Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги
492 subscribers
10.2K photos
933 videos
7 files
2.94K links
Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги
Download Telegram
#Қарар_ҳәм_оның_орынланыўы

Әмиўдәрья районында «Хизр эли» ҳәм «Юқори қишлоқ» пуқаралар жыйынларының жаңа имаратлары пайдаланыўға тапсырылды.
👇👇👇
Усы мүнәсибет пенен болып өткен илажда Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри С.Турманов, район ҳәкими С.Йўлдошев, районлық тийисли мәкеме-шөлкем басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Шығып сөйлеўшилер аймақ турғынларын Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң 2022-жыл 25-октябрдеги ПҚ-408-санлы қарары тийкарында жаңа имаратлардың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қызғын қутлықлады ҳәм бул имаратлар келесиде мәҳәллениң раўажланыўы, халықтың абаданлығына хызмет етип, инсан қәдири принципин әмелде сәўлелендиретуғын атап өтти.

Буннан соң жыйналғанлар жаңа имаратларда пуқаралар менен ислесиўде жаратылған имканиятлар менен кеңнен танысты, хызметкерлер ҳәм халық пенен шын кеўилден сәўбетлести.

Мағлыўмат орнында: пуқалар жыйынларында барлық имканиятлар жаратылған болып, қурылыс жумысларына 1 миллиард 764 миллион сўмнан аслам қаржы ажыратылған.

Министрлик мәлимлеме хызмети @qqrmahalle
#Insonga_e'tibor
#Hududlardan_xabarlar_Qoraqalpog'iston

📝Berdaq nomidagi Qoraqalpoq davlat universitetida “Karyera kuni - mehnat yarmarkasi” bo'lib o'tdi.

Unda Qoraqalpog'iston Respublikasi Kambag'allikni qisqartirish va bandlik vaziri S. Turmanov , tegishli tashkilot rahbarlari, universitet mas'ullari va yoshlar ishtirok etdi.

📉Yarmarkada 80 ga yaqin tashkilot va korxonalardan, jami 330 dan ortiq bo'sh ish o‘rni taqdim qilindi. Shuningdek, ish beruvchilar tomonidan 230 nafar yoshlar mehnat jamoalariga taklif etildi.


Kanalga ulanish ⬇️
https://t.iss.one/mehnatvazirligi

Vazirlikning rasmiy sahifalari⬇️
Mehnat.uz I Facebook I Instagram I Twitter I Telegram I YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Видео_ролик

Әмиўдәрья районында «Хизр эли» пуқаралар жыйынының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Видео: Ҳәкимлик мәлимлеме хызмети

@qqrmahalle
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Видео_ролик

Әмиўдәрья районында «Юқори қишлоқ» пуқаралар жыйынының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Видео: Ҳәкимлик мәлимлеме хызмети

@qqrmahalle
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
❗️Ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған жойбарлар ушын исбилерменлерге мәмлекетлик грант ажыратылады

🔰Нызамшылыққа бола, Мәҳәллелерде хаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм денсаўлығын беккемлеў орайлары шөлкемлестирилиўи белгиленген.

💰Орайларда бир социаллық жойбар шеңберинде 20 ға шекем ҳаял-қызлардың турақлы бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бәнтлиги тәмийинленетуғын ҳәр бир жумыссыз ҳаял қыз ушын исбилерменлерге 3 миллион сумға шекем мәмлекетлик грант ажыратылады.

☑️Мәмлекетлик грант төмендеги категориядағы ҳаял-қызларды кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке оқытыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде исбилерменлик жумысын баслаўына көмеклесиўге қаратылған жойбарлар ушын ажыратылады:

▫️“Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри”не, сондай-ақ, “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген;

▫️Жумыссыз, әсиресе, аўыллық орынларда бала тәрбиясы менен шуғылланып атырған;

▫️Сырт ел мийнет миграциясынан қайтып келген;

▫️Майыплығы болған мийнетке жарамлы жумыссыз;

▫️Рәсмий болмаған бәнтликти қысқартыў мақсетинде күнделикли мийнет жумысы менен шуғылланып, дәрамат таўып атырған;

▫️Адам саўдасынан ҳәмде зорлық-зомбылықтан жәбир көрген, қыйын экономикалық жағдайға түсип қалған;

▫️Улыўма орта ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин жуўмақлаған, ЖООна оқыўға кире алмаған яки жоқары билимлендириўде оқыў ушын имканияты болмаған жумыссыз ҳаял-қызлар;

▫️Алдын жынайый жуўапкершиликке тартылған, профилактикалық дизимге алынған, жазаны орынлаў мәкемелеринен қайтып келген ҳаял-қызлар.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Педагог хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақылары арттырылды.

2023-жылдың 1-май сәнесинен мектепке шекемги ҳәм мектеп биилимлендириўи, мәденият ҳәм спорт мәкемелери педагог ҳәм басшы хызметкерлериниң базалық тариф ставкалары ҳәм район (қалалық) мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими хызметкерлериниң лаўазымлық айлық мийнет ҳақылары муғдарын тастыйықлаў ҳаққындағы қарар күшке кирди.

Дәрек @segmentuz

Министрликтиң мәлимлеме хызмети @qqrmahalle
#Инфографика

Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги Нөкис қалалық ҳәм районлық бөлим баслықлары менен танысың.

Министрлик Мәлимлеме хызмети @qqrmahalle
#15_май_Халықаралық_шаңарақ_күни

Қарақалпақстанда шаңарақлар саны қанша?

15-май пүткил дүньяда, соның ишинде Өзбекстан Республикасында Халықаралық шаңарақ күни сыпатында кеңнен белгиленеди.
Бул байрам БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 1993-жыл
20-сентябрде қабыл етилген “Халықаралық шаңарақ жылы ҳаққында”ғы резолюцияға муўапық 1994-жылдың 15-май сәнесинен турақлы түрде белгиленип келинеди.

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы берген мағлыўматқа көре, 2023-жылдың 1-январь сәнесине Республикамызда дизимге алынған шаңарақлар саны 473 142 ни қурайды.

Нөкис қаласы ҳәм районлық кесимдеги шаңарақлар саны менен төменде танысыўыңыз мүмкин:

Нөкис қаласы – 82 953
Әмиўдәрья – 56 349
Беруний – 48 781
Бозатаў – 4 351
Қараөзек – 11 207
Кегейли – 15 166
Қоңырат – 31 012
Қанлыкөл – 10 379
Мойнақ – 7 154
Нөкис – 12 353
Тақыятас – 18 370
Тахтакөпир – 7 869
Төтркүл – 58 180
Хожели – 31 651
Шымбай – 25 153
Шоманай – 10 008
Елликқала – 42 206

Министрлик мәлимлеме хызмети @qqrmahalle
Channel name was changed to «Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги»
Дыққат, Дағаза!

Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң телеграм тармағындағы рәсмий каналы жаңа мәнзилге өзгергенин мәлим етемиз.

Буннан былай Министрлик тәрепинен тараўда әмелге асырылып атырған илажлар, жаңалықлар усы каналда сәўлелендирилип барылады.

Жаңа каналға ағза болыў 👉@QR_bantlik

Министрлик Мәлимлеме хызмети