НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
106K subscribers
21.4K photos
7.22K videos
79 files
14.6K links
Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!

👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

https://www.instagram.com/ne_janaliq
https://www.facebook.com/ne.janaliq.official
Download Telegram
Forwarded from texnomart
❗️AloqaBank “Жаслар бизнеси ушын" жеңиллетилген кредитин жәриялады

AloqaBank тәрепинен жаслар исбилерменлиги ушын кең имканиятлар жолға қойылыўы басланды. Банк тәрепинен "Жаслар бизнеси ушын" жеңиллетилген кредити жәрияланды.

Кредит шәртлери:
Жыллық процент ставкасы: 18,0%;

Максимал сумма:
Өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын - 100 млн сумға шекем;
Жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын - 1,5 млрд сумға шекем;
Юридикалық шахслар ушын - 5,0 млрд сумға шекем.

Бул кредит "Жаслар бизнеси" бағдарламасы шеңберинде жаслар исбилерменлигин раўажландырыў ушын 2 жылға шекем жеңиллетилген дәўир менен 7 жылдан аспаған мүддетке бериледи.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Нью-Йорктағы Гудзон дәрьясына вертолёт қулады

Қала мэриниң тастыйықлаўынша, оның бортында болған 6 адам қайтыс болған.

Вертолётта Siemens Spain бас директоры Агустин Эскобар, ҳаялы ҳәм үш перзенти болғаны айтылмақта.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Мектепте сабақ өтилмесе, ким жуўапкер болады?

Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң 2024-жыл 16-октябрьдеги 334-санлы буйрығының 43-қосымшасында тастыйықланған Улыўма орта билим бериў мектеби (мектеп-интернат) хызметкерлериниң лаўазымлық инструкциясына бола директор биринши гезекте пәнлер бойынша маман педагог хызметкерлерди жумысқа қабыл етиўи, сабақлардың өз ўақтында ҳәм сапалы шөлкемлестирилиўин тәмийинлеўи шәрт.

❗️Бул жағдайда директордың усы миннетлемелерди орынламаўы интизамый ҳәм жынайый жуўапкершиликке себеп болады. Сол себепли, ата-аналар жоқарыдағы уйымларға мүрәжат етиўи керек.

© Қәдирберген Тлепов

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️️«Илон Маск маған улыўма керек емес, ол тек ғана маған унайды» ─ Дональд Трамп

Трамп Маскты үлкен ислерге ерискен шахс, деп есаплайды.

АҚШ президенти сатып алған Tesla автомобилин не қылмақшы екенлиги ҳаққындағы сораўға да жуўап берди: «Маған оның машинасы керек емес. Машинамды офисимдеги адамларға айдаў ушын берип қойыппан», деди Трамп.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
❗️Өзбекстан халқының 56% мийнетке жарамлы

Миллий статистика комитети мағлыўматына бола, 2025-жыл 1-апрель жағдайына бола:
Турақлы халық саны - 37,7 миллион адам;

Соннан:
56% (21,1 млн) - мийнетке жарамлы;
32,1% (12,1 млн) - мийнетке жарамлы жасқа жетпеген;
11,9% (4,46 млн) - мийнетке жарамлы жастан өткен.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
💥 Ең жақсы жасалма интеллектлер дизими ислеп шығылды

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Ким олади-ё шу уйларни-ё?

Ҳа-ҳа, payme Тошкент, Самарқанд ва Бухорода 10 та квартирани ўйинга қўйди! Бу ҳали ҳаммаси эмас, бошқа ютуқлар ҳам талайгина 👇
📱 10 та iPhone 16 Pro
🧹 10 та Xiaomi робот-чангютгич
📺 10 та Samsung 65 Smart TV

Қандай қатнашиш мумкин? 1 августгача улгуринг:
1. payme’да шахсингизни тасдиқланг
2. Картангизни уланг
3. payme plus’нинг бир ойлик бепул обунасини фаоллаштиринг

💥 Бўлди, сиз ўйин иштирокчисиз!

📆 Ютуқи ўйин 2025 йил 17 августда ўтказилади.

Балки айнан сиз 10 та квартирадан бирининг соҳиби бўларсиз?

Акция ҳақидаги барча маълумотлар мана бу ерда 👉 payme.uz

Реклама
❗️2024-жылдағы қағыйдабузарлық қарары енди жиберилмекте

ЖҲҚХның мәлим етиўинше, айырым айдаўшыларға өткен жылы ислеген қағыйдабузарлық бойынша қарарлар енди жиберилмекте. Бул жағдай система сервериниң жаңаланыўы менен байланыслы.

ЖҲҚХ баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, "базадағы айырым ҳуқықбузарлықлар енди көринди, қарар бүгин шыққан болса, жәрийманы 15 күн ишинде шегирме менен төлеў мүмкин" делинеди хабарда.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
❗️️Алтын рекорды: 5 грамм ─ 6,8 млн сумнан асты

11-апрель, жума күни Өзбекстанда 5 граммлық алтын қуймасының баҳасы биринши мәрте 6,88 млн сумнан асып кетти. Бул бир күндеги 3,3% өсим болып, пул көринисинде рекорд дәрежеде өтти.

1 грамм алтын ҳәзир 1 376 560 сум, бул болса кешегиден 43 780 сумға көп.

Жыл басынан берли баҳа 17,7%ке өсти, жыллық көрсеткиш болса дерлик үштен бир бөлегине шамалас.

Жәҳән базарында да «алтын жарыс» даўам етпекте: унсия баҳасы 3214 долларға жетти ─ 1 грамм ушын 103,3 доллар.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Сиз Хожели районында жайласқан Гәўир қала ҳаққында мағлыўмат алыўды қәлейсиз бе?

Онда YouTube'тағы Айдын каналына ағза болың!
Жойбардың бул санда сиз тарийхқа бай болған Гәўир қала қалай пайда болғанын ҳәм ол жерде кимлер жасағаны ҳаққында билип аласыз!

Видеонын толығын төмендеги силтеме арқалы көрсеңиз болады!

https://www.youtube.com/watch?v=0ZPOfEgq_xg&t=165s
Қарақалпақстанға салқын ҳаўа-райы кирип келмекте

Ертең Қарақалпақстанда ҳаўаның температурасы күндиз күнлери +17...+22℃ қа шекем төменлеп, айрым жерлерде жаўын жаўыўы күтилмекте.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
🗒 12-апрель    📌Күн ҳаққында

🗓 Байрам ҳәм еслеў күнлери
Пүткил дүнья жүзлик авиация ҳәм космонавтика күни;
Халықаралық үйсиз балалар күни.

📖 Ўақыялар
1961-жылы Юрий Гагарин космосқа ушты.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
📆 12-апрель 🌤 Ҳаўа-райы болжаўы
 
Қарақалпақстанда күн алағат бултлы болады. Айырым жерлерде жаўын-жаўып, гүлдирмама болыўы күтиледи. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте, айырым жерлерде 13-18 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 8-13°C жыллы, күндиз 18-23°C жыллы болады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
⚡️️Қытай экстремал шараятларда жумыс ислей алатуғын дүньядағы биринши авариялық-қутқарыў дронын ислеп шықты ─ China Daily

Басылымның жазыўынша, дрон медициналық қурылмалар менен үскенеленген. Сол жердиң өзинде қыстаўлы медициналық жәрдем көрсете алады, жарадар ҳәм наўқасларды тез алып кете алады.

«Сондай-ақ, дрон теңизде ҳәм -25℃ тан +46℃ қа шекемги экстремал температураларда излеў-қутқарыў операцияларын әмелге асырыўы мүмкин», ─ деп жазады газета.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
"CREDIT AVTO"
АВТОКРЕДИТ еклемши базардан

Жыллык пайыз 23.99%

Мәнзил:
Амир Тимур көшеси М.Горкий
Бағдар: Голубой экран

Машынның жылы 2020-жылдан төмен болмау керек

Баслангыш толем 10%

Страхование (Қамсызландырыу) 0,7%
Машынды Бахалау 300.000сум
Нотариус
Алды сатты 450.000
Залог 1.150.000
ГАЙ 4.200.000

Ортада посредник жок алыушы сатыушы оз ара келисип келебересиз !!!!!

Рәсмий дәрамат ШӘРТ ЕМЕС!!!

Баска тусинбеген сорауларыныз болса томенде корсетилген номерлерге звонок етип сорасаныз болады!!!

📅  5-ЖЫЛ МҮДДЕТКЕ.

Егерде кредит сумманын коплеу толесениз основной суммадан дан кайтады

80 млн 2.358.000
90 млн  2.653.000
100 млн  2.948.000
110 млн  3.243.000
120 млн. 3.537.000
130 млн  3.838.000
140 млн  4.127.000
150 млн  4.422.000
160 млн 4.717.000
170 млн  5.011.000

Айма-ай  график бойынша төлеп барасыз

☎️Телефон
+998992924466
+998930002221

Адрес:
Амир Тимур көшеси М.Горкий
Бағдар: Голубой экран

Реклама
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️«Ол кеттик деди!»

Буннан 62 жыл алдын Юрий Гагарин Жерди космостан көрген ең биринши адам болған еди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
🎧Шыпакер қулақшынларда қанша ўақыт музыка тыңлаў мүмкин екенлиги ҳаққында айтты

Қәнигелер 60/60 қағыйдасына әмел етиўди усыныс етеди: музиканы 60 минуттан өткермей, 60 процент даўыс пенен тыңлаң, кейин 5-10 минут дем алың.

Максимал 60 проценттен аспаған даўыс бәлентлиги қәўипсиз есапланады. Егер музиканы қаттырақ тыңласаңыз, әсиресе 85 децибелден жоқары болса, еситиў қәбилетине зыян жеткериў қәўпи сезилерли дәрежеде артады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
Беруний районында жаңа бақша имараты бой тикледи

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фондының қатнасыўында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар, Беруний районы «Шимом» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң қурылыс жумыслары басланған еди.

Жойбар бойынша 4 млн. доллардан аслам қаржы ажыратылған объект 90 орынға мөлшерленген болып, қурылыс жумыслары жуўмақланыў алында тур. Тез арада толық пайдаланыўға тапсырылады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!