Ўзбекистон Республикаси Қуролли Кучлари ташкил этилганининг 32 йиллиги ва Ватан ҳимоячилари куни муносабати билан байрам табриги
—
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгениниң 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter

Ҳүрметли Ўатан қорғаўшылары!
Қәдирли Ўатанласлар!
Сизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгенлигиниң 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаймыз.
Бәршени дөретиўшилик ислерге руўхландыратуғын бийбаҳа байлығымыз – бул елимиздиӊ тынышлығы, миллетлер аралық дослық ҳəм халқымыздың абадан турмысы болып табылады.
Солай екен, ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып киятырған Ана-Ўатанымызды қәстерлеп-сақлаў, елимиздиң тынышлығын тәмийинлеўде сиз пидайы инсанлардың мийнетлериңиз айрықша.
Биз сизлердиң тымсалыңызда миллий армиямызға таўдай таяныш болып турған уллы руўхый күшти көремиз.
Әскерий тараўды раўажландырыў, оның күш-қудиретин арттырыў бағдарындағы жумыслар, халқымыз тынышлығын қорғаўдағы ийгиликли ислер "Халық пенен армия - бир пүтин" деген уллы идеяны әмелде тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Ҳүрметли Ўатан қорғаўшылары!
Сизлерди және бир мәрте Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 32 жыллығы ҳәмде Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен қутлықлап, елимиз абадан, аспанымыз ашық, тынышлығымыз мәнги болыўын тилеп қаламыз.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Ҳүрметли әскер ҳәм сержантлар, офицер ҳәм генераллар!
Қәдирли Қураллы күшлеримиз мақтанышлары!
Әзиз жерлеслер!
Сизлерди Қураллы Күшлеримиздиң дүзилгенине 32 жыл толыўы ҳәм "14-январь - Ўатан қорғаўшылар күни" байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлайман.
Бүгинги күнде республикамыздың ҳәр бир пуқарасы әсиресе, жасларымыз, ели, халқы менен мақтаныш етиў, оның келешеги жолында пидайы мийнет етиў, Ўатанға болған муҳаббаты ҳәм садықлық сезимлерин терең уғыўлары шәрт.
Өйткени, «Ер жигит ели ушын туўылады, Ел ушын жанын пидә етеди» дегениндей ҳәр қандай миллеттиң, халықтың перзенти усы миллетти, усы халықты асырап абайлаўы ушын жасаўы керек.
Мине усы идея әтирапында бирлескен халықты ҳеш қандай күш жеңе алмайтуғынлығы сөзсиз.
Ҳүрметли ўатанымыз қорғаўшылары!
Сизлерди бүгинги байрам менен және бир мәрте қутлықлап, шаңарағыңызға аманлық, беккем ден саўлық, жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен!
Аспанымыз ашық, суўымыз мол, тынышлығымыз мәңги болсын!
Бахтияр Менглибеков, Мойнақ районы ҳәкими.

БАЙРАМЫҢЫЗ ҚУТЛЫ БОЛСЫН ЖИГИТЛЕР!!!
Ийинде көтерип Ўатанның жүгин,
Ыссы, суўықта да билмейсиз тыным,
"Ўатан қорғаўшылар" байрамы бүгин,
Байрамыңыз қутлы болсын, жигитлер!
Қыйын демлерге де бересиз шыдам,
Қайғы-ғамды ишке жутасыз мудам,
Бәрше ҳаял заты гүўадур буған,
Байрамыңыз қутлы болсын, жигитлер!
Саўға етпеў мүмкин зәўлим зор сарай,
Бирақ, турмыс жүгин етеди бәржай,
Жумыстан асыққан үйине қарай,
Байрамыңыз қутлы болсын, жигитлер!
Теңдей тартқан хожалықтың арбасын,
Қәстерлеген үйде өмир жолдасын,
Азаматлар билегиңиз талмасын,
Байрамыңыз қутлы болсын, жигитлер!
Мийнет етип ҳәрбири ҳәр тараўда,
Ўақыт таппас денсаўлыққа қараўға,
Тайын Ўатан хызметине жараўға,
Байрамыңыз қутлы болсын, жигитлер!
Қарындасқа қалқан, намыс-ар болың,
Қостарыңа ҳәм опалы яр болың,
Ата-ана бахты ушын бар болың,
Байрамыңыз қутлы болсын, жигитлер!
Алия Бекмағанбетова, Қазақдәрья аўылы
Ийинде көтерип Ўатанның жүгин,
Ыссы, суўықта да билмейсиз тыным,
"Ўатан қорғаўшылар" байрамы бүгин,
Байрамыңыз қутлы болсын, жигитлер!
Қыйын демлерге де бересиз шыдам,
Қайғы-ғамды ишке жутасыз мудам,
Бәрше ҳаял заты гүўадур буған,
Байрамыңыз қутлы болсын, жигитлер!
Саўға етпеў мүмкин зәўлим зор сарай,
Бирақ, турмыс жүгин етеди бәржай,
Жумыстан асыққан үйине қарай,
Байрамыңыз қутлы болсын, жигитлер!
Теңдей тартқан хожалықтың арбасын,
Қәстерлеген үйде өмир жолдасын,
Азаматлар билегиңиз талмасын,
Байрамыңыз қутлы болсын, жигитлер!
Мийнет етип ҳәрбири ҳәр тараўда,
Ўақыт таппас денсаўлыққа қараўға,
Тайын Ўатан хызметине жараўға,
Байрамыңыз қутлы болсын, жигитлер!
Қарындасқа қалқан, намыс-ар болың,
Қостарыңа ҳәм опалы яр болың,
Ата-ана бахты ушын бар болың,
Байрамыңыз қутлы болсын, жигитлер!
Алия Бекмағанбетова, Қазақдәрья аўылы
🏵️ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МОЙНАҚ РАЙОНЫ “MUYNAK CITY” ФУТБОЛ КЛУБЫ
⚡️2024-жыл “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” мүнәсибети менен ҳәм райондағы жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде райондағы бәрше МПЖ ҳәм АПЖ лар арасында спорттың “Киши футбол” түринен өткерилген жарыслар өз жуўмағына жетти.
🥇"Жайҳун" МПЖ;
🥈"Мойнақ" МПЖ;
🥉"Дослық" МПЖ.
🏆Жеңиске ерискен топарларды шын жүректен қутлықлап қаламыз!
☝️Мойнақ районындағы соңғы спорт жаңалықлары, биринши бизде!
✍️Мойнақ спорты мәлимлеме хызмети!
📲@MOYNAQSPORT

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!
Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң 81-сессиясы 2024-жыл 15-январь күни саат 11:00 да район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында ашылады.
Сессия ҳәкимликтиң facebook каналы арқалы тиккелей эфирде жарытып барылады.
https://www.facebook.com/profile.php?id=100088967215883&mibextid=ZbWKwL
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.
muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

🎗️Жарыс жуўмағында “MUYNAK CITY” клубымыз басшылары атынан жасы үлкен устазларымызға ҳүрмет көрсетилди ҳәм қәўендерлерге бир қанша саўғалары тапсырылды. Соннан соң жарыста жақсы ойын көрсеткен бирқанша ойыншыларды хошаметлеў салтанаты болып өтти.
🎖️Ең жақсы ойыншы Оралбаев Ислам (Мойнақ МПЖ);
🎖️Ең жақсы топ урар Өмирбеков Оразбек (Жайҳун МПЖ);
🎖️Ең жақсы Дәрўазашы Қыпшақбаев Полат (Жайҳун МПЖ).