемлестирилген агро өндирис компаниясы болып, Аҳал ўәлаятында 3 000 гектар майданда мийўе-палыз жетистириў менен шуғылланады. Тийкарғы өнимлер: бадам, алма, алша, алмурт, шабдал, нектарин, қурма ҳәм банан (теплицада).

Барлық өнимлер халықаралық сертификатларға ийе ҳәм экспорт ушын мөлшерленген. Компания Өзбекстандағы импортёрлар, дистрибюторлар ҳәм агросанаат тараўы ўәкиллери менен тиккелей бирге ислесиўге таяр.

Байланыс ушын: +998 90 701-05-06
Е-mail: [email protected]

Имканияттан пайдаланың - халықаралық бирге ислесиўди раўажландырың!


🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети