Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
«Нөкис – Маңғыстаў – Нөкис» жөнелисинде дәслепки поезд Нөкис қаласына жетип келди

Мәмлекетимиз басшысының қоллап-қуўатлаўы менен Қазақстан Республикасының Маңғыстаў ўәлаяты, Ақтаў қаласына «Нөкис – Маңғыстаў – Нөкис» жөнелисинде жолаўшы поездлериниң қатнаўы жолға қойылды.

Бүгин усы поезддиң дәслепки рейси Нөкис қаласына жетип келди.

«Нукус – Манғистау – Нукус» йўналишида дастлабки поезд Нукус шаҳрига етиб келди

Давлатимиз раҳбарининг қўллаб-қувватлаши билан Қозоғистон Республикасининг Манғистау вилояти, Ақтау шаҳрига «Нукус – Манғистау – Нукус» йўналишида йўловчи поездлар қатнови йўлга қўйилди.

Бугун мазкур поезднинг дастлабки рейси Нукус шаҳрига етиб келди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
«Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Тлеубаевич Орынбаев «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#қутлықлаймыз

Мойнақта гигант асқабақлар жетистирип, социаллық тармақлар арқалы елимизге таныс болған Джангабаев Ерназар Аманбаевич «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды

Ол бул медаль Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетлик хызметкерлер ҳәмде ислеп шығарыў ҳәм социаллық-экономикалық тараўлар қәнигелериниң бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы Пәрманына тийкар сыйланбақта.

Е.Жангабаев ҳәр бир қарыс жерди бос қалдырмай, дийханшылық ҳәм шарўашылықтан басқа қусшылық, қояншылық пенен шуғылланады 1 гектарға шамалас қыйтақ жери бар. Сатыўға 15 тонна биогумус таярлаған. Жәми 200 түп терегииниң соннан қырығы мийўе терек. Ыссыханада қулпынай, қыяр, пияз өнимлери ҳәм ҳәр жылы салмағы 25-30 кг. тас басатуғын гигант асқабақларды жетистирип келмекте.

(Видеода сәўлеленген көринислер усы жылдың март айында каналымызда жәрия етилген материал)

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетлик хызметкерлер ҳәмде ислеп шығарыў ҳәм социаллық-экономикалық тараўлар қәнигелериниң бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы Пәрманы

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Эл-юрт ҳурмати» ордени менен:

Абдижаббаров Турсынбай - «Нураний» фондының Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы;

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен:

Орынбаев Аманбай Тлеубаевич - Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы;

«Дўстлик» ордени менен:

Ахмедова Марям Халилаевна - Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы;

Гобенова Нигаргул Мирзабаевна - Нөкис қаласындағы «Алтын жағыс» мәҳәлле пуқаралар жыйыны баслығы;

Кошеров Жеңис Андреевич - «Устюрт излеў-бурғылаў басқармасы» ЖШЖниң бурғылаў бригадасы инженер-механиги;

«Содиқ хизматлари учун» медали менен:

Алдамуратов Бахитбай Умирзакович - Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитети ағзасы;

«Жасорат» медали менен:

Латипов Тухтабай Умирбекович - Төрткүл районындағы қыйтақ жер ийеси;

«Шуҳрат» медали менен: (100 жастан асқанлар)

Абдуллаева Саадат - Төрткүл районы;

«Шуҳрат» медали менен:

Бабажанов Бахит Сапарниязович - «Қарақалпақ суў тәмийнаты» акцийонерлик жәмийети Шымбай районы бөлими экскаватор машинисти;

Джангабаев Ерназар Аманбаевич - Мойнақ районындағы қыйтақ жер ийеси;

Исмамутов Жаңабай Бахитбаевич - Тахтакөпир районындағы «Өзбекстан» мәҳәлле пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси;

Каримов Пулат Абдирахманович  - Беруний районындағы «Акром» фермер хожалығы баслығы;

Усманов Дилмурод Тухтабаевич - Тахтакөпир районындағы «Арол-агро» жуўапкершилиги шекленген жәмийети бас директори.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#қутлықлаймыз

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы мүнәсибети менен илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, әдебият, мәденият, көркем өнер тараўлары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында

Мойнақ районы Медицина бирлеспеси баслығының аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша орынбасары

Турдибаева Раънохон Азимжановна

II даражали «Соғлом авлод учун» ордени менен сыйлықланады.

Өз тараўының пидайысы болған Турдибаева Раънохон Азимжановнаның ерисип атырған табысы менен қутлықлап, жуўапкершиликли ҳәм машақатлы жумысларында табыслар тилеймиз!

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллығына мүнәсип таярлық көриў мақсетинде «Мәҳәлле абат - журт абат» сүрени астында елимиз бойлап өткерилип атырған улыўмахалықлық шембилик илажларына Мойнақ район турғынларын белсене қатнасыўға шақырамыз!

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Устазлар миллий форумы өткерилди

Бүгин, 24-август күни 2024-2025-оқыў жылы алдынан III Устазлар миллий форумы өткерилди. Онда Мойнақ районы ҳәкиминиң биринши орынбасары Дин-Ахмед Нурманов қатнасып, район ҳәкиминиң устазлар миллий форумының салтанатлы байрам кешесине бағышланған билимлендириў тараўы хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди. Онда соңғы жылларда өзлериниң билими, ис-тәжирийбеси ҳәм инсаныйлық  пазыйлетлери менен көзге түсип киятырған оқытыўшылардың абыройын көтериў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айырықша итибар қаратылып киятырғаны, ертеңги келешегимиз болған жас әўладты ҳәр тәреплеме жетик, заманагөй билимге ийе, жоқары мәдениятлы ҳәм Ўатанымыздың ҳақыйқый перзенти етип тәрбиялаўда жаратып берилип атырған шараятлар атап өтилди. Сондай-ақ, сөзге шыққанлар районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими хызметкерлерин мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы ҳәм билимлер күни байрамы менен шын кеўилден қутлықлады.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мойнақ районы турғынлары физикалық таярлық дәрежесин сынақтан өткерди

🏵️Мойнақ районында ғалабалық спортты ен жайдырыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бағдарында районымыз турғынларының бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде физикалық таярлық дәрежеси бойынша спорт сынақлары болып өтти.

🤩Спорт сынақлары районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар, Спорт бөлимлери менен биргеликте шөлкемлестирилип, спорт сынақларына 30 дан 70 жасқа шекемги мәҳәлле турғынлары белсене қатнасты.

Илаждың ашылыў салтанатында Мойнақ районы ҳәкиминиң орынбасары Б.Жамалова ҳәм жасы үлкен нураныйларымыз шығып сөйлеп, инсан ушын спорттың ден саўлыққа пайдасы, оның менен турақлы шуғылланыў ушын мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған шараятларға тоқтап өтти.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
#Онлайн
#шембилик
#Мойнақ_районы

Мойнақ районында «Мәҳәлле абат - журт абат» сүрени астында улыўмахалықлық шембилик болып өтпекте

Ғәрезсизлик байрамының 33 жыллығына мүнәсип таярлық көриў мақсетинде бәрше мәҳәллелерде, турақ жайлар, аллеялар, зыярат орынларында абаданластырыў жумыслары аўызбиршилик пенен алып барылмақта.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter