Мәжилис энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўға қаратылды
Мойнақ районы прокуратурасы тәрепинен бүгин, 2024-жыл 27-август күни Мойнақ районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими ҳәм усы бөлимге қараслы билимлендириў мәкемелери хызметкерлери қатнасында энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, атап айтқанда, мектеп ҳәм бақшалар, сондай-ақ турақ жай ишиндеги қазанханаларды сыртқа көшириў, қазанханаларға тежемли горелкалар орнатыў, морыларды тазалаў ҳәм басқа әҳмийетли мәселелер бойынша мүддетли ҳәм анық тапсырмалар берилди.
muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мүрәжатлар нызамлы жол менен шешиледи
Бүгин Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы имаратында пуқаралар қабыллаўы өткерилди. Онда пуқаралардың мүрәжатларын үйрениў ҳәм унамлы шешиў ушын Мойнақ районы ҳәкими ҳәм секторлар басшылары, мәкеме, кәрхана баслықлары қатнасты. Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен материаллық жәрдем, емлениў, турақ жай оңлаў, бәнтлик, исбилерменлик, сыяқлы басқа да мәселелер бойынша 10нан артық мүрәжатлар тыңланды. Айырым пуқаралардың мүрәжатлары қосымша үйрениў ушын жуўапкерлерге бағдарланды. Нызамлы түрде шешилиў имканы болмаған мүрәжатлар бойынша пуқараларға тийисли тәртипте түсиниклер берилди. Орынланыўы ушын мүддет талап етилетуғын мәселелер бойынша жуўапкерлерге мүддет белгиленген ҳалда тапсырмалар берилип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

Мойнақта биринши рет кубик-рубик интеллектуал ойыны өткерилди
Мойнақ ҳәм Арал МПЖлар жаслар жетекшилери басламасы менен Мойнақ районы жаслар арасында биринши рет КУБИК-РУБИК интеллектуал ойыны бойынша беллесиў шөлкемлестирилди.
Кубик-рубик механикалық басқарқатырма болып, 1974-жылы венгриялық мүсинши, архитектура оқытыўшысы Эрно Рубик тәрепинен ойлап табылған.
Өткерилген ойын жуўмағында Тынышбаев Фурқат 43 секундта кубикти жыйнап 1-ойынды,
Маулембергенов Абзал 47 секундта кубикти жыйнап 2-орынды, Сагынбаев Рамазан 50 секундта кубикти жыйнап 3-орынды ийелеўге еристи.