23 пуқара турақлы жумысқа жайласыў ушын жолламаға ийе болды

Бүгин Мойнақ районы Мәденият орайында мийнет ярмаркасы өткерилди. Мийнет ярмаркасына район бойынша 33 кәрхана ҳәм шөлкемлерден 134 бос жумыс орны усынылды. Илажға 92 та жумыссыз пуқара ҳәм жоқары оқыў орны питкериўшилери қатнасты. Нәтийжеде 23 пуқара турақлы жумысқа жайластырыў ушын жолламаға ийе болды. Соның менен бирге, жумыссыз үш ҳаял-қызға тигиў, торлаў машиналары ҳәм компьютер топламы берилди. Енди олар өзин-өзи бәнт етип, хожалығы ушын дәрамат таўады. Мойнақ районында пуқаралар бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде қайта кәсипке оқытыў системасы нәтийжели жолға қойылған. Бул бағдарда заманагөй үскенелер менен тәмийинленген моно орай шөлкемлемлестирилип, тигиўшилик жөнелиси, аспазлық, компьютер, ҳаяллар гөззалық салоны, сантехника ҳәм немис тили курслары бойынша район турғынлары билим ҳәм тәжирийбелерин жетилистирип келмекте. Ярмаркада мине усылар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
#Байрамға_мирәт_етемиз!

Ҳүрметли районымыз турғынлары!

Сизлерди 28-август күни саат 18:00 де Мойнақ районы орайлық Амфитеатрында  Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен  «Бир болсақ-бир халықпыз, бирлессек-Ўатанбыз!» сүрени астында өткерилетуғын байрам кешемизге бәршеңизди мирәт етемиз!

Байрамға елимизге белгили  эстрада жулдызлары өзлериниң косықлары менен қатнасады.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Автомобиль басқарыўшылары дыққатына!

Бүгин, 28-август күни Мойнақ районында  Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен автомобиль жолларында ҳәрекетлениў ўақытша тоқтатылады.

Саат 19:00 ден 22:00 ге шекем "Әжинияз" көшеси бойындағы "Тентек арна" көшесиниң кесилиспеси менен Мәжбүрий орынлаў бюросы имараты алды  аралығы автомобиль жолы ўақытша жаўылады.

Хабарды автомобиль басқарыўшы жақыныңызға жибериўди умытпаң!

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Аселя Дәўлетбаеваға турақ жай саўға етилди

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен бағыўшысын жоғалтқан жасларымызды социаллық жақтан қорғаў, оларды турақ жай менен тәмийинлеў мақсетинде Аселя Дәўлетбаеваға турақ жай саўға етилди.

Илажға район ҳәкими Б.Менглибеков, секторлар басшылары ҳәм «Инсан» социаллық хызметлер орайы директоры, А.Даўлетбаеваның жақынлары ҳәм нураныйлар қатнасты.

Бундай дыққат, итибар ушын Даўлетбаева Аселя Сансызбай қызы Ҳүрметли Президентимиздиң, инсанды социаллық қорғаў жолында мийнет етип атырған басшылардың көрсетип атырған ғамхорлығы ушын өзиниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.

Ҳақыйқатында да, Мойнақ районында алып барылып атырған бундай ийгиликли ислер инсан қәдири принципи тийкарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырғанының айқын мысалы бола алады.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Har safar “Sharq taronalari” festivalida Samarqandni sehrli kuy-ohanglar chulg'ab oladi. Mana, kecha ham Registon maydonida yana ertakona muhit hukm surdi 🎶

Bu bayram birdamlik, hamjihatlik kayfiyatini baxsh etuvchi musiqa va madaniyatdan bahramand boʻlish uchun noyob imkoniyatdir🙏🏼

——

Каждый раз во время фестиваля «Шарк тароналари» Самарканд захватывают волшебные мелодии и ритмы. Вот и вчера площадь Регистан вновь наполнилась атмосферой сказки 🎶

Это уникальная возможность насладиться музыкой и культурой, создающими дух единства и взаимопонимания🙏🏼