#Шембилик
#Мойнақ_районы

Мойнақ районында «Мәҳәлле абат - журт абат» сүрени астында өткерилип атырған улыўмахалықлық шембилик шеңберинде «Азада шаңарақ» акциясы шөлкемлестирилип, онда мәҳәллелерде жасаўшы ҳаял-қызлар турақ жайлары әтирапларында, көп қабатлы турақ имаратларында абаданластырыў жумысларын алып барды. Шембилик илажларына нураныйлар белсене қатнаспақта.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
#Онлайн
#шембилик
#Мойнақ_районы

Мойнақ районында «Мәҳәлле абат - журт абат» сүрени астында улыўмахалықлық шембилик болып өтпекте

Ғәрезсизлик байрамының 33 жыллығына мүнәсип таярлық көриў мақсетинде бәрше мәҳәллелерде, алыс аўылларда, турақ жайлар, аллеялар, зыярат орынларында абаданластырыў жумыслары аўызбиршилик пенен алып барылмақта.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#шембилик
#Мойнақ_районы

Бизге жоллайды

Мойнақ районында «Мәҳәлле абат - журт абат» сүрени астында улыўмахалықлық шембилик илажлары даўам етпекте.

Ғәрезсизлик байрамының 33 жыллығына мүнәсип таярлық көриў мақсетинде бәрше мәҳәллелерде, әсиресе, Ҳәким ата ҳәм Қызыл жар АПЖ аймақларында абаданластырыў жумыслары аўызбиршилик пенен алып барылмақта.

Бул илажлардың шөлкемлестириўинде көше бийлери ҳәм көше басы ҳаяллары өзлериниң үлесин қоспақта.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Туризм жөнелиси бойынша меморандум имзаланды

"Muynak tour" туристлик компанияси Бекжанова Амина Каримбаевна өз искерлиги даўамында 25 жумыссыз жасларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеген, республикамызға келген туристлерге жәми 12 жөнелис бойынша хызмет көрсетеди.

2023-жылы 20-август исбилерменлер күни байрамы мүнәсибети менен Президентимиз тәрепинен “Дослық” ордени менен сыйлықланды.

Алдағы ўақытта туризм тараўында санлы технологияларды қолланыў, ҳаял-қызлар ҳəм жаслардың кəсиплик шеберлигин асырыў, туризм жөнелиси бойынша исбилерменликти раўажландырыў бағдарында  Мойнақ районы жаслары ҳəм ҳаял-қызларының билимин ҳәм тәжирийбесин жетилистириўди мақсет еткен.

Мойнақ районы ҳәкимлиги ҳәм "Muynak tour" туристлик компанияси тәрепинен усы мақсетлерди гөзлеген туризм жөнелиси бойынша меморандум имзаланып, бирге ислесиў бойынша жобалар режелестирилип алынды.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын жаңадан қурыў жумыслары даўам етпекте

Президентимиздиң басламасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы қарарына тийкар Мойнақ районы аймағында Ташкент ўәлаятының 14,6 млрд. сум қаржылары тийкарында жәми 793 турақ жайдың оңланыўы белгиленип, соннан 651 жай шиферланыўы, 142 үй жаңадан қурып берилиўи режелестирилген еди.

«Жайҳун» МПЖда жасаўшы Абылаева Ырысгүлдиң де турақ жайы қарар тийкарында жаңадан салынып берилмекте.

Халқымыздың турмысынан разылығын тәмийинлеў, олардың абаданлығы жолында барлық илажларды көриў бүгинги күнниң әдиўли ўазыйпаларынан саналады ҳәм бул жумыслар еледе даўам еттириледи.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң гезектеги тоқсан тоғызыншы сессиясы өткерилди

Сессия күн тəртибинде  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлығына сайлаў өткериўши участка сайлаў комиссиялары ағзалығына талабанларды усыныў ҳаққында, Мойнақ районы аймағынан «Мениң бағым» жойбарын əмелге асырыў ҳəм шөлкемлестириў илажлары ҳаққында, сондай-ақ, жергиликли бюджеттиң 2024-жыл ушын анықланған еркин қалдық ҳəм де дəраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан қаржы ажыратыў ҳаққында мəселелер көрип шығылды ҳәм тийисли шешимлер қабыл етилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter