Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Ички ишлар вазирлигининг 2023-йил 9-октябрдаги “Йўл-патруль хизмати ходимлари учун маҳаллаларни қамраб олувчи жавобгарлик ҳудудларини белгилаш тўғрисида”ги 554- сонли буйруғи ижросини таъминлаш юзасидан Мўйноқ тумани содир бўлган йўл транспорт ходисалар бўйича тумани ИИБ ЙХХГ катта инспектори Р.Кенгисбаев 2023-йил давомида амалга оширган ишлари тўғрисида ҳисобат берди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Мойнақ районы «Тоқпақ ата» жәмәәт мешити имам ҳәтиби Рахимжан ТЛЕУБАЕВ: Ўатанды қорғаў – муқаддес миннет!

📍https://muynak.uz/7681.html

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Ўатан ушын хызмет еткен жигитлер!

Мәрт болып туўылыў жекке, сийрекдур,
Елдиң елеўлиси, елим деген ерлер,
Көп халық алдында қарыз, парызын,
Ўатан ушын хызмет еткен жигитлер.

Нәўқыран кәмил инсан болып жасыннан,
Китап, қәлемиңди таслама ҳаслан,
Ўатан - анаң, тамыр жайған топырағың,
Ўатан ушын хызмет еткен жигитлер.

Қыран қус нәзери шыңларды гөзлер,
Шайыр халқы мудам ҳақ сөзди сөзлер,
Аталар ерлигин туў етип көтер,
Ўатан ушын хызмет еткен жигитлер.

Ер жигит еңсесинде ел мәпи турар,
Мәртлер болар халқына қалқан ҳәм қурал,
Халқының исеними - табысына тийкар,
Ўатан ушын хызмет етер жигитлер.

Ержүрек мәрт улы менен мақтансын Ўатан,
Туўған перзентине сүйсинсин анаң.
Жетилсин ҳәмийше жигериң, санаң,
Ўатан ушын хызмет еткен жигитлер.

Пүткил әлем ҳәўес етсин Сизлерге,
Арыслан жүрекли жасты ертиң излерге,
Байрам қутлықлаўы - тилек Сизлерге,
Бахтың, тахтың мәңги болсын жигитлер.

Тыныш елдиң бахты қуўанышында,
Ўатан қорғаўшылар салтанатында,
Аналар әрманы  - перзент камалы,
Ўатан ушын хызмет еткен жигитлер.

Күнсулыў Насырова, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы ағзасы, “Дослық” ордени, "Шуҳрат" медалының ийеси, шайыра.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы
📸Мойнақ: кеше, бүгин! Мойнақ районы орайындағы муқаддес орынлардың бири - Тоқпақ ата жaме мешитиниң ески ҳәм жаңа имараты ҳаққында нелерди билесиз ҳәм қандай мағлыўматларға ийесиз? Мойнақ районындағы мусылманлар ибадатханасы есапланған Тоқпақ ата жaме мешити…
📸Мойнақ: кеше, бүгин!

Мойнақтағы СТКӨ колледждиң алдыңғы көриниси есиңизде ме? Бүгин усы билимлендириў орнында оқып атырған Сизиң перзентиңизге қандай шараятлар жаратылғанын билесиз бе?

Бул район орайындағы Мойнақ кәсип-өнер мектебиниң кешеги ҳәм бүгинги көриниси. Имарат 2000-жылы қурылған. 2001-жылы Мойнақ санаат транспорт кәсип өнер колледжи болып иске түскен. 2020-жылдан баслап Мойнақ кәсип-өнер мектеби атына өзгертирилди.

Мектеп 600 оқыўшыға мөлшерленген. Оқыў орнында 12 педагог-оқытыўшылар ҳәм 6 өндирис усталары оқыўшыларға тәлим, тәрбия менен бир қатарда кәсипке таярлап келмекте.

2015-жылы инвестициялық бағдарламалар тийкарында 816 млн. сўм қаржыға капитал ҳәм 2020-жылы жергиликли бюджет есабынан 300 млн.сўм қаржыға мәжилислер залы, жатақхана ҳәм асхана ушын оңлаў жумыслары алып барылды.

Басламалы бюджет тийкарында 2023-жылы мектеп оқыўшыларына 700 млн. сўм қаржыға автодром қурып берилди.

П.Мырзамуратова, ҚМУ Журналистика қәнигелиги студенти

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
#Жаслар_минбери

Мойнақлы жаслар инглис тилинен максимал балл топлаўға ериспекте

- Бул дегени жоқары оқыў орнына кириў ушын тест сынақларынан өтип атырған пайытта инглис тилинен тест тапсырмастан максимал балл алыў дегенди билдиреди. Әлбетте, бул мәмлекетимиз тәрепинен шет тиллерине қызығыўшы жасларға жаратылған имканиятлардың бири. Мен де усы имканияттан нәтийжели пайдаланған ҳалда инглис тили бойынша халық аралық IELTS сертификатын алыўға миясар болдым. Бул мениң шет тили бойынша дәслепки жетискенлигим ҳәм буннан да жоқары нәтийжелерге ерисемен- дейди мойнақлы жаслардың бири Тилеубаева Сахибжамал өзине болған исеним менен.

Билим - таўсылмас ғәзийне. Оны қанша сарплап, қанша жумсаған сайын азаймайды. Билим - ушсаң қанат, тоңсаң - кийим, жесең - нан. Әҳмийетлиси, жасларымыздың бүгин үйренген билими - ертеңги келешегиниң дәраматы. Жетискенликке ерисип атырған мине усындай жаслардың ҳәрбири районның мақтанышы! Қуўанышлысы, шет тилин жетик меңгерип атырған жаслардың саны районымызда көбейип атырғанында.
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
Мойнақ районы медицина бирлеспесинде қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары тийкарында Мойнақ районлық Медицина бирлеспесине қараслы Көп тармақлы поликлиникасы, хирургия ҳәм қыстаўлы қабыллаў бөлимлерин оӊлаў белгиленген болып, буның ушын 5 млрд. сум қаржы ажыратылды.

Ҳәзирги ўақытта оңлаў жумысларының жуўмақлаўшы басқышлары алып барылып атыр ҳәм қурылыс объекти пайдаланыўға тапсырылыў алдында тур.

Мўйноқ тумани тиббиёт бирлашмасида қурилиш ишлари якунланиш арафасида

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Президиумининг қарори асосида Мўйноқ туман Тиббиёт бирлашмасига қарашли Кўп тармоқли поликлиника, хирургия ва тез тиббий ёрдам бўлимларини таъмирлаш белгиланган бўлиб, бунинг учун 5 млрд. сўм маблағ ажратилди. 

Ҳозирда таъмирлаш ишларининг якунловчи босқичлари олиб борилмоқда ва қурилиш объекти фойдаланишга топширилиш арафасида.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Onlayn
#Moynaq_rayonı.
#Xalıq_hám_armiya_bir_tán_bir_jan

«Jańa turmıs ushın, Jańa Ózbekstan ushın!» súreni tiykarında Moynaq rayonı “Tallı ózek” MPJ aymaǵındaǵı  qánigelestirilgen bilimlendiriw mákemeleri agentligine qaraslı Moynaq rayonı qánigelestirilgen mektebinde Ózbekstan Respublikası Qurallı kúshleri dúzilgeniniń 32 jıllıǵı hám "14-yanvar - Watan qorǵawshılar kúni" múnásibeti menen "Xalıq hám armiya - bir tán, bir jan!" atamasında mádeniy, ruwxıy-aǵartıwshılıq ilajı bolıp ótpekte.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
#Onlayn
#Xalıq_hám_armiya_bir_tán_bir_jan

«Jańa turmıs ushın, Jańa Ózbekstan ushın!» súreni menen ótkerilip atırǵan ilajlar soraw juwaplar sheńberinde ushırasıw bolıp ótpekte

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter